← Назад
Решение #2853207 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2152-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 04-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов,
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
(кейин-палата) даўагер "**" АЖниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы
"**" ЖШЖнен 901 587.25 сом қарыз, 90 158,7 сом пеня, төленген почта
қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер "**" АЖниң мәпинде жуўапкер "**" ЖШЖнен
901 587.25 сом қарыз, 90 158,7 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди
сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясы биринши бөлимине
муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының - жигирма барабарынан, жеке тәртиптеги исбилерменлерге
қарата бөлса базалық есаплаў муғдарының - бес барабарынан аспаса, даўа
арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы
лазым.
ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре суд әпиўайыластырылған
ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди
шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шыгып, даўаның талапларын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери почта хызметлеринен
пайдаланыў жүзесинен дүзилген шәртнамасынан келип шыққан.
ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер филиалы ҳәм жуўапкер
орталарында 2023-жыл 13-апрель күни почта жөнетпелерин бирден-бир
миллий дизимнен пайдаланған ҳалда жоллаў ҳаққындағы 340-санлы
шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 4.1-бәнтинде почта жөнетпелерин қағаз
көринисинде басып шығарыў, оны конвертке жайластырыў ҳәм алыўшыларға
жеткизип бериў (үш дана) баҳасы қосымша қүн салығы менен 6 800 сомды
қураған.
Иске қосылған 2025-жыл 30-апрель күнине дүзилген салыстырыў
актинде жуўапкердиң даўагер алдында жәми 901 587,25 сом муғдарындағы
қарызы көрсетилген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы 2025-жыл 16-май күнги даўагердиң 3510/664-санлы талапнамасы жуўапсыз қалған яғный, төлемлер әмелге
асырылмаған. Сонлықтан төлем әмелге асырылмағаны себепли оны ондириў
талабы тийкарлы табылады.
Шәртнаманың 6.1-бәнтине муўапық, төлеўди кешиктиргени ушын
0.1% есабынан бирақ кешиктирилген сумманың 10% аспаған жағдайда
жуўапкерге неустойка төлеў миннетлемеси жүкленген. Бул жағдайда даўа
арзада 90 158,7 сом пеня талап қылынғаны тийкарлы табылады.
Солай етип, суд даўаның талапларрын қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 901 587.25 сом қарыз, 90 158,7 сом пеня, 41 200 сом почта
қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 2031 2035-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза талаплары қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы "**" ЖШЖнен "**" АЖниң пайдасына 901 587.25 сом
қарыз, 90 158,7 сом пеня, 41200 сом почта қәрежети өндирилсин.
"**" ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов