← Назад
Решение #2855934 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2133-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нѳкис қаласы
2025 жыл 31 октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева,
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
даўагер Өзбекстан Республикасы АКБ **** мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис
районы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 7 691 280 сом мүддети
өткен процент қарызын ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) даўагер
Өзбекстан Республикасы АКБ **** (буннан кейин текстте – даўагер деп
жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген
жәмийети (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 7 691 280
сом мүддети өткен процент қарызын ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши
бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата
базалық есаплаў муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги
исбилерменлерге қарата бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес
барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған
тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПК
2034-статьясы
сегизинши
бөлимине
муўапық,
суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин
еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер ортасында 2025 жыл
10 апрель күни дүзилген 146-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк
тәрепинен жуўапкерге 60-ай мүддетке, жыллық 20% ставкада 100 000 000 сом
муғдарында кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 327-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм
Жоқарғы хожалық суды Пленумның «Кредит шәртнамаларынан келип
шығатуғын мәжбүриятлар орынланыўын тәмийинлеў ҳаққындағы пуқаралық
ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 2006 жыл 22
декабрь күнги 13/150-санлы қарарының 11-бәнтине тийкар, көрсетилген
пайызлар кредит қаржыларының тийисли суммасына ҳәм усы каржылардан
пайдаланғанлық ушын пайызлар төленеди деп түсиник берилген.
Шәртнама шәртлерин жуўапкер лазым дәрежеде орынламағанлығы
себепли, мүддети өткен 7 691 280 сом процент қарыздарлығы жүзеге келген.
Кредит шәртнамасының 2.4, 4.1.22-бәнтлерине муўапық, жуўапкер
кредит ҳәм процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў
миннетлемесин алған. Бирақ шәртнама лазым дәрежеде орынланбаған.
Банктың 2025 жыл 17 сентябрь күнги 09-007/1097-санлы
мағлыўматында жуўапкердиң жәми 7 691 280 сом мүддети өткен проценттен
қарызы көрсетилген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы банктың талапнамасы жуўапкерге почта
байланыс бөлими арқалы берилген болсада, қарыз төленбеген.
Бирақ суд канцеляриясына келип түскен 2025 жыл 31 октябрь күнги 09007/1402-санлы банк мағлыўматында қарызлардың проценттен қарыздарлығы
6 985 705,92 сомға кемейгенлиги анықланды.
Солай етип, суд даўа арза судқа берилгеннен кейин қарыздарлық қысман
сөндирилгенлигин
инабатқа
алып,
даўаның
талабын
қысман
қанаатландырыўды лазым тапты.
ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда
мǝжбүриятларды орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын,
егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген
болса жуўап береди.
Буннан тысқары ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп
көрсетилген. Усы статьяның бесинши бөлимине муўапық даўагердиң
талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый
рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүкленеди деп көрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19декабрь күнги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў
әмелияты ҳаққында”ғы 36-санлы қарарының 16-бәнтинде, улыўма қағыйдаға
көре, ис бойынша суд қәрежетлерин даўада айыплы болып шыққан тәреп
төлейди деп түсиник берилген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 6 985 705,92 сом
мүддети өткен процент қарыздарлығын ҳәм төленген 41 200 сом почта
қәрежетин, республика бюджети пайдасына 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым
тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
****
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетинен
Өзбекстан
Республикасы АКБ **** пайдасына 6 985 705,92 сом мүддети өткен процент
қарыздарлығын ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
**** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириўи) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириўи) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева