Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2502/523 Дата решения 31.10.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья DAVLETOV DILMURAT IBRAXIMOVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b40c38a8-144a-44af-96a3-1051832e3dc5 Claim ID PDF Hash eade21490f049af4... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2502/523-санлы экономикалық ис Исти биринши инстанцияда көрген судья – Д.Давлетов Кассация инстанциясында баянатшы судья – У.Сабиров ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 31 октябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары судьялар А.Аяпов ҳәм У.Сабировлардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтың хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим прокуроры Д.Елмуратовтың, Қаракалпақстан фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем ўәкили – кеңес ҳуқық мәсләҳатшысы У.Яқыпбаев (2025 жыл 16 октябрь күнги 116-санлы исеним хат тийкарында), даўагер ўәкили – хожалық баслығы Б.Убайдуллаев, үшинши шахс Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги ўәкиллери – министрликтиң сектор баслығы Е.Давлетяров ҳәм бөлим бас қәнигеси М.Исаковлар (2025 жыл 31 октябрь күнги 01/04-731-санлы исеним хат тийкарында)дың қатнасыўында, Қарақалпақстан фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң даўагер “ ” фермер хожалығының мәпин қорғап жуўапкер Қанлыкөл районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемесинен 1.380.897.385 сом материаллық зыянды өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қабыл етилген Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 18 август күнги уйғарыўына Қарақалпақстан фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң наразы болып берген кассациялық шағымы ҳәмде қосымша ҳүжжетлерин экономикалық иси менен бирге Қарақалпақстан Республикасы суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Қарақалпақстан фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми (буннан кейин текстте Фермерлер кеңеси деп жүритиледи) даўагер “ ” фермер хожалығы (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин гөзлеп экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат етип, жуўапкер Қанлыкөл районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемесинен 1.380.897.385 сом материаллық зыянды өндириўди сораған. Судтың 2025 жыл 11 июль күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық басқармасы, 2025 жыл 1 август күнги уйғарыўы менен Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қанлыкөл районы ҳәкимлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги иске даўа талабына қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. 2 Биринши инстанциясы судының 2025 жыл 18 август күнги уйғарыўы менен ис өндиристен қысқартылған. Фермерлер кеңеси биринши инстанция судының уйғарыўынан наразы болып кассация тәртибинде шағым берген. Шағымында уйғарыўды бийкар етиўди сораған. Оған тийкар сыпатында, 4-2303-2401/831-санлы экономикалық ис бойынша билдирилген талап пенен бул истиң талаплары ҳәр түрли екенлигин, бул ис бойынша Р-1, Р-2 ҳәм Р-3 каналларын еки тәреплеме қазыў ушын 780.567.569 сом ҳәмде гидротехникалық қурылма қурыў ушын 600.329.816 сом қәрежетлерин өз есабынан жумсалғанлығын, усы пулларын өндириўди сорап атырғанлығын келтирген. Суд мәжилисинде қатнасқан Фермерлер кеңеси ўәкили кассациялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, сумма бир болғаны менен тийкарлары басқа-басқа екенлигин билдирип, шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили 4-2303-2401/831-санлы исте қәтелесип бул сумманы кириткенлигин, даўа суммасының ишинде бул сумма да бар екенлигин билдирип, кассациялық шағымды қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан үшинши шахс ўәкиллери даўагерге жеке шериклик тийкарында берилген каналлардың ишинде Р-1, Р-2 ҳәм Р-3 каналлары жоқлығын билдирип, бул иске өзлериниң байланысы жоқ екенлигин айтып өтти. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор биринши инстанция судының уйғарыўын өзгериссиз қалдырыўды сорады. Суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер ҳәмде үшинши шахслар суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 297-статьясының төртинши бөлимине муўапық, кассация инстанция судының суд мәжилисине суд долалаўын өткериў ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған, кассациялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти жуўапкер ҳәмде үшинши шахслар Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Ғазнашылық басқармасы, Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қанлыкөл районы ҳәкимлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги ўәкиллериниң қатнасыўысыз қараўды лазым тапты. Судлаў коллегиясы суд мәжилисинде қатнасқан исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин ҳәмде прокурордын пикирин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар уйғарыўды өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты. ЭПК 110-статьясының 2-бәнтинде, пуқаралық ислери бойынша судтың, экономикалық судтың ямаса сырт мәмлекет ўәкилликли судының әйне бир шахслар арасындағы, әйне бир предмет ҳаққындағы ҳәм әйне бир тийкарлар бойынша даў бойынша нызамлы күшке кирген шешиўши қарары бар болса, суд исти өндиристен қысқартатуғынлығы белгиленген. 3 Исте анықланған жағдайларға қарағанда, Қарақалпақстан фермерлери кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми даўагер « ” фермер хожалығы мәпинде Қоңырат районлар аралық экономикалық судына даўа арзасы менен мүражат етип, жуўапкер Қанлыкөл районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемесинен 3.659.142.237 сом жеткизилген зыянды өндириўди сораған. Даўа талабына тийкар сыпатында Р-1, Р-2 ҳәм Р-3 каналларын еки тәреплеме қазыў ушын 780.567.569 сом ҳәмде гидротехникалық қурылма қурыў ушын 600.329.816 сом қәрежетлери жумсалғанлығы себепли жеткизилген зыян сыпатында өндириўди сораған. Бул даўа арза жүзесинен Қонырат районлар аралық экономикалық суды тәрепинен 4-2303-2401/831-санлы экономикалық ис қозғатылған болып, 2024 жыл 2 декабрь күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған. Шешиўши қарар бүгинги күнде нызамлы күшинде. Бул жағдайда, Фермерлер кеңесиниң даўагер мәпинде берген, жуўапкерден 1.380.897.385 сом материаллық зыянды өндириўди сораған талабы 4-2303-2401/831-санлы экономикалық ис шеңберинде додаланып, бул талап бойынша әйне бир шахслар ортасында ҳәм әйне бир тийкарлар бойынша нызамлы күшине кирген шешиўши қарары бар. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019 жыл 24 май күнги “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуаллық нызам нормаларын қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының 22-бәнтиниң биринши хатбасысында, исти өндиристен қысқартыў даўдың мазмуны бойынша шешиўши қарар шығармастан суд додалаўын тамамлаў формаларынан бири болып есапланады. ЭПКның 110-статьясында нәзерде тутылған исти өндиристен қысқартыў тийкарларының дизими толық есапланады ҳәм кеңейтилген түрде талқыланыўына жол қойылмайды, деп түсиник берилген. Усы бәнттиң бесинши хатбасысында, әйне бир кредитор ҳәм қарыздар есапланған шахслар арасында, әйне бир талап бойынша берилген нызамлы күшке кирген суд буйрығы бар болғанда, сондай-ақ, пуқаралық ислери бойынша судтың, экономикалық судтың ямаса сырт мәмлекет ўәкилликли судының әйне бир тәреплер арасында әйне бир предмет ҳаққындағы ҳәм әйне бир тийкарлар бойынша даўалар бойынша нызамлы күшине кирген шешиўши қарары бар болғанда да ЭПК 110-статьясының 2-бәнтинде нәзерде тутылған исти өндиристен қысқартыў ушын тийкар болады, деп түсиндирилген. Жоқарыдағыларды инабатқа алып, судлаў коллегиясы биринши инстанция суды тәрепинен исти өндиристен қысқартыў ҳаққында дурыс жуўмақка келген деп есаплайды. Соның менен бирге, судлаў коллегиясы Фермерлер кеңесиниң кассациялық шағымында келтирилген ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби, Қонырат районлар аралық экономикалық суды тәрепинен 4-23032401/831-санлы экономикалық иси бойынша даўа тийкарында 2022 жыл 24 июнь күни дүзилген мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында басқарыўға бериў бойынша питимге тийкарланғаны менен Р-1, Р-2 ҳәм Р-3 каналларын еки тәреплеме қазыў ушын ҳәмде гидротехникалық қурылма қурыў ушын жумсалған 4 қәрежетлерин де өндириўди сораған. Сондай-ақ, усы ис бойынша да Р-1, Р-2 ҳәм Р-3 каналларын еки тәреплеме қазыў ушын ҳәмде гидротехникалық қурылма қурыў ушын жумсалған қәрежетлерин өндириў соралған. Бул жағдайда, әйне бир тийкарлар менен тәкраран даўа берилген болып есапланады. ЭПК 305-статьясы үшинши бөлиминиң 1-бәнтине муўапық, кассация инстанциясы суды биринши инстанция судының уйғарыўы, қарары үстинен берилген шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша биринши инстанция судының уйғарыўын, қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымын (протестин) қанаатландырмастан қалдырыўға ҳақылы. Баян етилгенлерге тийкарланып, кассация инстанция суды биринши инстанция судының уйғарыўын өзгериссиз, кассациялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагер Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 10 октябрь күнги “Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери искерлигин және де раўажландырыў бойынша шөлкемлестирилген илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнтине тийкар мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли исти көриў нәтийжеси менен даўагерден мәмлекетлик бажы өндирмеўди, төленген 41.200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 303, 305-статьяларын қоллап, кассация инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 18 август күнги уйғарыўы өзгериссиз, кассациялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Қарақалпақстан Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Г.Зарипова коллегия ағзалары: А.Аяпов У.Сабиров