Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2166 Дата решения 31.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 44841256-a45e-4e17-badc-acbec3ce3889 Claim ID PDF Hash 40ac8e1fd1f3f0d2... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2166-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 31-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили **** (2025-жыл 15-июль күнги 02-09/2236-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейин-палата) даўагер Өзбекстан Республикасы **** акционерлик-коммерциялық банк мәпин қорғап, жуўапкерлер Нөкис қаласы **** жеке исбилермен есабынан ҳәм Нөкис қаласы **** ЖШЖнен 43 777 000 сом кредит, 900 000 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў, өндириўди кошпес мүлкине қаратыў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Палата даўагер Өзбекстан Республикасы **** акционерлик-коммерциялық банк мәпинде жуўапкерлер **** жеке исбилермен есабынан ҳәм **** ЖШЖнен 43 777 000 сом кредит, 900 000 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириўди кошпес мүлкине қаратыўды сораған. Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Банк ўәкили суд мәжилисинде даўа арзада талап қылынған қарыздарлық сөндирилгени бойынша мағлыўмат усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Жуўапкерлер суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,170-статьяларына тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд даўагер банк ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2022-жыл 14-декабрь күни дүзилген 591675-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 36-ай мүддетке, 14% жыллық ставкада 225 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Банктың 2025-жыл 23-сентябрь күнги 02-09/3620-санлы мағлыўматында, жуўапкердиң банк алдында 21 300 000 сом кредит, 900 000 сом процент қарызлары көрсетилген. Бирақ даўа арзада 43 777 000 сом кредит, 900 000 сом процент талап қылынған. Суд мәжилисинде банк ўәкилиниң усынған 2025-жыл 30-октябрь күнги 0110/915-санлы мағлыўматында 2025-жыл 30-октябрь күнине даўа талаплары сөндирилгени көрсетилген. Демек даўа арза талаплары төлениўи менен толық шешилген. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Солай етип, суд жуўапкерден банк пайдасына почта қәрежетин өндириўди ҳәм оңнаң мәмлекет бюджетине талап қылынған сумманың 2% есабынан мәмлекетлик бажы өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Нөкис қаласы **** жеке исбилермен есабынан Өзбекстан Республикасы АКБ **** пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. **** жеке исбилермен есабынан мәмлекет бюджетине 893 540 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов