← Назад
Решение #2855568 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2170-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 31 октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили кәрхана хуқықмәсләҳәтшиси **** (2025 жыл 27 июнь күнги
D-33-санлы исеним хат тийкарында)ның қатнасыўында, арза бериўши
Ташкент қаласы **** шет ел кәрханасы түриндеги жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң, қарыздар Нөкис районы **** жеке кәрханасын
әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имәратында видеоконференция
байланыс режими арқалы ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
**** шет ел кәрханасы түриндеги жуўапкершилиги шекленген
жәмийетиниң (буннан кейин текстте – арза бериўши деп жүритиледи)
экономикалық судына арзасы менен мүрәжат етип, қарыздар **** жеке
кәрханасын (буннан кейин текстте – қарыздар деп жүритиледи)
әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили қарыздардыӊ жүзеге келген
қарызларын төлеў имканиятыныӊ жоқлығын билдирип, қарыздарды төлеўге
қәбилетсиз деп табыўды сорады.
Қарыздар ҳәм үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди.
Истиң көрилетуғынлығы ҳақкындағы суд ҳүжжети жетип барғанлығы
почта хабарнамасы менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясының 3-бөлимине
тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер ҳәм үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе,
даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Сонлықтан суд, олардың ўәкиллериниң қатнасыўларысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд, арза бериўши ўәкилиниң түсиндирмесин ҳәм ўәжлерин
тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, арзаны қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы
(буннан кейин текстте - Нызам деп жүритиледи)ның 45-статьясы екинши
бөлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа
ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында ис
қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде
жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар
көрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек.
Нызамның 5-статьясы биринши бөлимине муўапық, төлеўге
қәбилийетсизлик белгилери төмендегилерден ибәрат:
ўақтынша төлеўге қәбилийетсизлик-егер тийисли миннетлемелер
жүзеге келген сәнеден үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса,
қаланы қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен
болса-алты ай ишинде орынланбаған болса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде
қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын
қанаатландырыўға ҳәм (яки) салық ҳәм жыйымлар бойынша өз
миннетлемелерин орынлаў мүмкин емеслиги;
турақлы төлеўге қәбилийетсизлик-егер судқа арза бериў сәнесиндеги
ҳәм арза берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза жылдың
биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есабат
дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлериниң баҳасынан асып
кеткен болса деп белгиленген.
Нызамның 37-статьясы биринши бөлимине муўапық, төлеўге
қәбилийетсизлик ҳаққындағы ис усы Нызамның 5-статьясы биринши
бөлиминде нәзерде тутылған белгилер бар болғанда суд тәрепинен
қозғатылыўы мүмкин, усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайлар тысқары.
Қарыздардыӊ мәжбүрий төлемлер бойынша төлеў мүмкиншилиги
жоқлығы, төлеў миннетлемеси пайда болған күннен баслап үш айдан өтип
кеткенликтен төлеўге қәбилийетсизлик -банкротлық белгиси бар деп
есаплаўға жатады.
Ташкент районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 23 июль
күнги 4-1001-2418/58245-санлы, 2025 жыл 22 июль күнги 4-1001-2517/68706санлы қарарларына тийкар шығарылған орынлаў хатлар мәжбүрий орынлаў
бюро бөлимине орынлаў ушын жиберилген.
Бирақ қарызларды өндириў мүмкин болмаған.
Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд хужжетлери ҳәм басқада органлар
ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 40-статьясы 3-бәнтине
тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы
ҳәм хатлаў имканияты болмағанлығы себепли Мәжбүрий орынлаў бюросы
бөлиминиң қарары иске қосылған.
Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған
қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған
юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў
орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге
қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына
қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық
хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин.
Арзада қарыздардың мәнзили Нөкис районы, **** гүзары көшеси **
жай ҳәм баслығы ***** деп көрсетилген.
Иске қосылған хүжжетлерден анықланыўнша қарыздардың арза
бериўши алдындағы қарызы бүгинги күн жағдайына 182 895 472 сомды
қурайды.
Суд қарыздардың мәжбүрий төлемлер бойынша өз мәжбүриятларын
орынлаўға мүмкин емеслиги себепли арза талабын қанаатландырыўды,
қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыўға байланыслы
ис жүритиў тәртибин қоллаўды лазым тапты.
Сапластырыў басқарыўшысы сыпатында Өзбекстан Республикасы
Мәмлекетлик активлерин басқарыў Агентлигиниң Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы тәрепинен усынылған **** кандидатурасы
тастыйқланады.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Солай етип, суд арза талабын тийкарлы таўып, қарыздардан арза
бериўши пайдасына алдын ала төленген 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы,
41 200 сом почта қәрежети ҳәм исти видеоконференция байланыс режими
арқалы көрилгенлиги себепли, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
пайдасына 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди мақул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 36, 118,
176-179, 210-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
T T И:
Арза бериўшиниӊ талабы қанаатландырылсын.
Нөкис районы **** жеке кәрханасы (СТИР:****) әпиўайыластырылған
тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табылсын, сапластырыў өндириси ашылсын.
Сапластырыў басқарыўшысы етип **** тайынлансын.
Сапластырыў басқарыўшысына қарыздар банкрот деп табылғанлығы
ҳаққында рәсмий газетада жәриялаў, белгиленген тәртипте сапластырыў
жумысларын алып барыў, қарыздарға тийисли барлық дөнгелек мөр ҳәм
штамплар (печать) рәсмийлестирилип алынсын, сапластырыў режесин дүзиў,
қарыздардыӊ мал-мүлкин анықлаў ҳәм өзиниӊ басқарыўына алыў,
экономикалық судыныӊ талабына тийкар мағлыўматлар берип барыў ҳәм
сапластырыў өндириси бойынша жуўмақлаўшы жазба түрдеги есабатыӊ 2025
жыл 30 декабрь күнине шекем Нөкис районлар аралық экономикалық судына
усыныў жүкленсин.
**** жеке кәрханасынан **** шет ел кәрханасы түриндеги
жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына 41 200 сом почта
қәрежети ҳәм 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
**** жеке кәрханасынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
пайдасына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Орынлаў хатлар берилсин.
Шешиўши қарары дархал орынлаўға қаратылсын.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева