Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2003 Дата решения 03.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 468caaf1-9c8a-4d1e-86ab-cf1d8df6c86a Claim ID PDF Hash 8d757fde02842a69... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2003-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 03-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили ** (2025-жыл 06-март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери **, **, ** (2025-жыл 03-ноябрь күнги 1072,1073,1074-санлы исеним хатлар тийкарында), қосымша жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 03-ноябрь күнги 01/8565-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс қадағалаў инспекция ўәкиллери **, ** (2025-жыл 27-октябрь күнги 23/25-130-санлы, 2025-жыл 03-ноябрь күнги 23/25-137-санлы исеним хатлар тийкарында) қатнасыўында, даўагер «**» АЖниң жуўапкер **нан 34 442 496 сом қарыз, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «**» АЖти жуўапкер **нан 34 442 496 сом қарыз, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд уйғарыўылары менен **, **, «**» ЖШЖти, ** даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар шағым етпейтуғын үшинши шахслар ҳәмде **, ** қосымша жуўапкерлер сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили суд уйғарыўына тийкар даўа суммасы бойынша өз-ара есап-китап қылыў лазым болғанын, бирақ есап-китап қылынбағанын билдирип, даўаның талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер тәреп суд мәжилисинде суд уйғарыўына тийкар даўа суммасы бойынша өз-ара есап-китап қылыў лазым болғанын, бирақ есап-китап қылынбағанын, даўаның талабын тән алмайтуғынын, себеби талап қылынған сумманы толық муғдарда «**» ЖШЖти төлеўи лазым екенин билдирип, даўа талабын қанаатландырмаўды сорады. Қосымша жуўапкер ** ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәреп ўәкиллериниң суд мәжилисиндеги мәлим етилген ўәжлерин қоллапқуўатлайтуғынын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Үшинши шахс - «**» ЖШЖниң шөлкемлестириўшиси ** суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде қурылыс ислерин орынлағанын, нызамлы түрде электр энергиясынан 14 091 000 сом муғдарында пайдаланғанын ҳәм ол сумманы истеги даўагердиң банк есап бетине төлегенин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сораған. Үшинши шахс қадағалаў инспекция ўәкиллери суд мәжилисинде суд уйғарыўына тийкар даўа суммасы бойынша өз-ара есап-китап қылыў лазым болғанын, бирақ есап-китап қылынбағанын, истеги жуўапкерге қарата өткерилген тексериў жуўмағында нызам бузыўшылық жағдайлары анықланғаны ушын акт дүзилгенин, акт бойынша қайта есап-китап қылыў нәтийжесинде 34 442 496 сом зыян келип шыққанын билдирип, иске тийисли жазба мағлыўматын усынды. Прокурор суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мәжилисинде жуўапкер ўәкилиниң истин калдырылыўы ҳаққындағы аўыз-еки илтимаснамасын қанаатландырыўды сораған. **ниң ҳәм қалған үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар жуўапкер, үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына көре миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025-жыл 01-январь күни 1318-санлы электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққындағы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Анықланыўынша, жуўапкерге тийисли ЕХ-518-маркалы 124200365778санлы электр есаплағышынан тысқары электр энергиясына жалғанған жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы хызметкери Д.Аллияров ҳәм жуўапкер ўәкили Б.Хожаметов қатнасында 2025-жыл 11-июль күни электрон формасында акт дүзилген. Усы акт тийкарында даўагер тәрепинен өз алдына 2025-жыл 14июль күни дүзилген акт бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 18-январь күнги «Электр энергиясы ҳәм тәбиғый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 319-санлы (кейинги орынларда 319-санлы қағыйда деп жүритиледи) қарары менен тастыйықланған қағыйдасының 133-з-бәнтине тийкар қайта-есап-китап қылыў нәтийжесинде жәми 34 442 496 сом есапланған. Дүзилген актлерге тийкар 34 442 496 сом муғдарындағы қарызды 3-күн мүддет ишинде төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 19-сентябрь күнги 02-06/1660-санлы талапнамасы жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы жиберилген. Қарыз өнбегени ушын даўагер оны жуўапкерден өндириў ҳаққында судқа даўа арзасын берген. Суд ис ҳүжжетлерине баҳа берген ҳалда даўаның қарыз өндириў талабы менен келисе алмайды. Әмелдеги 319-санлы қағыйдасының 133-з-бәнтине көре есаплағыштан тысқары қосылыў - тутыныўшылар тәрепинен электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў (нызамсыз пайдаланған) жағдайы деп есапланады. Сондай-ақ, 319-санлы қағыйдасының 133-бәнтинде нәзерде тутылған қағыйда бузыўшылықлар анықланғанда - 140,142-бәнтлерине көре қайта есап-китап қылыныўы белгиленген. Есаплағыштан тысқары электр энергиясына қосылғанда даўагерге зыян жеткизилетуғын жағдай деп есаплаўға тийкар бар. Себеби тәреплер орталарындағы нызамлы күшинде болған шәртнама жүзесинен қарыздарлық келип шықпаған. ПК 468-статьясына тийкар, энергия тәмийинаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбуриятын алады. ЭПК 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши инстанциясы судында көриў ўақтында истиң мазмунынан көрилиў жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилиўине шекем даўаның тийкарын яки предметин өзгертиўге, даўа талапларының муғдарын көбейтиўге яки кемейтиўге ҳақылы. Бирақ даўагер тәрепинен даўа предмети өзгертилмеди. ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары тусиниледи. ПК 985-статьясының биринши бөлимине муўапық, нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым. Истеги даўагер зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа мүрәжат етиўғе ҳакылы. Сонлықтан суд даўа талабын қанаатландырмаўды мақул табады. ЭПК 118-статьясына тийкар, даўа талабы қанаатландырылыўсыз қалдырылыўы себепли мәмлекетлик бажы даўагер шахстан өндирилиўи лазым. Даўа суммасының 2% есабынан 688 849,92 сом мәмлекетлик бажы даўагерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. «**» АЖнен мәмлекет бюджетине 688 849,92 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов