← Назад
Решение #2853531 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1544-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 04 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
К.Данияровтың ҳәткерлигинде, даўагер банк ўәкили ХХХХХХ (2025 жыл 04
январь күнги 03-19/7-санлы исеним хат тыйкарында)тың қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпакстан
Республикасы
басқармасының даўагер “ХХХХХ” акционерлик коммерциялық банкиниң
мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығынан 25 892 560 сом
мүддети өткен тийкарғы кредит қарыздарлығы, 993 542 сом пайыз, жәми 26
886 102 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық
экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпакстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер “ХХХХХ”
акционерлик коммерциялық банки (буннан кейин текстте даӯагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы
(буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 25 892 560 сом мүддети
тийкаргы
кредит
қарыздарлығы,
993 542 сом пайыз, жәми 26 886 102 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген
почта қәрежетин өндириўди сорап экономикалық судқа даўа арза менен
мүрәжат еткен.
Даўагер банк ўәкили суд мәжилисинде даӯа арза талабын қысман қоллапқуўатлап, жуўапкер тәрепинен кредит қарыздарлық кысман төленгенлиги
себепли жуўапкерден банк пайдасына 8 187 005 тийкарғы қарыз, 569 431 сом
пайыз, жәми 8 756 436 сом өндириўди, даўа талабын қысман қанаатландырыўды
сорады.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында жуўапкер тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Палата исти өзиниң ўәкили қатнасыўысыз көриўди сораған.
Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң 128, 170-статьялары талапларына тийкар исти Палата ҳәм
жуўапкер ӯәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, ис материалларын
үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўа арза
талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024
жылы 22 сентябрь күни 5726-OYD0ND-санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта өними
жыйнап-терип алыў мақсетинде 10 ай мүддетке 10% пайыз ставкасы төлеў
шәрти менен 65 832 000 сом муғдарында кредит ажратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки
басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда
ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған
пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки
қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз
бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе
болады.
Кредит шәртнамасының 1.1-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас
бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм
пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында мүддети 25 892 560 сом тийкарғы
кредит қарыздарлығы, 993 542 сом пайыз, жәми 26 886 102 сом мүддети өткен
кредит қарыздарлығы қураған.
Банктиң
2025
жыл
04
ноябрьде
берилген
3061-санлы
мағлыўматнамасында жуўапкердиң 8 187 005 сом мүддети өткен тийкарғы
қарызы, 569 431 сом пайыз, жәми кредит бойынша қарыздарлығы (тийкары+
пайыз қарыздарлығы) 8 756 436 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек
кредит қарыздарлығы кемейген.
Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм
мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы тийкарлы, бирақ
жуўапкер тәрепинен кредит қарыздарлығы қысман төленгенлиги себепли,
даўа талабы қысман қанаатландырылыўы лазым.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде
олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер
пайдасына 8 187 005 сом мүддети өткен тийкарғы қарызы, 569 431 сом пайыз,
жәми 8 756 436 сомды ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика
бюджетине 537 722,04 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
етти:
Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан акционерлик коммерциялық
“ХХХХХ” пайдасына 8 187 005 сом мүддети өткен тийкарғы қарызы, 569
431 сом пайыз, жәми 8 756 436 сом қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
“ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 537
722,04 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова