Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2504/1453 Дата решения 03.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BEKMURATOV BAYRAMBEK TENGELBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID ea07172e-ed6a-4a0c-abf7-2bc8f4b069a0 Claim ID PDF Hash a04bf91297ce8d11... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1453-санлы экономикалық ис судья Б.Т.Бекмуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2024-жыл 03-ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Т.Бекмуратовтыӊ басшылығында, судья жәрдемшиси К.К.Данияровтыӊ хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХ (2025-жыл 20-май күнги 14-санлы исеним) ҳәм жуўапкер ўәкили ХХ (2025-жыл 03-ноябрь күнги 164санлы исеним хат)лардың қатнасыўларында, Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы «ХХХ» акционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 155 020 266 сом тийкарғы қарызын ҳәмде 9 921 297,02 сом пенясын өндириўди сораған даўа арзасын суд имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы «ХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 155 020 266 сом тийкарғы қарыздарлық ҳәмде 9 921 297,02 сом пеня өндириўди сораған. ССП даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы себепли суд исти оның ўәкили қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили даўа талапларын қоллапқуўатлап, даўа арзада талап қылынған қарыздарлық бүгинги күнде төленбегенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талапларын тән алып, ҳәзирги ўақытта жәмийетте пул қаржылары болмай турғанын, бирақ қарыздарлықларды тез арада төлеп беретуғынлығын билдирип, қарыздарлығын төлеп қутылыўы ушын мүддет бериўди сорады. Суд, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте – ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды екинши тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл қылыў ҳәм оның ушын белгиленген пул соммасын (баҳасы) төлеў миннетлемесин алады. ПК 420-статьясының биринши бөлимине муўапық, алды-сатты шәртнамасында сатыўшы товарды тапсырмастан алдын сатып алыўшы оның ҳақын толық яки қысман төлеў (алдыннан ҳақ төлеў) миннетлемеси нәзерде тутылған ҳалларда, сатып алыўшы товар ҳақысын шәртнамада нәзерде тутылған мүддетте, егер шәртнамада бундай мүддет нәзерде тутылмаған болса, усы Кодекстиң 242-статьясына муўапық белгиленген мүддетте төлеўи лазым. ПКниң 236-статьясына тийкар, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2022-жыл 01-февраль күни 07-санлы имәрат ҳәм қурылысларды сатыў шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманыӊ 1.1-бәндинде көрсетилген ХХХ районы “ХХ” МПЖда жайласқан даўагерге тийисли “ХХ”, “ХХ”, “ХХ” ҳәмде “ХХ” пахта таярлаў пунктлерине тийисли болған имәрат ҳәм қурылыслар комплексин (1қосымшаға муўапық) жуўапкерге мүлк қылып тапсырады (сатады), жуўапкер болса мүлклерди қабыл етип алып, усы шәртнамада көрсетилген мүлклердиң баҳасын белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде (2-қосымшаға муўапық) даўагерге базар баҳасында төлейтуғынлығы белгиленген. Шәртнаманың улыўма баҳасы қосымша қун салығын қоса есаплағанда 5 770 425 412 сом деп белгиленген. Шәртнаманың 2.2-бәндинде жуўапкер шәртнаманың 15 пайызы қосымша қун салғынан болған төлем графикинде көрсетилген қәрежетлерди шәртнама имзәланғаннан соң 10 күн ишинде төлеп бериўге ҳәмде 2.3-бәндине тийкар жуўапкер келисилген сомманы төлем графикине муўапық төлеп барыў миннетлемесин алған. Бул шәртнаманың 2-қосымшасындағы график бойынша жуўапкердиң даўагер алдында 2025-жыл июль ҳәм август айлары ушын (77 510 133 + 77 510 133 =) 155 020 266 сом қарыздарлығы пайда болған. Бул жағдайлар истеги шәртнама ҳәм оның қосымшалары, мағлыўматнамалар ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен толық тастыйықланады. Сонлықтан, суд даўаның тийкарғы қарызын өндириўди сораған талабын тийкарлы деп есаплап, даўа тийкарғы қарызын өндириў талабын 155 020 266 сомға толық қанаатландырыўды мақул тапты. Сондай-ақ, даўагер шәртнама бойынша төлемлер кешиктирилгенлиги себепли жуўапкерден 9 921 297,02 сом пеня өндириўди сораған. Суд даўагердиң жуўапкерден 9 921 297,02 сом пеня өндириў талабын да тийкарлы ҳәм дурыс есап-китап қылынған деп есаплайды. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Тәреплер орталарында дүзилген шәртнаманыӊ 6.2-бәндинде, график миннетлемелерин орынламағанлығы ушын, ҳәр бир кешиктирилген күн ушын 0,4 пайыз муғдарында пеня төлениўи белгиленген, бирақ пеня муғдары тийкарғы қарыздың 50 пайызынан аспаўы ҳаққында белгиленген. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен алды-сатты шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даўагер тәрепинен мүддетинде өндириў шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеняны 20 пайызға кемейтирип 1 984 259,40 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, бесинши ҳәм алтыншы бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғаннан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрьдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 02-июндеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, исти көриў нәтийжеси менен суд жуўапкерден республика бюджетине 3 298 831,26 сом мәмлекетлик бажы ҳәмде даўагер пайдасына ис бойынша төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер «ХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына 155 020 266 сом тийкарғы қарызы, 1 984 259,40 сом пеня ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер «ХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 3 298 831,26 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья: Б.Т.Бекмуратов