← Назад
Решение #2853526 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
****-санлы экономикалық ис Биринши инстанция судында исти
көрген судья – ****
Апелляцияинстанция судында
баянатшы судья– ****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР
БОЙЫНША СУДЛАЎ
КОЛЛЕГИЯСЫАПЕЛЛЯЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
**** жыл4 ноябрь
**** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы судья ****ң басшылығында, коллегия ағзалары****ҳәм ****
ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, прокурор****ң,
даўагер ўәкил****(**** жыл4 ноябрь күнги4-санлы исеним хат
тийкарында),**** (**** жыл 4 ноябрь күнги 7-санлы исеним хат
тийкарында)жуўапкер ўәкили **** (**** жыл 30 октябрь күнги ****-санлы
исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили **** (**** жыл 16 сентябрь
күнги ****-санлы исеним хат тийкарында), **** (**** жыл 19 октябрь күнги
ме/****-санлы исеним хат тийкарында), **** (**** жыл 4 ноябрь күнги ****санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат
палатасы **** Республикасы басқармасы даўагер **** жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер Қоңырат районы
Абаданластырыў басқармасынан **** сом қарыз, **** сом пеня өндириў ****
даўа арзасы бойынша жүритилген ис жүзесинен қабыл етилген Нөкис
районлар аралық экономикалық судының **** жыл 16 сентябрь күнги
шешиўши қарарына наразы болып жуўапкер Өзбекстан Саўдасанаат палатасы
**** Республикасы басқармасы тәрепинен берилген апелляциялық
тәртибиндеги шағымы бойыншавидеоконференциябайланыс режиминдесуд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы **** Республикасы басқармасының
(буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) даўагер ****
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - даўагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер Қоңырат районы
Абаданластырыў басқармасы (буннан кейин текстте - жуўапкер деп
жүритиледи)нан**** сом қарыз, **** сом пеня өндириў **** даўа арзасы
менен экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Судтың **** жыл 18 август күнги уйғарыўы менен даўа предметине
ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында ****
Республикасы Экономика ҳәм финанс финанс министрлиги, Өзбекстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги жанындағы Ғазнашылық
хызмети комитети **** Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы,
Қоңырат районы Ҳәкимлиги даўа предметине арыз қылмайтуғын үшинши
шахслар сыпатындаиске тартылған.
Биринши инстанция судының **** жыл 16 сентябрь күнги шешиўши
қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Даўагер шешиўши қарарға наразы болып апелляция тәртибинде шағым
берген ҳәм шағымда Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң
****-статьясының төртинши бөлимине муўапық, бюджет шөлкемлери ҳәм
бюджет қаржылары алыўшыларының юридик миннетлемелер жүзеге келиўин
тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди ғазнашылық бөлимлеринде дизимнен өткизиў
ушынусы финанс жылының 25 декабрь айынан кешиктирмей
усынатуғынлығы көрсетилгенлигин, тәреплер ортасында дүзилген
шәртнаманы дизимнен өткизиў **** барлығын билдирип, биринши инстация
судының шешиўши қарарын бийкар етиўди сораған.
Суд мәжилисиндеқатнасқанжуўапкер ўәкилинызамлы шешим қабыл
етиўди сорады.
Суд мәжилисиндеқатнасқандаўагерўәкиллери жуўапкерге шәртнамада
белгилеген
тәртипте
қурылыс
өнимлерин
жеткизип
бергенлигинбилдирип,шешиўши қарардыбийкар етиўдисорады.
Суд мәжилисиндеқатнасқан үшинши шахс **** Республикасы
Экономика ҳәм финанс министрлиги ўәкили шәртнама нызамсыз
дүзилгенлигин ҳәм ғазнашылық бөлиминен дизимнен өткерилмегенлигин,
исленген жумысларға пул қаржысы **** себепли көрсетилген сумманы төлеў
мүмкиншилиги жоқ екенлигин билдирди.
Суд мәжилисинде қатнасқан Нөкис қаласы Абаданластырыў
басқармасы ўәкили даўагер тәрепинен қурылыс өнимлери жеткерип
берилгенлигин билдирди.
Суд мәжилисиндеқатнасқан прокурор апелляциялық шағымды
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Үшинши шахс **** Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы
исти өзиниң ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти үшинши шахс ўәкилиниң
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Судлаў коллегиясы исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң
түсиндирмелерин, прокурордың пикирин тыңлап, ис бойынша топланған
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар биринши инстанция
судының
шешиўши
қарарынөзгериссиз,
апелляциялық
шағымды
қанаатландырыўсыз қалдырыўдылазым тапты.
ϴзбекстанРеспубликасы Пуқаралық кодексиниң(кейинги орынларда ПК деп жүргизиледи) 8 ҳәм ****-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткериў нәтийжесинде ҳәм де усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери қурылыс өнимин жеткерип
бериў шәртнамасынанкелип шыққан.
ПК ****-статьясына муўапық, өним жеткерип бериў шәртнамасына
муўапық исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип
бериў бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп
шығарып шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға
исбилерменлик жумысында пайдаланыў ушын ямаса жеке, **** ****, үйге
ҳәм усындай басқа да **** пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа
**** ушын пайдаланыў ушын тапсырыў, ал сатып алыўшы болса товарларды
қабыл етиў ҳәм олардың **** төлеў миннетлемесин алады.
