← Назад
Решение #2854769 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2005-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 03-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили
** (2025-жыл 06-март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер ўәкили ** (2025-жыл 27-октябрь күнги 01-03/1412-санлы исеним хат
тийкарында), үшинши шахс ўәкили **, ** (2025-жыл 27-октябрь күнги 23/25129-санлы, 2025-жыл 03-ноябрь күнги 23/25-138-санлы исеним хатлар
тийкарында) қатнасыўында, даўагер «**» АЖниң жуўапкер **нан қағыйда
бузарлық акт бойынша келип шыққан 19 000 000 сом қарыз өндириў ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «**» АЖти жуўапкер **нан қағыйда бузарлық акт бойынша келип
шыққан 19000 000 сом қарыз өндириўди сораған.
Суд уйгарыўлары менен Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм
финанс финанс министрлиги, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм финанс
министрлиги жанындағы Ғазнашылық хызмети комитети Қарақалпақстан
Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы, Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден
пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы даўа предметине өз алдына ғарезсиз
талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның қарыз өндириў талабы
тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаның талабы менен
келспейтуғынын, себеби ҳеш қандай нызам бузыўшылық жағдайлары
болмағанын билдирип, даўа арзаны қанаатдандырмаўды сорады.
Үшинши шахс қадағалаў инспекциясы ўәкиллери суд мәжилисинде
даўаның талабы тийкарлы екенлиги ҳақкындағы жазба мағлыўматын усынып,
нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Прокурор суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд
мәжилисинде ис ҳүжжетлерин қосымша үйрениў зәрурлигин билдирген.
Қалған үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар жуўапкер,
үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар
ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын
қанаатландырмаўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына көре миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 09-январь күни 1502-санлы электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққындағы
шәртнама дүзилген.
Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 100%
төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Анықланыўынша, жуўапкерге тийисли есаплағышқа орнатылган 100/5-тоқ
өлшеў трансформаторындағы есаплағыш үскенесиниң А ҳәм С фазасы күшлениў
сымлары орынлары алмасып турған жағдайы бойынша Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден
пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы хызметкери Р.Мамутов ҳәм жуўапкер
ўәкили Ш.Жуматов қатнасында 2025-жыл 25-июль күни электрон формасында
акт дүзилген. Усы акт тийкарында даўагер тәрепинен өз алдына 2025-жыл 29июль күни дүзилген акт бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер
Кабинетиниң 2018-жыл 18-январь күнги «Электр энергиясы ҳәм тәбиғый газден
пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 319-санлы (кейинги
орынларда 319-санлы қағыйда деп жүритиледи) қарары менен тастыйықланған
қағыйдасының 133-е-бәнтине тийкар қайта-есап-китап қылыў нәтийжесинде
жәми 19 000 000 сом (4 484 000 сом төленгени есапқа алынған ҳалда) есапланған.
Дүзилген актлерге тийкар 19 000 000 сом муғдарындағы қарызды 3-күн
мүддет ишинде төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 19-сентябрь күнги 0206/1662-санлы талапнамасы жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы
жиберилген.
Қарыз өнбегени ушын даўагер оны жуўапкерден өндириў ҳаққында судқа
даўа арзасын берген.
Суд ис ҳүжжетлерине баҳа берген ҳалда даўаның қарыз өндириў талабы
менен келисе алмайды.
Әмелдеги 319-санлы қағыйдасының 133-е-бәнтине көре есаплағыштың
қосылыў схемасын өзбасымшалық пенен өзгертиў - тутыныўшылар тәрепинен
электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў (нызамсыз пайдаланған)
жағдайы деп есапланады. Сондай-ақ, 319-санлы қағыйдасының 133-бәнтинде
нәзерде тутылған қағыйда бузыўшылықлар анықланғанда - 140,142-бәнтлерине
көре қайта есап-китап қылыныўы белгиленген.
Есаплағыштың қосылыў схемасы өзбасымшалық пенен өзгертилгенде
даўагерге зыян жеткизилетуғын жағдай деп есаплаўға тийкар бар. Себеби
тәреплер орталарындағы нызамлы күшинде болған шәртнама жүзесинен
қарыздарлық келип шықпаған.
ПК 468-статьясына тийкар, энергия тәмийинаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке
энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған
энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия
пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
ЭПК 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши
инстанциясы судында көриў ўақтында истиң мазмунынан көрилиў жуўмағы
бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилиўине шекем даўаның
тийкарын яки предметин өзгертиўге, даўа талапларының муғдарын көбейтиўге
яки кемейтиўге ҳақылы.
Бирақ даўагер тәрепинен даўа предмети өзгертилмеди.
ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы бузылған
шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған
қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян),
сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында пуқаралық қатнасық
шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары
тусиниледи.
ПК 985-статьясының биринши бөлимине муўапық, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген
зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан
берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы
лазым.
Истеги даўагер зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен судқа
мүрәжат етиўғе ҳакылы. Сонлықтан суд даўа талабын қанаатландырмаўды мақул
табады.
ЭПК 118-статьясына тийкар, даўа талабы қанаатландырылыўсыз
қалдырылыўы себепли мәмлекетлик бажы даўагер шахстан өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
даўагерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«**» АЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов