Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/1793 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID e1be9d29-0afe-46ba-9056-f72ccc7b8938 Claim ID PDF Hash 270e52e3a84edddb... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/1793-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 30-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили *** (2025-жыл 6-август күнги 09-007/785-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 20-январь күнги 53-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахслар «***» ЖШЖ баслығы ***, жеке исбилермен ***тың ўәкили ***лардың қатнасыўында, ***ның даўагер “***” АКБ мәпин қорғап жуўапкер “***” акционерлик жәмийетинен тийкарғы кредит қарызын ҳәм пайыз қарыздарлықларын өндириў ҳаққындағы даўа арзалары бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде видеоконференция байланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: *** (буннан кейин текстте *** деп жүритиледи) даўагер “***” АКБ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпин қорғап экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “***” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 4-2301-2503/1808-санлы ис бойынша 87 010 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 8 218 584 сом пайыз, 42301-2503/1812-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 10 779 233 сом пайыз, 4-2301-2503/1799-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 8 248 262 сом пайыз, 4-2301-2504/1813-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 14 352 037 сом пайыз, 42301-2504/1811-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 7 461 129 сом пайыз, 4-2301-2504/1809-санлы ис бойынша 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 15 890 471 сом пайыз, 4-2301-2503/1793-санлы ис бойынша 50 000 000 сом тийкарғы кредит қарызы, 2 785 216 сом пайыз қарыздарлықты өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 29-август ҳәм 2-сентябрь күнги уйғарыўлары менен жеке исбилермен “***”, жеке исбилермен “***”, “***” ЖШЖ, жеке исбилермен “***”, “***” ЖК, “***” ЖШЖ, жеке исбилермен “***”лар даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен барлық ислер бир иске бириктирилген ҳәм тийкарғы иске 4-2301-2503/1793-санлы ис номери берилген. Судтың 2025-жыл 23-сентябрь күнги уйғарыўы менен ***ның даўагердиң мәпинде даўа предметин тийкарғы қарыз ҳәм пайыздан, қамсызландырыў пулын (компенсация) өндириў деп өзгертиў ҳаққындағы арзасы ис жүритиўге қабыл етилген. 2 Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлап, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын тән алмаслығын, себеби алынған кредит суммалары бойынша даўагер әлле қашан жүзеге келген қамсызландырыў ҳәдийсесин қамсызландырған ҳәм бул жағдайлар ҳаққындағы мағлыўматларды қамсызлаўшыдан жасырғанлығын, қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бермеген деп есаплайтуғынлығын, қамсызландырыў ҳәдийсеси жүз бергеннен кейин қамсызландырыў шәртнамасы дүзилип, қамсызландырыў полиси алынғанлығын, бул жағдайда нызамшылыққа көре қамсызландырыў шәртнамасы ҳақыйқый емес деп есапланатуғынлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Үшинши шахс “***” ЖШЖ баслығы суд мәжилисинде шаңарақ жағдайларына байланыслы кредит қарыздарлықты төлеў иләжы жоқлығын билдирип, кредит қарыздарлығын қамсызландырыў шөлкеминен өндириўди сорады. Үшинши шахс жеке исбилермен “***”тиң ўәкили суд мәжилисинде искерлиги сәтсизликке ушырап жумыс ислемей атырғанлығына байланыслы кредит қарыздарлықты төлеў иләжы жоқлығын билдирип, кредит қарыздарлығын қамсызландырыў шөлкеминен өндириўди сорады. ***, үшинши шахслар жеке исбилермен “***”, жеке исбилермен “***”, “***” ЖШЖ, жеке исбилермен “***”, “***” ЖКлар суд мәжилисине келмеди. Усынылған даўа арзада *** ўәкилисиз исти көрип шығыў соралған. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 129, 170статьяларына тийкар исти ***, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер банк пенен үшинши шахс жеке исбилермен “***” орталарында 2024-жыл 7-март күни 249-санлы, жеке исбилермен “***” орталарында 2024-жыл 29-февраль күни 174-санлы, жеке исбилермен “***” орталарында 2024-жыл 20-февраль күни 60-санлы, “***” ЖШЖ орталарында 2024-жыл 5-март күни 216-санлы, жеке исбилермен “***” орталарында 2024-жыл 1-март күни 185-санлы, “***” ЖК орталарында 2024жыл 15-февраль күни 10-санлы, “***” ЖШЖ орталарында 2024-жыл 26февраль күни 130-санлы кредит шәртнамалары дүзилген. Кредит шәртнамалары тийкарында банк тәрепинен үшинши шахс жеке исбилермен “***”ке 50 000 000 сом, қалған үшинши шахсларға ҳәр бирине 100 000 000 сомнан кредит ажыратылған. Ажыратылған кредит қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде, жуўапкер менен даўагер орталарында 2025-жыл 18-февраль күни 23261-14/00/00-санлы қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнамаға ҳәм 3 қамсызландырыў полисине тийкар кредит қайтпаслығы қәўипи қамсызландырылған. Усы истеги үшинши шахслар яғный қарыздарлар тәрепинен кредит шәртнамасы миннетлемелери лазым дәрежеде орынланбағанлығы себепли банк пайдасына усы судтың 2025-жыл 11-апрель күнги шешиўши қарары менен жеке исбилермен “***”тен мүддетинен алдын 50 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 2 785 216 сом пайыз, 2025-жыл 5-март күнги шешиўши қарары менен жеке исбилермен “***”тен 14 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 3 556 150,52 сом пайыз, 107 453,65 сом пеня, 2025-жыл 19-июнь күнги шешиўши қарары менен жеке исбилермен “***”тен мүддетинен алдын 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 10 779 233 сом пайыз, 2025-жыл 19-июнь күнги шешиўши қарары менен “***” ЖШЖнен мүддетинен алдын 100 000 000 сом тийкарғы кредит карызын, 8 248 262 сом пайыз, 2025-жыл 6февраль күнги шешиўши қарары менен жеке исбилермен “***”тен 5 548 048,15 сом пайыз қарызын, 300 000 сом пеня, 2025-жыл 10-апрель күнги шешиўши қарары менен “***” ЖКнан мүддетинен алдын 100 000 000 сом тийкарғы кредит қарызын, 7 461 129 сом пайыз, 2025-жыл 6-февраль күнги шешиўши қарары менен “***” ЖШЖнен 11 628 197,57 сом пайыз, 500 000 сом пеня өндириў белгиленген. Бул кредит қарыздарлықлар қарыздарлар тәрепинен төленбегенлиги себепли *** даўагер мәпинде жуўапкерден қамсызландырыў пулын өндириўди сорап судқа даўа арза берген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 931-статьясы биринши бөлимине көре, қамсызландырыў шәртнамасы дүзилип атырғанда қамсызландырыўшы өзине белгили болып, қамсызландырыў ҳәдийсесиниң жүз бериў итималын ҳәм оның жүз бериўи себепли күтилип атырған зыян муғдарын (қамсызландырыў қәўипин) анықлаў ушын әҳмийетли болған жағдайларды қамсызлаўшыға хабардар етиўи шәрт. ПКниң 943-статьясына муўапық, қамсызландырыў шәртнамасы төмендеги жағдайларда өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады: шәртнама дүзилип атырған ўақытта қамсызландырыў объекти болмаса; жынайый жол менен қолға киргизилген, жынаят предмети есапланатуғын ямаса конфискация етилиўи лазым болған мүлк қамсызландырыў шәртнамасы бойынша қамсызландырылған болса; шәртнама бойынша ҳуқықый емес мәп қамсызландырылған болса; қамсызландырыў шәртнамасында қамсызландырыў ҳәдийсеси сыпатында жүз бериў итималы ҳәм тосыннанлық белгилери болмаған ўақыя нәзерде тутылған болса. Қамсызландырыў шәртнамасы усы Кодексте ҳәм басқа нызамларда нәзерде тутылған басқа жағдайларда да өз-өзинен ҳақыйқый емес деп есапланады. ПКниң 113-статьясы биринши бөлимине көре, питим усы Кодексте ҳәм басқа нызамларда белгиленген тийкарларға бола, суд ҳақыйқый емес деп 4 тапқанлығы себепли (тартыслы питим) ямаса сондай деп табылыўына қарамастан, ҳақыйқый емес деп есапланады (өз-өзинен ҳақыйқый емес питим). ПКниң 114-статьясы биринши бөлимине көре, ҳақыйқый емес питим оның ҳақыйқый емеслиги менен байланыслы болған ақыбетлерден тысқары басқа юридикалық ақыбетлерге алып келмейди ҳәм ол дүзилген ўақыттан баслап ҳақыйқый емес есапланады. ПКниң 116-статьясы биринши бөлимине муўапық, нызамшылық талапларына муўапық болмаған мазмундағы, сондай-ақ ҳуқық-тәртип ямаса әдеп-икрамлылық тийкарларына қастан қарсы мақсетте дүзилген питим өзөзинен ҳақыйқый емес есапланады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2017-жыл 29ноябрьдеги “Судлар тәрепинен қамсызландырыў шәртнамасынан келип шығатуғын даўаларды шешиўде нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 45-санлы Қарарының 11.3-бәнтинде, қамсызландырыў ҳәдийсесиниң жүз бериў итималы бар болған ҳәм алдыннан болжанған ҳәмде оның келип шығыўы мүмкин екенлиги себепли қамсызландырылған ҳәдийсе итималлық ҳәм тосыннанлық белгилерине ийе болыўы керек. Бунда ўақыя қамсызландырыў шәртнамасын дүзиў ўақтында шәртнама қатнасыўшылары оның жүз бериўин билмеген ҳәм жүз бериўи яки жүз бермеўин билиўи мүмкин де болмаған жағдайда тосыннан деп тән алынады, деп түсиндирилген. Исте анықланған жағдайларға қарағанда, банк тәрепинен қарыздарларға қамсызландырыў шәртнамасы дүзилместен бир канша ўақыт алдын ажыратылған болып, қамсызландырыў шәртнамасын дүзиў ўақтына келип қарыздарлар тәрепинен кредит шәртнамасы миннетлемелери бузып келинип атырғанлығы мәлим болған болса да, бул ҳаққында жуўапкерди хабардар етпестен жүз берип болған қамсызландырыў ҳәдийселери бойынша қамсызландырыў шәртнамасы дүзилген. Қала берсе, суд тәрепинен медиатив келисим қабыл етилмеген болса да, тәреплер тәрепинен 2025-жыл 10-октябрь күни дүзилген келисим питимниң 7.1-бәнтинде банк 2025-жыл 18-февраль күнги 23261-14/00/00-санлы қамсызландырыў шәртнамасының ҳақыйқый емеслигин тән алған. Сонлықтан, суд қамсызландырыў шәртнамасы өз-өзинен ҳақыйқый болмағанлығы себепли даўаны тийкарсыз деп есаплайды. Сондай-ақ, суд тәреплер орталарында дүзилген медиатив келисимди Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында»ғы Нызамының 29статьясы талапларына тийкар дүзилмегенлиги, келисимниң 7.3-бәнтиндеги даўагердиң даўа ҳәм шағым етпеслик, 8-бәнтиндеги жәрийма төлеў шәртлериниң нызамшылық талапларына қайшы болғанлығы себепли қабыл етпестен, даўаны мазмунан көриўди лазым тапты. Себеби, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 55-статьясына муўапық, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, 5 мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи. Ҳәр кимге бузылған ҳуқық ҳәм еркинликлерин тиклеў ушын оның жумысы нызамда белгиленген мүддетлерде ўәкилликли, ғәрезсиз ҳәм де қалыс суд тәрепинен көрип шығылыўы ҳуқықына кепиллик бериледи. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24-май күнги «Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нызам нормаларын қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 13-санлы Қарарының 321-бәнтинде, медиация - келип шыққан даўаны тәреплер өз-ара мақул қарарға ерисиўи ушын олардың ықтыярый разылығы тийкарында медиатор көмегинде шешиў усылы есапланғанлығы себепли даўа арза (арза) ис жүритиўге қабыл етилгенинен кейин даўа сапластырылғанлығы (атап айтқанда, даўагердиң талабы жуўапкер тәрепинен қанаатландырылғанлығы) мүнәсебети менен медиатив келисим дүзиўге жол қойылмайды. Бундай жағдайда ис мазмунан көрип шығылады, бул ҳаққында суд ҳүжжетиниң тийкарландырыўшы бөлиминде көрсетиледи. Бул қағыйда Өзбекстан Республикасының «Медиация ҳаққында»ғы Нызам талабына әмел етилмеген ҳалда дүзилген медиатив келисимге де қолланылады. ЭПКниң 118-статьясының биринши, жетинши бѳлимлерине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекет органлары ҳәмде басқа шахслар тәрепинен юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылған яки олар қысман қанаатландырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы мәплери гөзленип даўа усынылған шахслардан даўа талапларының қанаатландырыўсыз қалдырылған бөлегине сәйкес түрде өндириледи. Баян етилгенлерге тийкарланып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагер тәрепинен даўа арза берерде төленген почта қәрежетлерин даўагер мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 14 094 899 сом мәмлекетлик бажы, истиң видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежетин өндириўди лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер “***” АКБтен Республика бюджетине 14 094 899 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Даўагер “***” АКБтен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. 6 Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов