Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/1807 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f2986133-e2cf-45af-a8d9-ccaf237f0e4f Claim ID PDF Hash b963e72e1b56b147... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/1807-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 30-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратовтың басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили **** (2025-жыл 6-август күнги 09-007/785-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили **** (2025-жыл 20-январь күнги 53-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер **** мәпин қорғап, жуўапкер ****акционерлик жәмийетинен тийкарғы кредит қарызын ҳәм пайыз қарыздарлықларын өндириў ҳаққындағы даўа арзалары бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде видеоконференция байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер **** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап, экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер ****акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 4-2301-2503/1807-санлы ис бойынша 100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызын, мүддети өткен 11 121 147 сом банк процентин, 4-2301-2503/1810-санлы ис бойынша 100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызын, мүддети өткен 13 495 254 сом банк процентин, 4-2301-2503/1814-санлы ис бойынша 100 000 000 ом тийкарғы кредит қарызын, мүддети өткен 13 956 746 сом банк процентин өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 2-сентябрь күнги уйғарыўлары менен ****жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен барлық ислер бир иске бириктирилген ҳәм тийкарғы иске 4-2301-2503/1807-санлы ис номери берилген. Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен Палатаның даўагердиң мәпинде даўа предметин тийкарғы қарыз ҳәм пайыздан қамсызландырыў пулын (компенсация) өндириў деп өзгертиў ҳаққындағы арзасы ис жүритиўге қабыл етилген. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын тән алмаслығын, себеби алынған кредит суммалары бойынша даўагер әлле қашан жүзеге келген қамсызландырыў ҳәдийсесин қамсызландырған ҳәм бул жағдайлар ҳаққындағы мағлыўматларды қамсызлаўшыдан жасырғанлығын, 2 қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бермеген деп есаплайтуғынлығын, қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергеннен кейин қамсызландырыў шәртнамасы дүзилип, қамсызландырыў полиси алынғанлығын, бул жағдайда нызамшылыққа көре қамсызландырыў шәртнамасы ҳақыйқый емес деп есапланатуғынлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Палата, ****жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери суд мәжилисине келмеди. Усынылған даўа арзада Палата ўәкилисиз исти көрип шығыў соралған. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 129, 170статьяларына тийкар исти Палата, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер банк пенен үшинши шахс **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети орталарында 2024-жыл 21-февраль күни 25-санлы, жеке исбилермен **** орталарында 2024-жыл 26-февраль күни 114-санлы, **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети орталарында 2024-жыл 11-март күни 264-санлы кредит шәртнамалары дүзилген. Кредит шәртнамалары тийкарында банк тәрепинен үшинши шахслардың ҳәр бирине 100 000 000 сомнан кредит ажыратылған. Ажыратылған кредит қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде, жуўапкер менен даўагер орталарында 2025-жыл 18-февраль күни 23261-14/00/00-санлы қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнамаға ҳәм қамсызландырыў полисине тийкар кредит қайтпаслығы қәўипи қамсызландырылған. Усы истеги үшинши шахслар, яғный қарыздарлар тәрепинен кредит шәртнамасы миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли, банк пайдасына усы судтың 2025-жыл 19-июнь күнги шешиўши қарары менен **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен мүддетинен алдын 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 11 121 147 сом банк процентин, Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 8-август күнги шешиўши қарары менен жеке исбилермен ****дан 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 13 981 186 сом банк процентин, усы судтың 2025-жыл 19июнь күнги шешиўши қарары менен **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен мүддетинен алдын 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 13 956 746 сом банк процентин өндириў белгиленген. Бул кредит қарыздарлықлар қарыздарлар тәрепинен төленбегенлиги себепли, Палата даўагер мәпинде жуўапкерден қамсызландырыў пулын өндириўди сорап судқа даўа арза берген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 931-статьясы биринши бөлимине көре, қамсызландырыў 3 шәртнамасы дүзилип атырғанда қамсызландырыўшы өзине белгили болып, қамсызландырыў ҳәдийсесиниң жүз бериў итималын ҳәм оның жүз бериўи себепли күтилип атырған зыян муғдарын (қамсызландырыў қәўипин) анықлаў ушын әҳмийетли болған жағдайларды қамсызлаўшыға хабардар етиўи шәрт. ПКниң 943-статьясына муўапық, қамсызландырыў шәртнамасы төмендеги жағдайларда өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады: шәртнама дүзилип атырған ўақытта қамсызландырыў объекти болмаса; жынайый жол менен қолға киргизилген, жынаят предмети есапланатуғын ямаса конфискация етилиўи лазым болған мүлк қамсызландырыў шәртнамасы бойынша қамсызландырылған болса; шәртнама бойынша ҳуқықый емес мәп қамсызландырылған болса; қамсызландырыў шәртнамасында қамсызландырыў ҳәдийсеси сыпатында жүз бериў итималы ҳәм тосыннанлық белгилери болмаған ўақыя нәзерде тутылған болса. Қамсызландырыў шәртнамасы усы Кодексте ҳәм басқа нызамларда нәзерде тутылған басқа жағдайларда да өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады. ПКниң 113-статьясы биринши бөлимине көре, питим усы Кодексте ҳәм басқа нызамларда белгиленген тийкарларға бола, суд ҳақыйқый емес деп тапқанлығы себепли (тартыслы питим) ямаса сондай деп табылыўына қарамастан, ҳақыйқый емес деп есапланады (өз-өзинен ҳақыйқый емес питим). ПКниң 114-статьясы биринши бөлимине көре, ҳақыйқый емес питим оның ҳақыйқый емеслиги менен байланыслы болған ақыбетлерден тысқары басқа юридикалық ақыбетлерге алып келмейди ҳәм ол дүзилген ўақыттан баслап ҳақыйқый емес есапланады. ПКниң 116-статьясы биринши бөлимине муўапық, нызамшылық талапларына муўапық болмаған мазмундағы, сондай-ақ ҳуқық-тәртип ямаса әдеп-икрамлылық тийкарларына қастан қарсы мақсетте дүзилген питим өзөзинен ҳақыйқый емес есапланады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2017-жыл 29ноябрьдеги “Судлар тәрепинен қамсызландырыў шәртнамасынан келип шығатуғын даўаларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 45-санлы Қарарының 11.3-бәнтинде, қамсызландырыў ҳәдийсесиниң жүз бериў итималы бар болған ҳәм алдыннан болжанған ҳәмде оның келип шығыўы мүмкин екенлиги себепли қамсызландырылған ҳәдийсе итималлық ҳәм тосыннанлық белгилерине ийе болыўы керек. Бунда ўақыя қамсызландырыў шәртнамасын дүзиў ўақтында шәртнама қатнасыўшылары оның жүз бериўин билмеген ҳәм жүз бериўи яки жүз бермеўин билиўи мүмкин де болмаған жағдайда тосыннан деп тән алынады, деп түсиндирилген. Исте анықланған жағдайларға қарағанда, банк тәрепинен қарыздарларға қамсызландырыў шәртнамасы дүзилместен бир канша ўақыт алдын ажыратылған болып, қамсызландырыў шәртнамасын дүзиў ўақтына келип қарыздарлар тәрепинен кредит шәртнамасы миннетлемелери бузып келинип 4 атырғанлығы мәлим болған болса да, бул ҳаққында жуўапкерди хабардар етпестен жүз берип болған қамсызландырыў ҳәдийселери бойынша қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген. Қала берсе, суд тәрепинен медиатив келисим қабыл етилмеген болса да, тәреплер тәрепинен 2025-жыл 10-октябрь күни дүзилген келисим питимниң 7.1-бәнтинде банк 2025-жыл 18-февраль күнги 23261-14/00/00-санлы қамсызландырыў шәртнамасының ҳақыйқый емеслигин тән алған. Сонлықтан, суд қамсызландырыў шәртнамасы өз-өзинен ҳақыйқый болмағанлығы себепли, даўаны тийкарсыз деп есаплайды. Сондай-ақ, суд тәреплер орталарында дүзилген медиатив келисимди Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында»ғы Нызамының 29статьясы талапларына тийкар дүзилмегенлиги, келисимниң 7.3-бәнтиндеги даўагердиң даўа ҳәм шағым етпеслик, 8-бәнтиндеги жәрийма төлеў шәртлериниң нызамшылық талапларына қайшы болғанлығы себепли қабыл етпестен, даўаны мазмунан көриўди лазым тапты. Себеби, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына муўапық, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24-май күнги «Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нызам нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 13-санлы Қарарының 321-бәнтинде, медиация - келип шыққан даўаны тәреплер өз-ара мақул қарарға ерисиўи ушын олардың ықтыярый разылығы тийкарында медиатор көмегинде шешиў усылы есапланғанлығы себепли даўа арза (арза) ис жүритиўге қабыл етилгенинен кейин даўа сапластырылғанлығы (атап айтқанда, даўагердиң талабы жуўапкер тәрепинен қанаатландырылғанлығы) мүнәсебети менен медиатив келисим дүзиўге жол қойылмайды. Бундай жағдайда ис мазмунан көрип шығылады, бул ҳаққында суд ҳүжжетиниң тийкарландырыўшы бөлиминде көрсетиледи. Бул қағыйда Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында»ғы Нызам талабына әмел етилмеген ҳалда дүзилген медиатив келисимге де қолланылады. ЭПКниң 118-статьясының биринши, жетинши бѳлимлерине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекет органлары ҳәмде басқа шахслар тәрепинен юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылған яки олар 5 қысман қанаатландырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы мәплери гөзленип даўа усынылған шахслардан даўа талапларының қанаатландырыўсыз қалдырылған бөлегине сәйкес түрде өндириледи. Баян етилгенлерге тийкарланып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагер тәрепинен даўа арза берерде төленген почта қәрежетлерин даўагер мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 6 771 462,94 сом мәмлекетлик бажы, истиң видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер **** тен Республика бюджетине 6 771 462,94 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер **** тен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Б.Баймуратов