Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2186 Дата решения 04.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 0c40b890-c531-4c06-a894-4135b6b63098 Claim ID PDF Hash 539bf1d82a2e9877... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2186-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 04-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокуроры жәрдемшиси **, арза бериўши ўәкили ** (2025-жыл 23сентябрь күнги 01/18-3354-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерден баслық **, ўәкили ** (2025-жыл 04-ноябрь күнги 17/11-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши **ниң жуўапкер «**» АЖниң искерлигин тоқтатып турыў ҳақкындағы арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин **ниң имаратында ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ** (кейинги орынларда арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судына арзасы менен мүрәжат етип, «**» АЖниң (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи) экологиялық экспертиза жуўмағын алғанға шекем искерлигин тоқтатып турыўды сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талабы үнамлы шешилгенин яғный, экологиялық экспертиза жуўмағы алынғанын билдирип, нызамлы шешим кабыл етиўди сорады. Жуўапкер ҳәм оның ўәкили суд мәжилисинде арзаны қанаатландырмаўды сорады. Прокурор суд мәжилисинде арзаны қанаатландырыўға тийкарлар жоқ екени ҳаққындағы пикирин билдирди. Суд, ис ҳүжжетлерин үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин ҳәм прокурор пикирин тыңлап, арзаны қанаатландырмаўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, арза бериўши тәрепинен Республика аймағында алып барылған үйрениўлер нәтийжесине көре Нөкис қаласында өз искерлигин алып барып атырған жуўапкер искерлигин әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 7-сентябрь күнги «Қоршаған орталықтың тәсирин баҳалаў механизимин жәнеде жетилистириў ҳаққында»ғы 541-санлы Қарарының 2-қосымшасында көрсетилген тийисли категорияға тийкар мәмлекетлик экологиялық экспертиза жуўмағын алыўы лазым болса да, экологиялық экспертиза жуўмағын алмағанлығы анықланған. Нәтийжеде арза бериўши судқа мүрәжат етип, жуўапкердиң искерлигин тоқтатып турыўды сораған. Суд мәжилисинде анықланыўынша, арза талабын қанаатландырыўға тийкарлар жоқ табылады. Себеби арза бериўшиниң 2025-жыл 04-ноябрь күнги 2 01/18-4007-санлы хатында арза талабы шешилгенин мәлим етилген. Бул жағдайда суд арзаны қанаатландырыўсыз калдырады. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлиминиң 19-бәнтине тийкар, ҳуқықый шаралар қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша арза бериўши ҳәм жуўапкер мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилген. Сонлықтан мәмлекетлик бажы өндирилместен қалады. Бирақ төленген почта қәрежети жуўапкерден арза бериўши пайдасына өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179, 221, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «**» АЖнен **ниң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап он күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза берилиўи (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья Б.Баймуратов