Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/2198 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 43a16e16-cdb0-4a94-b918-74cf37ce9dd2 Claim ID PDF Hash 767b83a972b69b7c... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2198-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 4-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси ***, арза бериўши ўәкили *** (2025-жыл 23сентябрь күнги 01/18-3354-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, арза бериўши ***ниң жуўапкер "***" ЖШЖне қарата Жәмийеттиң экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем искерлигин ўақтынша тоқтатып турыў ҳаққындағы арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти *** имаратында көшпели түрде ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Арза бериўши *** (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)не қарата Жәмийеттиң экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем искерлигин ўақтынша тоқтатып турыўды сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талаплары тийкарлы деп, арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болса да, өз ўәкилиниң суд мәжилисинде исеним хат тийкарында қатнасыўын тәмийинлемеди. Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 129, 170-статьяларына тийкар жуўапкер ўәкилисиз көриўди лазым табады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор арзаны қанаатландырыў ҳаққында пикир билдирди. Суд, ис ҳүжжетлерин үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмелерин, прокурор пикирин тыңлап, арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, *** тәрепинен Республика аймағында алып барылған текериў нәтийжесине көре Нөкис қаласы аймағында өз искерлигин алып барып атырған "***" ЖШЖ искерлигин әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7сентябрь күнги «Қоршаған орталықтың тәсирин баҳалаў механизимин жәнеде жетилистириў ҳаққында»ғы 541-санлы Қарарының 2-қосымшасында көрсетилген тийисли категорияға тийкар мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағын алыўы лазым болса да, экологиялық экспертиза жуўмағын алмағанлығы анықланған. Өзбекстан Республикасының «Экологиялық экспертиза ҳаққында»ғы Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи)ның 11-статьясында 2 мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи шәрт болған объектлерге әмелдеги қоршаған тәбыйғый орталықтың жағдайына ҳәм пуқаралардың ден-саўлығына кери тәсир тийгизиўши ислеп турған кәрханалар ҳәм басқа объектлер киретуғынлығы көрсетилген. Нызамның 13-статьясына муўапық, усы Нызамның 11-статьясында көрсетилген объектлерди мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткериў мәжбүрий екенлиги, мәмлекетлик экологиялық экспертизасы Өзбекстан Республикасы Экология қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи мәмлекетлик комитетиниң, ***ниң қәнийгелескен экспертиза бөлимлери тәрепинен өткерилетуғынлығы белгиленген. Усы анықланған жағдайлар бойынша мәмлекетлик экологиялық экспертизасы орайының жуўмағын алыў бойынша жуўапкерге жиберилген 2025-жыл 18-июнь күнги 02-01/18-1993-санлы ескертиў хаты бойынша кемшиликлер сапластырылмаған. Сонлықтан, арза бериўши жуўапкердиң экологиялық экспертиза жуўмағын алғанша искерлигин ўақтынша тоқтатып турыў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат еткен. ЭПКниң 217-статьясына тийкар қоршаған тәбыйғый орталыққа зыянлы кери тәсирин көрсетип атырған объектлер искерлигин тоқтатыў ҳәм (яғный) қайта жәнеде жетилистириў, искерлигин шеклеў, тоқтатып турыў ҳәм кадаған етиў, буннан айырықша жағдайлар, эпидемиялар ҳәмде халықтың өмири ҳәм ден-саўлығы ушын басқа хақыйқый қәўип жүзеге келиўиниң алдын алыў менен байланыслы болған жағдайда искерликти он ис күнинен артық болмаған мүддетке шеклеў, тоқтатып турыў жағдайларынан тысқары, сондайақ, суд нызамшылыққа муўапық басқа ҳуқықый тәсир шараларын да қоллаўы мүмкин. ЭПКниң 222-статьясы үшинши бөлимине көре, ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў туўрысында билдирилген талап қанаатландырылған жағдайда, суд шешиўши қарарының жуўмақлаўшы бөлиминде искерлик шекленетуғын, тоқтатып турылатуғын ҳәм қадаған етилетуғын мүддет көрсетилиўи керек. Солай етип, суд баян етилгенлерге тийкарланып, арза талабын тийкарлы деп таўып, жуўапкердиң искерлигин ўақтынша экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем лекин бир айдан аспаған мүддетке тоқтатып турыўды мақул табады. ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына тең рәўиште олардың мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 19-бәнтине тийкар арза бериўши ҳәм жуўапкер ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажыны өндирмеўди, алдын ала төленген 41 200 сом почта қәрежетин жуўапкерден арза бериўши пайдасына өндириўди лазым табады. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 176-179, 217, 221, 222-статьяларын 3 басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Арза қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" ЖШЖниң искерлиги ўақтынша экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем лекин бир айдан аспаған мүддетке тоқтатып турылсын. Жуўапкер "***" ЖШЖнен *** пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап 10 күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериўи, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўи мүмкин. Судья С.Ниязов