← Назад
Решение #2854353 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/1449-санлы экономикалық ис
судья Б.Т.Бекмуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025-жыл 03-ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы
Б.Т.Бекмуратов, усы күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасыныӊ АКБ «ХХХ» мәпин қорғап, жуўапкер «ХХХ»
жеке исбилерменнен кредит бойынша 3 785 000 сом мүддети өткен пайыз
қарызын даўагер пайдасына өндириўди сораған даўа арзасына тийкар
қозғатылған экономикалық исти әпиўайыластырылған тәртип бойынша көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – ССП деп жүритиледи) АКБ «ХХХ»
(буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық
судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «ХХХ» жеке исбилермен
(буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен кредит бойынша 3 785
000 сом мүддети өткен пайыз қарызын даўагер пайдасына өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда – ЭПК)ниң 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине
муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзаны ис
жүритиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен
баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер
ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге
оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет
қосымша қылынады.
Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар
қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир
усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби
бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды.
Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир
усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў
тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги
жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды
мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл
28-август күни дүзилген 3094-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк
тәрепинен жуўапкерге жыллық 15,7% бенен 84 (сексен төрт) ай мүддетке
100 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
– ПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт деп көрсетилген.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз
шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши
(юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына
шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына
ийе.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп
барыў миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли кредит бойынша 2025-жыл 19-сентябрь
жағдайына 3 785 000 сом мүддети өткен пайыз қарызы пайда болған.
Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 03-ноябрь ҳалатына усынылған
мағлыўматнамаға тийкар жуўапкер тәрепинен 4 247 852,98 сом мүддети өткен
пайыз қарызы есапланып, бул қарыздарлық усы күнге шекем төленбеген.
Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк
мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан, суд кредит бойынша қарыздарлығын 3 785 000 сомға толық
қанаатландырыўды лазым тапты.
Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер
тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетиледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл
25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиў ҳаққындағы
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл
28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл
02-июндеги «Ис ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын
асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтан
баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 41 200 сом почта
қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
ѳдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
1
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер «ХХХ» жеке исбилерменнен АКБ «ХХХ» пайдасына 3 785
000 сом мүддети өткен пайыз қарызы өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» жеке исбилерменнен АКБ «ХХХ» пайдасына 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер «ХХХ» жеке исбилерменнан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Т.Бекмуратов