Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/2127 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 1654feec-db97-43d3-b459-b9e6b8073332 Claim ID PDF Hash 80041874d657be83... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2127-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 30-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 6-август күнги 09-007/785-санлы исеним хат тийкарында)ның қатнасыўында, ***ның даўагер АКБ "***" мәпинде жуўапкер жеке исбилермен “***”тен даўагер пайдасына 9 196 124 сом мүддети өткен пайыз қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте *** деп жүритиледи) даўагер АКБ "***" (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер жеке исбилермен “***” (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)тен даўагер пайдасына 9 196 124 сом мүддети өткен пайыз қарызын өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлап, жуўапкердиң бүгинги күнде кредит пайызы қарыздарлығы төленбестен көбейип баратырғанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады, егер: уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса; суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен болса; уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен болса. 2 Жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили) бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшыға тапсырылған. Жуўапкер, *** суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисине ўәкили келмеди. *** өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 170-статьяларына тийкар исти жуўапкер, *** ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 8-май күни 790-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге темир дәрўаза ҳәм есиклерди ислеп шығарыў мақсетинде әспаб-үсекенелерди сатып алыў ушын 84 ай мүддетке, жыллық 18% төлеў шәрти менен 100 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 2.4, 4.2.1-бәнтлерине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Нәтийжеде, жуўапкердиң 2025-жыл 17-сентябрь жағдайына мүддети өткен пайыз қарызы 9 196 124 сомды қураған. Сонлықтан, даўагердиң жуўапкерден 9 196 124 сом мүддети өткен пайыз қарызын өндириў талабы тийкарлы есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 9 196 124 сом мүддети өткен пайыз қарызын, 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. 3 Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер жеке исбилермен “***”тен даўагер АКБ "***" пайдасына 9 196 124 сом мүддети өткен пайыз қарызы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер жеке исбилермен “***”тен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов