← Назад
Решение #2853349 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1494-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 04 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
К.Данияровтың ҳәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 09
январь күнги 03-03/6-санлы исеним хат тыйкарында)тың қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпакстан
Республикасы
басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң
мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығынан 174 061 553 сом
мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 21 738 570 сом пайыз, жәми
195 800 123 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин
өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық
экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ”
акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер "ХХХХХ" фермер хожалығы
(буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 174 061 553 сом мүддети
тийкаргы
кредит
қарыздарлығы,
21 738 570 сом пайыз, жәми 195 800 123 сом кредит қарыздарлықты ҳәм
төленген почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза
менен мүрәжат еткен.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арза талабын қысман
қоллап, жуўапкер тәрепинен пайыз қарыздарлығы қысман төленгенлигин
билдирип, төленген сумманы шегирген ҳалда кредит қарыздарлығын
өндириўди сорады.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Палата исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына тийкар исти Палата ҳәм
жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис материалларын
үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арза
талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024
жылы 25 январь күни 35-F/Agr b nq- 4802/24-санлы кредит шәртнамасы
дүзилген.
Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта шийки
затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги жанындағы Аўыл
1
хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары
есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет
баллына салыстырғанда нормативлик зүрәәт баҳасының 60 процентине
шекем, таярлаў кәрханасы (фючерс шәртнамасына тийкар пахта
тоқымашылық кластерлери, элита туқымгершилик хожалықлары ҳәм
басқалар) тәрепинен аванс сыпатында жеткерип берилген туқым баҳасын
есапқа алған ҳалда 2025 жыл 01 апрелге шекем жылына 10 пайыз ставкасы
төлеў шәрти менен 268 444 800 сом муғдарында кредит қаржысы
ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки
басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда
ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған
пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе
болады.
Кредит шәртнамасының 1.2-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас
бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм
пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында 174 061 553 сом мүддети тийкаргы
кредит қарыздарлығы, 21 738 570 сом пайыз, жәми 195 800 123 сом мүддети
өткен кредит қарыздарлығы қураған.
Банктиң 2025 жыл 04 ноябрьде берилген мағлыўматнамасында мүддети
өткен тийкарғы кредит қарызы 174 061 553 сом, пайыз қарызы 18 130 648 сом,
жәми кредит қарызы 192 192 201 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек
кредит қарыздарлығы кемейген.
Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм
мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы қысман
қанаатландырылыўы, жуўапкерден банк пайдасына мүддети өткен тийкарғы
кредит қарызы 174 061 553 сом, пайыз қарызы 18 130 648 сом, жәми
192 192 201 сом кредит қарызы өндирилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
2
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер
пайдасына 174 061 553 сом мүддети тийкаргы кредит қарыздарлығы,
18 130 648 сом пайыз, жәми 192 192 201 сом кредит қарыздарлықты ҳәм
төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
3 916 002,46 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179 -статьяларын басшылыққа
алып, суд
қарар
етти:
Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын.
"ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық
“ХХХХХ” пайдасына 174 061 553 сом мүддети тийкарғы кредит қарызы,
18 130 648 сом пайыз, жәми 192 192 201 сом кредит қарыздарлықты ҳәм
төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
"ХХХХХ" фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 3 916
002,46 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3