← Назад
Решение #2854320 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
****2-2****/187-санлыэкономикалық ис
Биринши инстанцияда исти
көргенсудья –****
Кассацияинстанция судында
баянатшысудья–****
Ревизияинстанция судында
баянатшысудья–****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
РЕВИЗИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
****5жыл03 ноябрь
**** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы ****тың басшылығында, коллегия ағзалары **** ҳәм **** ибарат
қурамда,****тың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили –****(**** жыл 28
октябрь күнги****-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили– хожалық
ис жүритиўшиси **** (****5 жыл 25 июнь күнги 8-санлы исеним
хаттийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши **** инспекциясы ****
Республикасы
басқармасының
жуўапкер
“****
****”
фермер
хожалығына****сом жәрийма қоллаўды ҳәм өндириўди сораған даўа арзасы
бойынша қабыл етилген **** районлар аралық экономикалық судының ****5
жыл 26 февраль күнги шешиўши қарарына ҳәм**** Республикасы судының
экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы кассация инстанциясының
****5 жыл 10 июль күнги қарарына жуўапкер“**** ****”фермер хожалығының
наразы болыпберген ревизия тәртибиндеги шағымын ис ҳүжжетлери менен
биргевидеоконференциялық байланыс режиминде**** Республикасы судының
имаратында ашық суд мәжилисинде кѳрип шығып, тѳмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Истеги ҳүжжетлерине қарағанда, **** қадағалаў инспекциясы ****
Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте арза бериўши деп
жүргизиледи)ның **** жыл 5 августтеги ****-ur-санлыбуйрығына тийкар,****
жыл 5 августтен 14 август аралығында “**** ****”фермер хожалығы (буннан
кейин
текстте
жуўапкер
деп
жүритиледи)
тәрепинен
суўдан
пайдаланыўқағыйдалары үйренилген.
Үйрениўде жуўапкер салы егинин егиўге рухсат берилмегенлигине
қарамастан 13,8 гектар жер майданына салы егинин егип, Өзбекстан ****ң ****
жыл 19 март күнги 82-санлықарары менен тастыйықланған “Өзбекстан
Республикасында суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы ****”ғы Реже (буннан
кейин текстте Реже деп жүритиледи)ниң51-бәнтиниң талапларына қайшы
рәўиште
****
м3суўдан
өзбасымшалық
пенен
пайдаланғанлығы
анықланған.Тексериўнәтийжеси менен **** жыл 8 августте акт дүзилген.
2
Анықланған жағдай бойынша ѳзбасымша пайдаланылған****м3суўдың ҳәр
мың кубометри ушын базалық есаплаў муғдарының 30 пайызы
муғдарында****сом жәрийма есапланған.
Буннан алдын жуўапкерде **** жыл 28 июньде өткерилген тексериўде
жуўапкер 8 гектар жер майданына салы егинин егип суўдан пайдаланғанлығы
анықланып, акт рәсмийлестирилген.
Арза бериўши жуўапкер тәрепинен бир жыл даўамында суўдан пайдаланыў
ҳәм суў тутыныўы тәртиби тәкираран бузылғанлығы себеплижуўапкерге ****
сом жәрийманы қоллаўды ҳәм қолланылған жәрийманы өндириўдисораған.
Биринши инстанция судының ****5 жыл 24 январь күнги уйғарыўы менен
**** ҳәм **** бөлими даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз
қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған.
**** районлар аралық экономикалық судының ****5 жыл 26 февраль күнги
шешиўши қарары менен арза қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Арза бериўшишешиўши қарарға наразы болыпкассациялық шағым берген.
**** Республикасы судыныӊ экономикалық ислери бойынша судлаў
коллегиясыкассация инстанциясының ****5 жыл10 июлькүнги қарары менен
биринши инстанция судының шешиўши қарары өзгериссиз,кассациялық шағым
қанаатландырыўсыз қалдырылған.
Арза бериўши биринши инстанция судының шешиўши қарары ҳәм кассация
инстанциясының қарарына наразы болып ревизиялық тәртибинде шағым берип,
шағымында биринши инстанция суд тәрепинен асығыслық пенен ис ҳалатларын
толық үйренилмегенлигин, жуўапкердиң жер майданларына барып тексериў
өткерилгенде фермер хожалығы баслығы дала майданына себепсиз
келмегенлигин,
****
тексериў
өткизилетуғынлығы
****хабардар
қылынғанлығын, соған қарамастан келмегеннен соң гүўалар қатнасында акт
дүзилгенлигин, гүўалар менен жер майданларын көзден кеширгенде 13,8 гектар
жер майданына салы еккенлиги ҳәм талапнама берместен суў алғанлығы
анықланғанлығын, **** суд тексериўшилер жер майданларына барып көрместен
акт дүзгенлиги **** натуўры **** келгенлигин көрсетип, биринши инстанция
судының шешиўши қарарынҳәм кассация инстанциясының қарарын бийкар
етип, арзаны толық қанаатландырыў **** жаңа шешим қабыл қылыўды сораған.
Арза бериўши ўәкили суд мәжлисинде қосымша ҳүжжетлерин
усынып,ревизия тәртибиндеги шағымын қоллап-қуўатлап,тексериўшилер ****
менен биргеликте жуўапкердиң жер майданларына барып үйренгенлигин,
үйрениўде**** да салы егилгенлиги ҳәм рухсатсыз өзбасымшалық пенен суўдан
пайдаланғанлығы анықланғанлығын, суўғарыў муғдары гидромодуль менен
есапланғанлығын, себеби хожалық пенен шәртнама дүзилгенде егинлердиң
жайластырылыўы бойынша суўдың муғдары гидромодульге тийкарланып
есаплап берилгенлигин, жуўапкер тәрепинен суўдан рухсатсын пайдаланғанлық
жағдайы бир жылдың ишинде тәкирар исленгенлиги себепли жәрийма
санкциясы он есеси муғдарында қолланылғанлығын билдирип, ревизиялық
шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, суд қарарларын бийкар қылып,
арзаны қанаатландырыў **** жаңа қарар қабыл қылыўдысорады.
3
Жуўапкер ўәкили суд мәжлисинде ревизиялық шағым тийкарсыз екенлигин,
фермер хожалығы баслығы әкеси екенлигин, **** ҳәзирги күнде наўқасланып
қалғанлығын, тексериў өткерилгенлиги **** хабардар қылынбағанлығын,
8 гектар жер майданына салы еккенлигин,**** жыл июнь айында тексериў
өткерип,жәрийма қолланылғанлығын, соннан кейин салы атызларын бузып
таслап орнына бийдай егинин еккенлигин билдирип, биринши инстанция суды
ҳәм апелляция инстанциясының қарарларын өзгериссиз, ревизиялық шағымды
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Иске үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди, **** исти өзлериниң
ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды сораған илтимаснамалары судқа
усынылды.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти усы үшинши шахс ўәкиллериниң
қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Судлаў коллегиясы тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап,
ревизиялық шағымда билдирилген ўәжлерди ис ҳүжжетлери менен бирге
үйренип шығып,төмендегилерге тийкар биринши инстанция судының
шешиўши қарарын ҳәм апелляция инстанциясының қарарын
өзгериссиз,ревизиялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым
тапты.
Өзбекстан ****ң 2023 жыл 27 сентябрьдеги ****-санлы қарары менен
тастыйықланған “**** қадағалаў инспекциясы ****”ғы Реже (буннан кейин
текстте Реже деп жүритиледи)ниң 2-бәнтине муўапық инспекция Өзбекстан
Республикасындағы ең әҳмийетли гидротехника қурылмаларының қәўипсизлиги
ҳәмде жер үсти суўлары объектлеринде суўдың **** уғрас басқарылыўын,
суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы қағыйдаларын қадағалаўшы орган болып
есапланады.
Режениң 16-бәнтиниң он екинши хатбасысына муўапық,****
басқармаларының тийкарғы функцияларының бири суўдан пайдаланыўшылар
ҳәм суў тутыныўы бойынша белгиленген тәртипке суў хожалығы шөлкемлери
ҳәм басқа суўдан пайдаланыўшылар, сондай-****, фермер ҳәм дийхан
хожалықлары ҳәм басқа суў тутыныўшылары тәрепинен қатаң әмел қылыныўын
**** болып табылады.
Тексериў дәстүриниң 2-бәнтиниң сегизинши хатбасысында тексериўшиге
суў алыўға рухсат етилмеген орынлардан суўдан рухсатсыз, өзбасымшалық
пенен алған жағдайын үйрениў ўазыйпасы жүклетилген.
