Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/1209 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 099af3d2-ee6d-415c-bc62-499e9f2fee60 Claim ID PDF Hash 0ab4f12df3baca29... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1209-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 4-ноябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили З.Х*** (2025-жыл 28-январь күнги 40-02/15санлы исеним хат)тың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер «Ѳ***» АКБтиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер жеке исбилермен Ю*** Н*** К***дан 16 331 152,07 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарыздарлығын ҳәм 6 348 395,45 сом мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер «Ѳ***» АКБ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкер жеке исбилермен Ю*** Н*** К*** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)дан 16 331 152,07 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарыздарлығын ҳәм 6 348 395,45 сом мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған. Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты. Бүгинги суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте хабардар қылынған болса да, өз ўәкилиниң суд мәжилисинде қатнасыўын тәмийинлемеди. Сол себепли, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық исти оның ўәкили қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелери турақлы түрде бузылып келингенлигин, жуўапкер тәрепинен график бойынша кредит қарыздарлықлары бүгинги күнге дейин қысман төлеп берилгенлигин, бул жағдайлар судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арзасын қысман қанаатландырыўды сорады. 2 Суд даўагер ўәкилиниң түсиндириўлерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер ортасында 2024-жыл 23-апрель күни дүзилген 60-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк хызметлери орайы тәрепинен жуўапкерге жыллық 28% бенен 24 ай мүддетке 90 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылып, шәртнама миннетлемелери толық орынланған. Кредит шәртнамасының 1.1 ҳәм 4.2.1-бәнтлерине муўапық жуўапкер кредитти ҳәм ол бойынша есапланған пайызларды усы шәртнамада белгиленген мүддетлерде ҳәм муғдарда толық қайтарыў миннетлемелерин алған. Кредит шәртнамасының 2.6-бәнди ҳәм оған қосымша етилген графикке тийкар жуўапкер кредит ҳәм оған есапланылған пайызларды ҳәр айдың 5-сәнесинде тѳлеп барыўы лазым болған. ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы шәртлери турақлы түрде бузылып келинген ҳәм нәтийжеде 2025-жыл 8-октябрь күнине оның даўагер алдында 44 555 200,01 сом тийкарғы кредит қарызы, соннан 16 331 152,07 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 6 348 395,45 сом мүддети ѳткен пайыз бойынша, жәми 50 903 595,46 сом қарыздарлығы пайда болған. Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. «Ө***» АКБ Қарақалпақстан регионаллық филиалының 2025-жыл 4ноябрь күнги 63-1-25-63/1916-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, 3 жуўапкер тәрепинен бүгинги күнги ҳалатқа 40 935 200,01 сом тийкарғы кредит қарызы, соннан 12 711 152,07 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 6 087 497,12 сом мүддети ѳткен пайыз бойынша, жәми 47 022 697,13 сом қарыздарлығы бүгинги күнге дейин тѳленбеген. Сол себепли суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагердиң пайдасына 12 711 152,07 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарыздарлығын ҳәм 6 087 497,12 сом мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығын өндириўди, қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат етилгеннен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 13-октябрь күни автоматик рәўиште қәлиплестирилген 252863144081-инвойс рақамлы квитанция менен 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 453 590,95 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. 4 Жуўапкер жеке исбилермен Ю*** Н*** К***дан даўагер «Ѳ***» АКБтиң пайдасына 12 711 152,07 сом мүддети ѳткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 6 087 497,12 сом мүддети ѳткен пайыз қарыздарлығы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўа арзаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер жеке исбилермен Ю*** Н*** К***дан республика бюджетине 453 590,95 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Қ.О.Хожамуратов