Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1460 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f4c5af81-e9f1-47fd-acca-1ea956ce8a7c Claim ID PDF Hash 8b953bcb30433cd8... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
304-2503/1460-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 30 октябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтыӊ хәткерлигинде, даўагер жәмийет баслығы ХХХХХ, жуўапкер ўәкиллери ХХХХХ, ХХХХХ (2025 жыл 30 октябрь күнги исеним хат тийкарында) лардыӊ қатнасыўында, даўагер “ХХХХХ” депозитарий жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер “ХХХХХ” акционерлик жәмийетинен 22 250 000 сом тийкаргы қарыз, 9 205 000 сом пеня ҳәм төленген суд қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы ҚЛ А Д Ы: Даўагер “ХХХХХ” депозитарий жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер “ХХХХХ” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 22 250 000 сом тийкаргы қарыз, 9 205 000 сом пеня ҳәм төленген суд қәрежетлерин өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер тәреп суд мәжлисинде даўа арза талабын қоллап-қуўатлады. Жуўапкер тәреп суд мәжлисинде даўа талабын тән алып, жәмийеттин мүлкий жағдайына байланыслы пеня муғдарын кемейтиўди сорады. Суд, тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ҳак есесине хызмет көрсетиӯ шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 236-статьясына муўапық мәжбуриятлар мәжбурият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 703-статьясының биринши бөлиминде ҳак есесине хызмет көрсетиӯ шәртнамасы бойынша орынлаӯшы буюртпашының тапсырмасы менен мүлкий түрде болмаған хызметти көрсетиӯ, буйыртпашы болса усы хызмет ушын ҳақы төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. 1 ПКниң 705-статьясының биринши бөлиминде буйыртпашы өзине көрсетилген хызметлер ҳақысын ҳакы есесине хызмет көрсетиӯ шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде ҳәм тәртипте төлеӯи шәртлиги белгиленген. Истеги хүжжетлерден анықланыӯынша, тәреплердиң ортасында 2015 жыл 02 ноябрь күни 5/ИП-санлы эмитентке комплекс хызметлерди көрсетиў бойынша бас шәртнамасы ҳәм 2023 жыл 14 март күни корпоратив басқарыў системасын баҳалаў бойынша 97/К- санлы шәртнамасы дүзилген. 2015 жыл 02 ноябрь күни 5/ИП-санлы шәртнаманың 1.1-бәнтине муўапық инвестициялық дәлдалшы - даўагер шәртнама шеңберинде жуўапкер-клиентке депозитариялық операцияны әмелге асырыў бойынша хызметлер, инвестициялық дәлдалшы хызметлери, инвестициялық мәсләҳәтчи хызметлери, қосымша хызметлер көрсетиў миннетлемелерин өз мойнына алады, жуўапкер - клиент даўагердиң -инвестициялық дәлдалшының көрсетилген хызметлерин қабыл етиў ҳәм төлеў миннетлемелерин өз мойнына алады. Тәреплердиң ортасында тастыйықланған 2022 жыл 30 сентябрь күнги 213-санлы есапбети фактураға муўапық 1 350 000 сомлық, 2022 жыл 31 декабрь күнги 243-санлы есапбети фактураға муўапық 1 350 000 сомлық, 2023 жыл 31 март күнги 34-санлы есапбети фактураға муўапық 1 500 000 сомлық, 2023 жыл 29 сентябрь күнги 134-санлы есапбети фактураға муўапық 1 500 000 сомлық, 2023 жыл 27 июнь күнги 95-санлы есапбети фактураға муўапық 1 500 000 сомлық, 2023 жыл 29 декабрь күнги 172-санлы есапбети фактураға муўапық 1 500 000 сомлық, 2024 жыл 29 март күнги 39-санлы есапбети фактураға муўапық 1 700 000 сомлық, 2024 жыл 30 июнь күнги 90-санлы есапбети фактураға муўапық 1 700 000 сомлық, 2024 жыл 27 декабрь күнги 152-санлы есапбети фактураға муўапық 1 700 000 сомлық, 2025 жыл 31 март күнги 22-санлы есапбети фактураға муўапық 1 875 000 сомлық, 2025 жыл 30 июнь күнги 63-санлы есапбети фактураға муўапық 1 875 000 сомлық ҳызметлер көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Есапфактуралардың формалары және оларды толтырыў, усыныў ҳәм қабыл етиў тәртиби ҳаққында"ғы Режениң 63-бәнтинде жеткерип бериўши тәрепинен усынылған электрон есап-фактура он календарь күн ишинде сатып алыўшы тәрепинен электрон санлы қолтаңба менен тастыйықланыўы ямаса тастыйықлаўды бас тартыўы шәрт екенлиги, сатып алыўшы тәрепинен белгиленген мүддетте тастыйықланбаған ямаса тастыйықлаўдын бас тартылмаған электрон есап-фактура тастыйықланған деп есапланатуғыны, бунда ҳақыйқатында әмелге асырылмаған хожалық операциялары бойынша рәсмийлестирилген есап-фактуралар товарлардың жиберилгенин ямаса хызметлер көрсетилгенин тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында тән алынбайтуғынлығы белгиленген. 2 Истеги 1 700 000 сомлық көрсетилген хызметлер бойынша 2024 жыл 30 сентябрь күнги 122-санлы есапбети фактура жуўапкер тәрепинен тастыйықланбаған ҳәм тастыйықлаўдан бас тартылмаған. Суд, 122-санлы есапбети фактура бойынша хызметлер көрсетилген деп есаплайды. Себеби, жуўапкер тәреп суд мәжилисинде бул бул есапбети фактура бойынша нарыйзалық билдирмеди ҳәм жәми қарыздарлықты тән алды. 2023 жыл 14 март күни корпоратив басқарыў системасын баҳалаў бойынша 97/К-санлы шәртнаманың 1.1-бәнтине көре, орынлаўшы Өзбекстан Республикасының "Акционерлик жәмиетлери ҳәм акционерлерди қорғаў ҳаққында"ғы Нызамы, Корпоратив басқарыў кодекси, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик басқарыў комитети ҳәм Корпоратив басқарыў илимий-билимлендириў орайы тәрепинен тастыйықланған сораўнама ҳәм Өзбекстан Республикасының басқа нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерине муўапық 2022 жыл ушын жәмийетке корпоратив басқарыў системасын баҳалаў бойынша хызмет көрсетиў миннетлемесин өз мойнына алады, жәмийет болса көрсетилген хызметлерди усы шәртнама шәртлерине муўапық қабыл етиў ҳәм төлеў миннетлемесин алады деп белгиленген. 97/К-санлы шәртнама бойынша тәреплердиң ортасында тастыйықланған 2023 жыл 20 март күнги 25-санлы есапбети фактураға муўапық даўагер тәрепинен жуўапкерге 3 000 000 сомлық хызметлер көрсетилген. Еки шәртнама бойынша даўагер тәрепинен жуўапкерге жәми 22 250 000 сомлық ҳызметлер көрсетилген. Бирақ, жуўапкер көрсетилген хызметлердиӊ ҳақысы толық төлемегенлиги нәтийжесинде даўагердиң алдында 22 250 000 сомлық тийкарғы қарыздарлығы пайда болған. Даӯагер тәрепинен жуӯапкерге жиберилген талапнамасы жуӯапсыз қалдырылған ҳәм қарыздарлық төленбеген. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнама, счёт-фактура ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. Сонлықтан, даӯа арзаның тийкарғы қарыздарлықты өндириӯ талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыӯы лазым. Даўагер даўа арзасында жуўапкер тәрепинен шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде орынланбағанлығы себепли 9 250 000 сомлық пеня өндириўди сораған. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған 3 жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп береди, Нызамыныӊ 32-статьясында жеткерип берилген товарлар (ислер, хызметлер) ҳакысын өз ўақытында төлемегенлик ушын сатып алыўшы (буйыртпа бериўши) жеткерип бериўшиге өткерип жиберген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлеў суммасыныӊ 0,4% муғдарында, бирақ, кешиктирилген төлем суммасыныӊ 50% артық болмаған муғдарда пеня төлейди деп белгиленген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Талап қылынған пеня талабы тийкарлы. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июндағы «Мәжбүриятларды орынламағанлығы ямаса лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде Пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен мәжбүриятлардың орынланыў дәрежесин, мәжбүриятта қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аҳыўалы, сондайақ, кредитордың мәплерин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтириўге ҳақылы екенлиги, соның менен бирге, судлардың итибары неустойканың ең кем муғдары ПК-ниң 327-статьясында көрсетилген пайызлар муғдарынан кем болмаўы лазымлығы белгиленген. Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеняны кемейтирип 5 000 000 сомлықға қанаатландырыўды, пеняның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. 4 Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 22 250 000 сом тийкарғы қарыз, 5 000 000 сом пеня, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети, ис видеоконференция байланыс режиминде көрилиӯи менен байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлерин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есабына өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа талабы қысман қанаатландырылсын. “ХХХХХ” акционерлик жәмийети есабынан “ХХХХХ” депозитарий жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 22 250 000 сом тийкарғы қарыз, 5 000 000 сом пеня, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қарежети өндирилсин. Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. “ХХХХХ” акционерлик жәмийети есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты а ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 5