Апелляция инстанциясы судлаў коллегиясы тәрепинен ис көрип
шығылғанда арза бериўши тәрепинен жуўапкердиң суў алыўға рухсат етилмеген
орынлардан суўдан рухсатсыз, өзбасымшалық пенен алған жағдайлары
үйренилмегенлиги, тексериўши тәрепинен ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған яки
болмағанлығы ҳәм оның исленгенлиги факти анықланбай турып, суў жеткерип
бериў хызметиниң мағлыўматына тийкар акт рәсмийлестиргенлиги, буннан
тысқары тексериўде жуўапкер қатнастырылмағанлығы, жуўапкер тексериўге
қатнаспағанлығы
****
актке
гүўа
сыпатында
****
ҳәм****
қатнастырылғанлығы,
олар
болса
жуўапкердиң
суўдан
нызамсыз
4
пайдаланғанлығы **** арза бериўшиге билдирги берген **** хызмети
мәмлекетлик мекемесиниң хызметкерлери екенлиги анықланған.
ЭПКниң 68-статьясының екинши бөлимине муўапық, юридикалық шахслар
ҳәм пуқараларға қарата ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў **** ислер көрип
шығылып атырғанда ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ушын тийкар болған
жағдайларды дәлиллеў миннетлемеси қадағалаўшы органға жүклетиледи.
Ревизия судлаў коллегиясы тәрепинен арза бериўшигежуўапкер тәрепинен
суўдан қанша муғдарда пайдаланғанлығы, пайдаланылған суўдың көлеми
қандай усылда анықланғанлығын тастыйықлаўшы дәлиллерди, есап-китапларын
судқа усыныўын тапсырғанлығына қарамастан, бундай ҳүжжетлер судқа
усынылмады.
ЭПКниң ****-статясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир
шараларын қоллаў ****ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде:
ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығы ҳәм оның исленгенлиги
фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжелери бойынша акт яки басқа
ҳүжжет дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ҳәкилликлери баржоқлығын,
усыҳуқықбузарлықты
ислегенлик
ушын
нызамшылықта
жуўапкершилик нәзерде тутылған-тутылмағанлығын ҳәм ҳуқықыйтәсир
шараларын қоллаў ушын тийкарлар бар-жоқлығын анықлайды.
Бундай жағдайда, ревизия судлаў коллегиясы арыз қылынған талапты
тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмағанлығы, суўдан пайдаланғанлығы фактлери
дәлиллеп берилмегенлиги себепли биринши инстанция суды арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыў ****дурыс **** келген деп есаплайды.
Кассацияинстанциясы судытәрепинен дебиринши инстанция судының
шешиўши қарарын тийкарлы деп табыў **** тийкарландырылған қарар
қабыллаған.
ЭПКниң ****7-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине муўапық, исти
ревизия тәртибинде көретуғын суд ревизия тәртибиндеги шағымды (протестти)
көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарды, қарарды өзгериссиз
қалдырыўға ****.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик **** ****”ғы Нызамының
9-статьясы 19-бәнтине муўапық арза бериўши ҳәм жуўапкер– ҳуқықый тәсир
шараларын қоллаў **** ислер бойынша мәмлекетлик **** төлеўден азат
етилген.
Сонлықтан,исти көриў нәтийжеси менен арза бериўшиден мәмлекетлик
**** өндирмеўди, исти видеоконференциялық байланыс режиминде көриў
менен байланыслы **** сом суд қәрежетин арза бериўшиденӨзбекстан
РеспубликасыЖоқарғы судының депозитине өндириўди, арза бериўши
тәрепинен төленген ****сом почта қǝрежетин оның мойнында қалдырыўды
**** тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****7, ****9-статьяларынқолланып,
ревизия инстанциясы суды
ҚАРАРЕТТИ:
5
**** районлар аралық экономикалық судының ****5 жыл 26 февраль күнги
шешиўши қарары ҳәм **** Республикасы суды экономикалық ислер бойынша
судлаў коллегиясыкассация инстанциясының **** жыл 10 июль күнги қарары
ѳзгериссиз қалдырылсын.
Ревизиялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
арза бериўши **** қадағалаў инспекциясы **** Республикасы
басқармасынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судыныӊ депозит есап бетине
****сом суд қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы
судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (прокурор протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
коллегия ағзалары:
****
****