← Назад
Решение #2857075 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2027-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 30-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваеның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили **** (2025-жыл 20-октябрь күнги 01-12/3998-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили **** (2025-жыл 25-сентябрь күнги 114-санлы
исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер ****ниң жуўапкер ****
ЖШЖнен 165 174 500 сом қаржыны, почта қарежетин өндириў ҳаққындағы
даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер **** жуўапкер **** ЖШЖнен 165 174 500 сом қаржыны, почта
қарежетин өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили жуўапкер - жәмийетке қарата тексериў
өткерилгенин, нәтийжеде нызамшылыққа муўапық ис көрилип, қарар
тийкарында жәрийма қолланыў мақул табылғанын, сонлықтан даўаның
талабы тийкарлы екенин, себеби жуўапкер нызамшылық талапларына әмел
кылмағаны истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынын билдирип, даўа
арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде истеги даўагердиң 2025-жыл 17июнь күнги 1-23-2025/54-санлы қарарын ҳақыйқый емес деп табыў ҳақкында
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилк судына арзасы тийкарында мүрәжат
еткенин, бирақ ол судтың 2025-жыл 13-август күнги 5-2301-2501/418-санлы
шешиўши қарары менен арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанын, нызамда
белгиленген тәртипте шешиўши қарарына шағым беретуғынын билдирип,
экономикалық иси бойынша нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап,
истеги
ҳүжжетлерин
үйренип
шығып,
даўаның
талабын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 18-март күнги 170-санлы қарары менен
тастыйықланған «Биржа саўдаларында жоқары ликвидли ҳәм монопол
түрдеги өнимлерди сатыў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң талапларына әмел
етиў бойынша истеги жуўапкер тәрепинен 2024-жыл 01-январь күнинен 2024жыл 31-май күнине шекемги дәўирге жоқары ликвидли монопол түрдеги
өнимлердиң биржа саўдаларында сатылыўы жағдайлары бойынша тексериў
өткерилген.
1
Тексериў жуўмағында 2024-жыл даўамында 30-жағдайда жәми 5426тонна, 2025-жыл январь-май айлары даўамында 3-жағдайда жәми 150-тонна
бийдай уны өними биржа саўдаларына қойылғаны анықланған.
Сондай-ақ, жәмийет тәрепинен тастыйықланған график тийкарында
2024-жыл даўамында 10-жағдайда жәми 535-тонна, 2025-жыл январь-май
айлары даўамында 20-жағдайда жәми 1000-тонна бийдай уны өними биржа
саўдаларына қоймаў бойынша монополияға қарсы гүресиў органын ҳәм
биржаны хабардар етпегенлиги анықланған. Нәтийжеде 63-жағдайда нызам
бузыўшылық жағдайлары жүз берген.
Бул жағдайларға көре даўагер тәрепинен жуўапкерге қарата әмелдеги
нызамшылық талаплары бузылғанлығы белгилери бойынша ис қозғатылған.
Ис материалларына қосылған даўагердиң 2025-жыл 17-июнь күнги 123-2025/54-санлы қарарында жуўапкер тәрепинен Өзбекстан Республикасы
“Бәсекилик ҳаққында”ғы Нызамының 29-статьясы талабы бузылғанлығы
анықланғаны 165 174 500 сом қаржыны ықтыяри рәўиште төлеў усыныс етиў
бойынша көрсетпе бериў мақул табылған.
Қарар тийкарында берилген даўагердиң 2025-жыл 17-июнь күнги 1-232025/54-санлы көрсетпесинде 165 174 500 сом қаржыны бир ай мүддет ишинде
төлеў усыныс етилген. Сондай-ақ, бир айлық мүддет ишинде Көрсетпениң
орынланғаны ҳақкында жуўапкер мағлыўмат бериўи тийис болған.
Жуўапкер көрсетпени орынламағаны себепли даўаның талабын
қанаатландырыўға тийкарлар бар. Себеби даўагердиң 2025-жыл 17-июнь
күнги 1-23-2025/54-санлы қарары нызамлы күшинде екенлиги истеги
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Суд даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына 165 174 500 сомды өндириўди мақул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым.
Суд исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден мәмлекет бюджетине
даўа суммасының 2% есабынан 3 303 490 сом мәмлекетлик бажыны ҳәм
жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул
табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
Е Т Т И:
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
****
ЖШЖнен
Қарақалпақстан
Республикасы
Бәсекиликти
раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў пайдасына
165 174 500 сом қаржы, 41 200 сом почта қарежети өндирилсин.
**** ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 3 303 490 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
2
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов
3