ПК ****-статьясының биринши бөлимине тийкарланып сатып алыўшы
жеткерип бериўши берилетуғын товарлардың **** шәртнамада нәзерде
тутылған есап-**** тәртиби ҳәм формасына әмел еткен ҳалда төлейди.
ПК ****-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлемениң
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер
ҳәм талаплар болмағанда болса - жумыс қатнасық әдетлерине яки әдетте
қойылатуғын басқа да талапларға муўапық тийисли дәрежеде орынланыўы
керек.
Ис ҳүжжетиндеги **** жыл 23 июль күнги 47-санлы шәртнамаға
муўапық, даўагер жуўапкерге жәми****сомлыққурылыс өнимлерин жеткерип
бериўге келисилген.
Усышәртнаманың 3.1-бәнтинде жуўапкер тәрепинен 30% алдын ала
төлем әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң ****-статьясы биринши,
үшинши бөлимлерине көре, юридикалық миннетлемелер экономикалық
классификация кодлары бойынша бюджеттен **** қәрежетлер муғдарында
бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қәрежетлери алыўшылар тәрепинен қабыл
қылынады ҳәмде ғазнашылық бөлимлеринде дизимге алынады.
Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қәрежетлери алыўшыларының
бюджеттен ****ыратылатуғын қәрежетлери бойынша товарларды (ислерди,
хызметлерди) жеткизип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай****, оларға киритилген өзгерислер ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық
бөлимлеринде дизимге өткизилгенинен кейин күшине киреди.
Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ****»ғы
Нызамның 71-статьясында туўрыдан-туўры шәртнамалар дүзиў мүмкин
болған мәмлекетлик сатып алыўларының дизими көрсетилген болып,өним
жеткерип бериў шәртнамасы бул дизимге кирмейди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң **** жыл 27 сентябрьдеги
Өзбекстан Республикасының ПҚ-****-санлы "Мәмлекетлик сатып алыўлар"
****"ғы Нызамды әмелге асырыў **** ****"ғы қарары менен тастыйықланған
"Мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен тиккелей шәртнамалар бойынша
сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер) дизиминиң 44-бәнтинде
пуқараларды медициналық көриктен өткериў, емлеў,усы соның ишинде
хирургиялық операция өткериў ҳәм реабилитациялық жәрдем көрсетиў,
сондай-****, оларды сырт елге оқыўға ҳәм әмелиятқа жибериўге байланыслы
қәрежетлер нәзерде тутылған.
****, Өзбекстан Республикасы Президентиниң **** жыл 28 февраль
күнги ПҚ-****-санлы “Мәмлекетлик бюджеттиң ғазнашылық системасын
жәнеде **** ис **** ****”ғы Нызамның 6-бәнтине муўапық бюджет
системасы бюджет қаржылары есабынан товарлар (жумыслар, хызметлер)
жеткерип
бериўшилер
менен
шәртнамалары,
сондай-****,
буйыртпашылардың бюджет системасы бюджет қаржылары есабынан капитал
қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте Ғазнашылықтан
дизимнен өткерилиўи шәрт ҳәм тек ғана ол әмелге асырылғаннан кейин күшке
киреди деп көрсетилген.
Истеги 47-санлы шартнаманың Ғазнашылық хызметинде дизимнен
өткерилмегени Қоңырат районы Ғазнашылық хызмети бөлиминиң **** жыл
12 сентябрь күнги мағлыўматы менен тастыйықланады.
****, тәреплер саўдалар өткерместен, нызамға қайшы рәўиште
туўрыдан-туўры шәртнама дүзиўге жол қойған.
ПКниң ****-статьясының биринши бөлимине тийкар **** болмаған
питим оның **** емеслиги менен байланыслы болған **** тысқары басқа
юридик **** алып келмейди ҳәм ол дүзилген пайыттан баслап **** емес
есапланады.
Бул жағдайда, тәреплер ортасында дүзилген**** жыл 23 июль күнги
47-санлышәртнама өз-өзинен **** емес есапланғанлығы себепли көрсетилген
хызметлердиң баҳасын усы шәртнамаға тийкар өндириўге тийкар жоқ.
Биринши инстанция суды, шәртнама ғазнашылық бөлиминен
өткерилмегенлиги себепли нызамшылық талаплары бузылған депесаплап,
даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў **** дурыс жуў**** келген.
ЭПКниң ****-статьясы 1-бǝнтине муўапық, апелляция инстанциясы
суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша
шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****.
Жоқарыдағыларға тийкарланып,апелляцияинстанция суды биринши
инстанция
судының
шешиўши
қарарын
өзгериссиз
қалдырыўды,апелляциялықшағымды
қанаатландырыўсыз
қалдырыўды,даўагерден республика бюджетине **** соммәмлекетлик
****,исти видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен
байланыслы
****сом суд қәрежетин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд депозит есап
бетине өндириўди лазым табады.
Усы жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық
процессуаллық
кодексиниң
****,****-статьяларын
қоллап,апеллцияинстанция суды
қ а р а р е т т и:
Нөкис районлараралық экономикалық судының****5 жыл 16 сентябрь
күнги шешиўши қарары өзгериссиз қалдырылсын.
Апелляциялықшағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен:
- республика бюджетине****сом мәмлекетлик ****;
-Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суд депозит есап бетине **** сом
суд қәрежетиөндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин.
Қарар қабыл етилген күнненбаслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия
тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
ағзалары:
****
****