Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2503/2144 Дата решения 03.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья AMANIYAZOV JALG‘AS JOLDASBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 712d5f91-d4d1-417c-bc37-2cc148f34b9e Claim ID PDF Hash fbe83f6f8610d334... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****-санлы ис судья **** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Берунийрайоны 2025-жыл 3-ноябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы **** басшылығында, судьяжәрдемшиси ****ң хаткерлигинде,арза бериўши ўәкили **** (****-жыл 3-ноябрь күнги ****-санлы 6исеним хат) тың қатнасыўында,арза бериўши Төрткүл районы салықинспекциясының қарыздар «KAYRA -AV O LOGIS IKA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған процедурабойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳәм сапластырыў өндирисин баслаў **** арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың өз имаратында ашықсудмәжилисинде көрип шығып,төмендегилерди Н Ы Қ Л А ДЫ : Арза бериўшиТөрткүл районы салық инспекциясы(кейинги орынларда – арза бериўши) судқа арза менен мүрәжат қылып, қарыздар«KAYRA -AV O LOGIS IKA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (кейинги орынларда – қарыздар) әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў өндирисин баслаўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили арза талабын қоллапқуўатлап, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды сорады. Қарыздар суд мәжилисине өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди ҳәм өзиниң жазба пикирин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде қарыздар суд мәжилиси **** тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда – ЭПК) ****, **** ҳәм ****-статьяларына муўапық қарыздар ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд арза бериўши ўәкилиниң түсинигин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып арзаны қанаатландырыўды, қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыў ѳндирисин ашыўды **** тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, қарыздар«KAYRA -AV O LOGIS IKA» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (СТИР:****) ****-жыл 4-ноябрь күни шѳлкемлестирилген болып, оның баслығы ****.Қарыздардың мәнзили: Төрткүл районы Қахраманлар көшеси 3-жай 6-хана. Қарыздардың ****-жыл 10-сентябрь ҳалатына салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий тѳлемлерден қарызы ****,****ды қурайды. Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ****»ғы Нызамы (кейинги орынларда – Нызам) 45-статьясының екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик **** ис қозғатыў **** арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек. Қарыздардың қарызын мал-мүлкинен ѳндириў **** арза бериўши тәрепинен қарар(лар) шығарылып, мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў ушын жиберилген. **** мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен арза бериўшиниң қарар(лар)ы Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ****»ғы Нызамы 40-статьясының 3-бәндине тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты болмағанлығы себепли орынлаўсыз қайтарылған. Нызамның ****-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳәм сапластырыў өндирисин баслаў **** арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин. Бул жағдайда қарыздардың мал-мүлкиниң жоқ екенлиги, қарызын төлеў мүддети өткенлиги онда төлеўге қәбилийетсизлик белгилери бар деп есаплаўға, қарыздарды Нызамның ****-статьясына тийкар төлеўге қәбилийетсизликтиң әпиўайыластырылған процедурасы бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўға тийкар болады. Сонлықтан, суд арзаны қанаатландырыўды ҳәм қарыздарды әпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табыўды лазым табады. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ****-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик **** ****»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик **** ставкалары муғдарларының 2-бәнди «в» киши бәндинде шѳлкемлер ҳәм пуқараларды **** деп табыў ҳәм сапластырыў өндирисин баслаў **** арзалардан базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында мәмлекетлик **** ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының ****-жыл 28-декабрьдеги РС-****-санлы қарарында барлық ислер бойынша даўа арза ҳәм арзалардан базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ѳндирилетуғынлығы белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ****-жыл 2-июнь күнги «Ис ****, пенсиялар, степендиялар ҳәм **** муғдарын асырыў****»ғы ПФ-91санлы Пәрманына тийкар ****-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары **** сўм етип белгиленген. Арза бериўши тәрепинен ис бойынша алдыннан **** сўм почта қәрежети тѳленген. Сонлықтан, суд қарыздардан Республика бюджетине базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында, яғный **** сўм мәмлекетлик **** пул ҳәм арза бериўши пайдасына ис бойынша төленген **** сўм почта қәрежетин өндириўди **** тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып, Өзбекстан Республикасының «Төлеўге қәбилийетсизлик ****»ғы Нызамы ****-статьясын ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ****, ****, ****-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР TTИ: 1.Арза бериўшиниң талабы қанаатландырылсын. 2.Қарыздар«KAYRA -AV O LOGIS IKA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиәпиўайыластырылған процедура бойынша төлеўге қәбилийетсиз деп табылсын ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў баслансын. 3. «KAYRA -AV O LOGIS IKA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиесабынанТөрткүл районы салық инспекциясыпайдасына **** сўм почта қәрежети өндирилсин. 4.«KAYRA -AV O LOGIS IKA» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиесабынан республика бюджетине **** сўм мәмлекетлик **** пул өндирилсин.Орынлаў хатлар берилсин. 5.Шешиўши қарар дәрҳал орынлаўға қаратылсын. 6.Шешиўши қарар үстинен қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы **** Республикасы судына апелляциялық тәртипте яки нызамлы күшине кирген ҳәмде апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза, прокурор протест келтириўге ****. Судья ****