Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1991 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 13768ad0-d2ae-4579-a09c-4f3576e4377a Claim ID PDF Hash e8504300a79b2391... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/1991-санлы ис Нөкис қаласы Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Судья С.Ниязов 2025-жыл 30-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис қаласы прокурорының жәрдемшиси ***, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 23октябрь күнги 14-санлы исеним хат тийкарында)ның қатнасыўында, даўагер "***" ЖШЖниң жуўапкер ***нен 1 560 450 сом қарызын ҳәм 624 180 сом пеня өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 1 560 450 сом қарызын ҳәм 624 180 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 16-октябрь күнги уйғарыўы менен ***, *** даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўаны қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны қысман қанаатландырыў ҳаққында пикир билдирди. Жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилиси ҳаққында хабардар етилген болса да келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар исти жуўапкер, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкилиниң түсиндирмелерин, прокурор пикирин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткерип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға 2 исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 27.11.2024-жыл 50-санлы ҳәм 10.04.2025-жыл 25-санлы өним жеткерип бериў шәртнамалары дүзилип, усы шәртнамаларға муўапық «өним жеткизип бериўши» «тутыныўшы»ға қысылған (метан) газ жеткизип бериў, «тутыныўшы» болса усы ѳнимди қабыл етип алыў ҳәм ҳақысын тѳлеў миннетлемесин алған. Сондай-ақ, шәртнаманың 2.4-бәнтине көре тутыныўшы қысылған (метан) газ ҳақысының 30 пайызын алдын-ала, қалған 70 пайызын өнимди алғаннан кейин 30 банк күнинде төлеўи лазым. Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланып, қысылған (метан) газ жеткерип берилген, лекин жуўапкер тәрепинен төлем толық әмелге асырылмаған, нәтийжеде жуўапкер даўагер алдында 1 560 450 сом қарыз болған. Бул истеги ҳүжжетлер, яғный шәртнама, есапбет-фактура, актлер менен тастыйықланады. ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 1 560 450 сом қарызды өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. Даўагер тәрепинен жуўапкерге 624 180 сом пеня есаплап өндириў соралған. ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Өзбекстан Республикасы 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама миннетлемелерин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп бериўи белгиленген. Усы Нызамныӊ 32-статьясы екинши бөлимине муўапық, жеткерип берилген товарлар (ислер, хызметлер) ҳақысын өз ўақтында төлемегенлик ушын сатып алыўшы (буйыртпашы) жеткерип бериўшиге өткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, лекин кешиктирилген төлем суммасының 50 пайызынан артық болмаған муғдарда пеня төлейди. Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң 122-статьясы биринши бөлимине муўапық, юридикалық миннетлемелер экономикалық 3 классификация кодлары бойынша бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшылар тәрепинен қабыл етиледи ҳәмде ғазнашылық бөлимлери тәрепинен дизимнен өткериледи. Исте анықланған жағдайларға қарағанда, жуўапкер бюджет мәкемеси есапланып, тәреплер орталарында дүзилген 27.11.2024-жыл 50-санлы ҳәм 10.04.2025-жыл 25-санлы шәртнама тийисли тәртипте ғазнашылық бөлиминен дизимнен өткен. Шәртнаманыӊ 3.2 “а”-бәнтине муўапық, тутыныўшы жеткерип бериўшиге төлемлер кешиктирилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлемниң 0,4 % муғдарында, лекин 50%тен аспаған муғдарда пеня төлейди. Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 624 180 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды. ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, суд пеня миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслигин, кредитор ҳәм қарыздар мәплерин есапқа алып, пеня муғдарын кемейтириўди ҳәм 100 000 сом пеня өндириўди мақул табады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 560 450 сом қарызын, 100 000 сом пеня, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин ѳндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. 4 Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Жуўапкер ***нен даўагер "***" ЖШЖ пайдасына 1 560 450 сом қарызы, 100 000 сом пеня, 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов