Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2501/2154 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a5802ea0-5605-4f34-81ac-58e62029b102 Claim ID PDF Hash 902a4066b1c59608... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/ХХХ-санлы экономикалық ис Беруний районы судья ХХХ Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР ХХХ-жыл 30-октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы ХХХ басшылығында, судья жәрдемшиси Р.Юсупованың хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХ (2025-жыл 30-октябрь күнги 20-санлы исеним хат)тың қатнасыӯында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ ХХХакционерлик жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен банк алдындағы мүддети өткен 8 565 238 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 1 850 000 сўм пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған даўа арзасын өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ХХХакционерлик жәмийети (кейинги орынларда текстте – даўагер) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейинги орынларда текстте – жуўапкер)нен банк алдындағы мүддети өткен 8 565 238 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 1 850 000 сўм пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен шәртнама миннетлемелери бузылғанлығын, кредит бойынша тийкарғы кредит қарызын ҳәм пайыз қарызын ѳз ўақтында тѳлемегенлигин, бул қарыздарлықлары судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын, қарыздарлық төленбегенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисине ССП ҳәм жуўапкер ўәкиллери келмеди ҳәм ѳзлериниң жазба пикирлерин усынбады. Суд истеги ҳүжжетлерде ССП ҳәм жуўапкер суд мәжилиси ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда текстте – ЭПК)ниң 128 ҳәм 170статьяларына муўапық олардың ўәкиллери қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 14-ноябрь күни дүзилген 553-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен жуўапкерге “азық аўқат ҳәм азық аўқат емес өнимлерин сатып алыў” ушын жыллық 20 % бенен 36 ай мүддетке 100 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда текстте - ПК) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине хәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер айма-ай төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли 2025-жыл 15-сентябрь жағдайына мүддети өткен 8 565 238 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 1 850 000 сўм пайыз қарызы пайда болған. Жоқарыдағыларға тийкар, даӯагердиң мүддети өткен 8 565 238 сўм тийкарғы қарыз ҳәм 1 850 000 сўм пайыз қарыздарлықты жуӯапкер ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен өндириӯ ҳаққындағы талабы тийкарлы есапланады. Даўагердиң бул мағлыўматлары истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. Даўагер тәрепинен судқа 2025-жыл 30-октябрь жағдайына усынылған мағлыўматнамаға тийкар жуўапкердиң банк алдында мүддети өткен тийкарғы қарызынан 8 565 238 сўм ҳәм пайыздан 1 850 000 сўм қарызы төленбегенлиги көрсетилген. Сонлықтан, суд даўаны толық қанаатландырып, жуўапкерден даўагердиң пайдасына мүддети өткен 8 565 238 сўм тийкарғы қарызын ҳәм 1 850 000 сўм пайыз қарызын өндириўди лазым тапты. Сондай-ақ, ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиӯши қарары ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат қылғанынан соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарына өзгерис киритиӯ ҳаққындағы Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2022-жыл 28-декабрдеги РС-71-22-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Сондай-ақ, даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан төлем тапсырықнамасы менен 41 200 сўм почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сўм почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даӯагер ХХХакционерлик жәмийети пайдасына мүддети өткен 8 565 238 сўм тийкарғы қарызы, 1 850 000 сўм пайыз қарызы ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер ХХХ жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья ХХХ