← Назад
Решение #2856812 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2007-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 30-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (2025-жыл 6-март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, даўагер «***» акционерлик жәмийетиниң
жуўапкер "***" ЖШЖнен 2 344 527,04 сом қарызын өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
«***» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, "***" ЖШЖ
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 2 344 527,04 сом қарызын
өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкили жуўапкер 2025-жыл 26-июнь
күни тармақтан үзилгенлигин, лекин бул бойынша базаға мағлыўмат
киритилмегенлиги себепли июль, август айлары ушын энергия жоғалтыў
қәрежетлери есапланғанлығы себепли даўа берилгенлигин, бүгинги күнде база
дурысланғанлығы себепли жуўапкердиң қарызы жоқлығы анықланғанлығын,
даўа тийкарсыз берилип кеткенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди
сорады.
Жуўапкер суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген
болса да, суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар исти жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул тапты.
Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмелерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Тәреплер орталарында 2025-жыл 29-январь күни 168311-санлы электр
энергиясын жеткерип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте
Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин алған,
жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған
2
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, жуўапкер 2025-жыл 26-июнь
күни электр тармағынан үзилген болып, бул ҳаққында базаға мағлыўмат
киритилмей қалғанлығы себепли жуўапкерге тийкарсыз 2025-жыл июль, август
айлары ушын электр энергиядан жоғалтыў қәрежетлери есапланған.
Сол себепли жуўапкерде қарыз пайда болып судқа даўа берилген. Лекин,
ис судта көрилиўи барысында жуўапкердиң тармақтан үзилгенлиги ҳаққында
мағлыўмат базаға киритилгенлиги нәтийжесинде жуўапкерде тийкарсыз
есапланып турған қарыздарлық алып тасланып қарызы жоқ екенлиги
аныкланған. Бул истеги ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң түсиндирмеси менен
тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 2 344 527,04 сом қарызын
өндириў талабын тийкарсыз деп есаплайды.
ЭПКниӊ 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм қарсылықларына тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлилеўи керек.
ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген почта қәрежетин өз мойнында
қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар етти :
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«***» акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап
бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция
тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест
келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов