Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2502/2050 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья UBAYDULLAEV BAXBERGEN SAGIDULLAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 3cb5457f-f021-4a2a-afd5-80e6d5c13cf4 Claim ID PDF Hash edb9e767eef8e8d4... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****-санлы экономикалық ис судья **** Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИӮШИ ҚАРАР Берунийрайоны ****5-жыл 30 октябрь Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясыБ.С.Убайдуллаев, даўагер “**** электр **** кәрханасы” акционерлик жәмийетиниң жуўапкер“**** ****” фермер хожалығынан ****сӯм тийкарғы қарыз,****,80сўм пеняөндириўди сораған даўа арзасын судтыңәпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: **** электр **** кәрханасы **** (кейинги орынларда даўагер) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,“GONA XOVLI” фермер хожалығынан(кейинги орынларда жуўапкер) ****сӯм тийкарғы қарыз, ****,80сўм пеняөндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң ****4-статьясиниң екинши бөлимине көре, жуўапкер даўа арзасы жүзесинен жазба пикирин даўа арзаны ис жүргизиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў **** уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланған ҳүжжетлер ҳәм дәлиллерди қосымша еткен ҳалда усыныўға ****.Жазба пикирге оның көширме нускасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи. Усы Кодекстиң ****4-статьясы үшинши бөлимине көре, даўа арзасы жүзесинен жазба пикир жуўапкер яки онын ўәкили тәрепинен имзаланады.Ўәкил тәрепинен имзаланған жазба пикирге исеним хат қосымша етиледи.**** жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмады. Усы Кодекстиң ****4-статьясы төртинши бөлимине көре даўа арзасының судқа жиберилиўи **** тийисли тартипте хабардар етилген жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаныәпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўға тосқынлық етпейди. Усы жағдайда суд усынылған ҳүжжетлер исти мазмуннан көрип шығыў имканиятин бериўин инабатқа алып, истиәпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўды лазым деп есаплайди. Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып даўа арзанытолыққанаатландырыўды **** тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК) 8 ҳәм ****-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң ****-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПК ****-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген. ПКниң ****-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған **** арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған энергия **** төлеў, сондай-**** шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика **** пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. ПК ****-статьясының үшинши бөлимине муўапық, қарыздар миннетлемениң орынланыўын кешиктирип жибергенде тѳлейтуғын ҳәм ѳткизип жиберилген ҳәр бир күни ушын миннетлемениң орынланбаған бѳлимине пайыз менен есапланатуғын неустойка пеня есапланади. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында ****-жыл 10-январь күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана» «тутыныўшы»ға жалғанған электр **** арқалы электр-энергиясын жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр энергиясы **** ѳз **** төлеў миннетлемесин алған. ПКниң ****-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Жуўапкер шәртнама миннетлемесин лазым дарежеде орынламағанлығы себепли****сӯмқарыздарлығы пайда болған ҳәм бул қарыздарлықлар бүгинги күнге дейин төленбеген. Бул жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти, талапнама, мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Жуўапкер қарызын кешиктирилгенлиги ушын****,80сўм пеня өндириўди сораған. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының ****-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлық яки лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ****»ғы ****санлы қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң ****-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-**** кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге **** екенлиги көрсетилген. Пеня муғдарын кемейтиў ушын тийкарлар жоқ. Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына****сӯмтийкарғы қарыз ҳәм****,80сўм пеня, **** сўм почта қәрежети, республика бюджетине****сўм мәмлекетлик **** ѳндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси ****, ****-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАРЕТТИ: Даӯа арза толыққанаатландырылсын. Жуўапкер“GONA XOVLI” фермер хожалығынандаўагер “**** электр **** кәрханасы” акционерлик жәмийети пайдасына ****сӯмтийкарғы қарыз ҳәм****,80сўм пеня, **** сўм почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер“GONA XOVLI” фермер хожалығынанреспублика бюджетине****сўм мәмлекетлик **** өндирилсин. Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин 10 күн мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап 10 күн мүддет ишинде усы суд арқалы **** Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ****. Судья ****