← Назад
Решение #2855728 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2142-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 31 октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили **** (2025 жыл 20 июнь күнги 35-58258-санлы исеним хат
тийкарында)ның қатнасыўында, арза бериўши ****, қарыздар Нөкис қаласы
**** жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте
төлеўге қәбилиетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасын қосымша ҳүжжетлери
менен бирге суд имәратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
**** (буннан кейин текстте - арза бериўши деп жүритиледи)
экономикалық судына арза менен мүрәжат етип, қарыздар ****
жуўапкершилиги шекленген жәмийетин (буннан кейин текстте – қарыздар деп
жүритиледи) әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилиетсиз деп табыўды
сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили қарыздардыӊ мәмлекетлик
бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорларға қарызын төлеў имкәниятыныӊ
жоқлығын билдирип, қарыздарды төлеўге қәбилиетсиз деп табыўды сорады.
Қарыздар ҳәм үшинши шахс ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен
тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде
исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған қарыздар, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, арза бериўши ўәкилиниң
түсиндирмелерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, арзаны қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилиетсизлик ҳаққында»ғы
Нызамы (буннан кейин текстте Нызам деп жүритиледи)ниң 45-статьясы
екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа
ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилиетсизлик ҳаққында ис
қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде
жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар
кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек.
Қарыздардың қарызларын мал-мүлкинен өндириў ҳаққында арза
бериўшиниң қарарлары шығарылған ҳәм олар мәжбүрий орынлаў бюро
бөлимине орынлаў ушын жиберилген.
Бирақ қарызларды өндириў мүмкин болмаған.
Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд хужжетлери ҳәм басқада органлар
ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 40-статьясы 3-бәнтине
тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы
ҳәм хатлаў имкәнияты болмағанлығы себепли Мәжбүрий орынлаў бюросы
бөлиминиң қарары иске қосылған.
Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған
қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған
юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў
орнын) анықлаўдың имкәнияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге
қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына
қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық
хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин.
Арзада қарыздардың мәнзили Нөкис қаласы, **** МПЖ, **** көшеси
** жай, баслығы **** улы деп көрсетилген.
Иске қосылған салыстырыў актине көре қарыздардың салықлар ҳәм
мәжбүрий төлемлерден қарызы 2025 жыл 18 сентябрь күнине 355 362 655
сомды қурайды.
Суд қарыздардың мәжбүрий төлемлер бойынша өз мәжбүриятларын
орынлаўға
имканияты
болмағанлығы
себепли
арза
талабын
қанаатландырыўды, қарыздарды төлеўге қәбилиетсиз деп табыўды ҳәм
сапластырыўға байланыслы ис жүритиў процедурасын қоллаўды лазым тапты.
Сапластырыў басқарыўшысы сыпатында Өзбекстан Республикасы
Мәмлекетлик активлерин басқарыў Агентлигиниң Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы тәрепинен усынылған ****тың кандидатурасы
тастыйқланады.
Солай етип, суд арза талабын тийкарлы таўып, қарыздардан арза
бериўши пайдасына алдын ала төленген почта қәрежетин өндириўди мақул
табады.
ЭПКниң 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының үш есесиндеги мәмлекетлик бажы
қарыздардан мәмлекет бюджетине өндириледи.
Жоқарыдағыларға тийқар ҳәмде ЭПКниң 36, 118, 176-179, 210статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
T T И:
Арза бериўшиниӊ талабы қанаатландырылсын.
**** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (СТИР: ****) төлеўге
қәбилетсизликтиң әпиўайыластырылған тәртиби бойынша төлеўге
қәбилиетсиз деп табылсын, сапластырыў өндириси ашылсын.
Сапластырыў басқарыўшысы етип **** тайынлансын.
Сапластырыў басқарыўшысына қарыздар төлеўге қәбилетсиз деп
табылғанлығы ҳаққында рәсмий газетада жәриялаў, белгиленген тәртипте
сапластырыў жумысларын алып барыў, сапластырыў режесин дүзиў,
қарыздардыӊ мал-мүлкин анықлаў, егерде анықланған жағдайда өзиниӊ
басқарыўына алыў, экономикалық судыныӊ талабына тийкар мағлыўматлар
берип барыў ҳәм сапластырыў жуўмағы бойынша жуўмақлаўшы жазба
түрдеги есабатыӊ 2025 жыл 28 декабрь күнине шекем Нөкис районлар аралық
экономикалық судына усыныў жүклетилсин.
**** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен **** пайдасына 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин.
**** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Республика бюджетине
1 236 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Орынлаў хатлар берилсин.
Шешиўши қарары дархал орынлаўға қаратылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева