Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2141 Дата решения 31.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f2ac7e3d-f22c-440a-82b1-6e0d875ca846 Claim ID PDF Hash d1db4b209aae9a53... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2141-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 31-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили **** (2025-жыл 20-июнь күнги 35-58258санлы исеним хат тийкарында) қатнасында, арза бериўши ****ның қарыздар Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин усы суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: **** экономикалық судына арзасы менен мүрәжат етип, қарыздар Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетин әпиўайыластырылған тәртипте төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили қарыздардыӊ мәмлекетлик бюджет ҳәм бюджеттен тысқары қорларға қарызын төлеў имканиятыныӊ жоқлығын билдирип, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сорады. Қарыздар суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 128,170-статьяларына тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, арза бериўши ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамы (кейинги орынларда Нызам деп жүритиледи) 45-статьясы екинши бѳлимине тийкар мәмлекетлик салық хызмети органының ҳәм басқа ўәкилликли органның қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳаққындағы арзасына нызамшылыққа муўапық салықлар ҳәмде жыйымлар бойынша қарызды қайтарып алыў менен байланыслы ис-иләжлар кѳрилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қосымша қылыныўы керек. Қарыздардың қарызларын мал-мүлкинен ѳндириў ҳаққында арза бериўшиниң қарарлары шығарылған ҳәм олар мәжбүрий орынлаў бюро бѳлимине орынлаў ушын жиберилген. Бирақ қарызларды өндириў мүмкин болмаған. Өзбекстан Республикасыныӊ “Суд хужжетлери ҳәм басқада органлар 1 ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 40-статьясы 3-бәнтине тийкар қарыздардың пул қаржылары жоқлығы, мал-мүлки анықланбағанлығы ҳәм хатлаў имканияты болмағанлығы себепли Мәжбурий орынлаў бюросы бөлиминиң қарары иске қосылған. Нызамның 241-статьясына муўапық өз хызметин сапластырған қарыздар жеке тәртиптеги исбилермен яки сапластырылып атырған юридикалық шахстың баслығы жоқ ҳәм олардың жайласқан жерин (жасаў орнын) анықлаўдың имканияты болмаған жағдайда, жоқ қарыздарды төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы арза, кредиторлық қарызы муғдарына қарамастан, кредитор, ўәкилликли мәмлекетлик орган, мәмлекетлик салық хызмети органы яки басқа ўәкилликли орган тәрепинен берилиўи мүмкин. Арзада қарыздардың мәнзили Нөкис қаласы, *** МПЖ, *** көшеси, ** жай ҳәм баслығы **** деп көрсетилген. Иске қосылған салыстырыў актинде қарыздардың салықлар ҳәм мәжбурий төлемлерден қарызы 2025-жыл 31-октябрь күнине 314 849 000,9 сомды қурайды. Суд қарыздардың мәжбурий төлемлер бойынша өз мәжбуриятларын орынлаўға мүмкин емеслиги себепли арза талабын қанаатландырыўды, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз-банкрот деп табыўды ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў процедурасын қоллаўды лазым тапты. Сапластырыў басқарыўшысы сыпатында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерин басқарыў Агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен усынылған ***** кандидатурасы тастыйқланады. Солай етип, суд арза талабын тийкарлы таўып, қарыздардан арза бериўши пайдасына алдын ала төленген почта қәрежетин өндириўди мақул табады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Базалық есаплаў муғдарының үш есесиндеги мәмлекетлик бажы қарыздардан мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 36, 118, 176-179, 210-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР T T И: Арза бериўшиниӊ талабы қанаатландырылсын. Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (СТИН:****) төлеўге қәбилетсиз деп табылсын, сапластырыў өндириси ашылсын. Сапластырыў басқарыўшысы етип **** тайынлансын. Сапластырыў басқарыўшысына қарыздар банкрот деп табылғанлығы ҳаққында рәсмий газетада жәриялаў, белгиленген тәртипте сапластырыў жумысларын алып барыў, қарыздарға тийисли барлық дөнгелек мөр ҳәм штамплар (печать) рәсмийлестирилип алынсын, сапластырыў режесин дүзиў, 2 қарыздардыӊ мал-мүлкин анықлаў ҳәм өзиниӊ басқарыўына алыў, экономикалық судыныӊ талабына тийкар мағлыўматлар берип барыў ҳәм сапластырыў өндириси бойынша жуўмақлаўшы жазба түрдеги есабатыӊ 2026жыл 03-февраль күнине шекем Нөкис районлар аралық экономикалық судына усыныў жүкленсин. **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ****ның пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен мәмлекет бюджетине 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарары дархал орынлаўға қаратылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 3