Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/503 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d48b5649-8a56-45ad-bf50-d9b038f3bffb Claim ID PDF Hash 76668e04dec52ea0... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****-****/****-санлы экономикалық ис Биринши инстанцияда исти көрген судья–**** Апелляцияинстанциясында баянатшысудья-**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 30 октябрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья **** басшылығында, коллегия ағзалары **** ҳәм **** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси **** ның хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили–бас инспектор **** (**** жыл 25 апрель күнги ****-санлы исеним хат тийкарындатийкарында), жуўапкер ўәкиллери – жәмийет баслығы ****, адвокатлар **** ҳәм ****(ордерлер тийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши **** Мәмлекет салық басқармасы жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине **** сом жәрийма санкциясын қоллаўды сораған арзасы бойынша қабыл етилген **** районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 8 апрель күнги шешиўши қарарына жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген кассациялық шағымын ис ҳүжжетлери менен бирге **** судының имәратында видеоконференциялық байланыс режиминдеги ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: **** Мәмлекет салық басқармасы (буннан кейин текстте - арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судына арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи) Өзбекстан ****ң **** жыл 14 май күнги «Өзбекстан Республикасында сыртқы саўда операциялары мониторингин жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ****»ғы ****-санлы қарарына (буннан кейин текстте-****-санлы қарар деп жүритиледи) тийкар жәми **** сом жәрийма санкциясын қоллаўды ҳәм почта қәрежетин өндириўди сораған. **** районлар аралық экономикалық судының ****5 жыл 8 апрель күнги шешиўши қарары менен арзақанаатландырылып, жуўапкерге**** сом жәрийма санкциясы қолланылған ҳәм қолланылған жәрийманы өндириў арза бериўшиге жүклетилген. Жуўапкер шешиўши қарарға наразы болып кассация тәртибинде шағым берген. Кассациялық шағымында шәртнамаға тийкар Россия Федерациясында жайласқан “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине жәми**** рубль муғдарында пул қаржыларынөткерип бергенлигин, ****котрагент тәрепинен товарлар жеткерип берилмегенлигин, бул жағдай бойынша **** Республикасы прокуратурасына мүрәжаат еткенлигин, бүгинги күнде жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери әмелге асырылып атырғанлығын,товарлар өзине байланыслы болмаған ҳалда Ɵзбекстан Республикасы аймағына алып кирилмегенлигин, жәмийеттиң айыбы жоқ екенлигин көрсетип, шешиўши қарарын бийкар қылып жаңа қарар қабыл қылыўды сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер жәмийет баслығы кассация шағымында келтирилген ўәжлерин тәкирарлап, Россия менен шәртнама дүзгенлигин, шәртнама акридит арқалы дүзилгенлигин, **** **** сом **** хызметине төлегенлигин, пулқаржыларыөткерип берилгенлигин, **** товарларкелмегенлигин, бул бойынша ортада кепил барболғанлығын,ҳәзирги **** бул кепилге жынаят иси қозғатылғанлығынбилдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа қарар қабыл етиўди сорады. Жуўапкер ўәкили адвокат ****суд мәжилисинде бул жағдай бойынша **** жыл 19 февралда жынайы ис қозғатылғанлығын, бул шешиўши қарарға орынлаў хат шығып мәжбүрий орынлаў бюросына орынлаў ушын қаратылып кеткенлигин, ****тан қәлбеки ҳүжжетлер менен ҳеш қандай өним жеткизип берместен пулын алып кеткенлигин, тергеўде де буны жәбирлениўши деп танып атырғанлығын билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етиўди сорады. Жуўапкер ўәкили адвокат **** суд мәжилисинде бугинги кунде товарлардың жетип келмеўине «****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң ҳеш қандай айыбы жоқ екенлигин, **** пул жиберген **** пул тоқтап турыў керек екенлигин, булар билмеген ҳалда қалбеки хужжетлер менен товарымды жибердим деп **** пулларды өзине өткизип алғанлығын, бул жерде исбилермен жәбир көрип атырғанлығын билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етиўди сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан арза бериўши ўәкили **** импорт шәртнамасынан келип шыққан Россия мәмлекети менен «****» жуўапкершилиги шекленген жәмийети ортасындағы бул ис арза бериўши тәрепинен арза киритилип биринши инстанция судында да көрилгенлигин, Ɵзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң ****-санлы қарары менен тастыйқланған Режеси бар екенлигин, яғный бул Режеде сыртқы саўда операциялары бойынша муддети өткен дебитор қарыздарлығы жузеге келгенде жәрийма қолланыў ҳалаты көрсетилгенлигин, ****-санлы нызамға тийкар жынайый ис қозғатылғанлығы жәрийма қолламаўға себеп болмайтуғынлығын билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады. Судлаў коллегиясы исте қатнасыўшы шахслардың пикирлерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер тәрепинен ****3 жыл 04 октябрь күни дүзилген **** UZ-санлы импорт шәртнамасына муўапық “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине бийдай өнимин сатып алыў ушын жәми **** рубль муғдарындағы пул қаржысы өткерилген, бирақ бүгинги күнге шекем бийдай өнимлери алып келинбеген. Нәтийжеде, жуўапкердиң жәми**** рубль муғдарындағы шет ел валютадағы дебитор қарыздарлығы жүзеге келген. Усыған тийкар арза бериўши тәрепинен жуўапкерге жәми **** сом финанслық жәрийма есапланғанлығы ҳаққында ****5 жыл 28 январь күнги 30****-санлы талапнама берилген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен талапнама жуўапсыз қалдырылған. 2 Сонлықтан, арза бериўши экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип жуўапкерге жәми **** сом финанслық жәрийма қоллаўды сораған. Өзбекстан ****ң **** жыл 14 май күнги «Өзбекстан Республикасында сыртқы саўда операциялары мониторингин жәнеде жетилистириў ис-иләжлары ****»ғы****-санлы қарары менен тастыйықланғанРеже(буннан кейин текстте – Реже деп жүритиледи)ниң27-бәнтине көре, сыртқы саўда контрактлары бойынша активлердиң репатриациясын (сырт елден шет ел валютасындағы қаржылардың келип түсиўин ямаса усы Режеде көрсетилген **** режимлеринде товарлардың республикаға алып кирилиўин ҳәм рәсмийлестирилиўин, жумыслардың орынланыўын ҳәм хызметлердиң көрсетилиўин ямаса қаржылардың қайтарылыўын) усы Режениң 23, 24 ҳәм 241-бәнтлеринде белгиленген мүддетлерде тәмийинлемеген хожалық жүргизиўши субектлер Өзбекстан Республикасының "Валютаны тәртипке салыў ****"ғы Нызамының 111-статьясында белгиленген жәрийманы төлейди. Өзбекстан Республикасының "Валютаны тәртипке салыў ****"ғы Нызамының 111-статьясында,норезидентке төлем ямасаэкспорт әмелге асырылған сәнеден кейин көби менен қырқ бес күнде (киши исбилерменлик субектлери ушын тоқсан күнде) сыртқы саўда операциялары бойынша активлердиң репатриациясын тәмийинлемеген резидентлер республика бюджетидәраматына: активлери репатриация қылыў норезидентине төлем яки экспорт әмелге асырылған сәнеден итибаран **** күнге шекем кешиккенде - репатриация қылынбаған активлер суммасының 5 процентине тең муғдарда; активлери репатриация қылыў норезидентине төлем яки экспорт әмелге асырылған сәнеден итибаран **** күннен **** күнге шекем кешиккенде репатриация қылынбаған активлер суммасының 10 процентине тең муғдарда қосымша рәўиште; активлери репатриация қылыў норезидентине төлем яки экспорт әмелге асырылған сәнеден итибаран **** күннен артық кешиккенде - репатриация қылынбаған активлер суммасының 35 процентине тең муғдарда республика бюджети есабына қосымша жәрийма төлейтуғынлығы белгиленген. Режениң 23-бәнтинде товарларды Республикаға алып кириў ҳәм “еркин қатнасыққа шығарыў (импорт)” **** режимине рәсийлестириў, сондай-****, ислерди орынлаў яки хызметлер көрсетиў яки олар ушын төленген пул қәрежетлерин қайтарыў мүддети импорт контрактлери бойынша төлем әмелге асырылған күннен баслап **** күннен артық болмаў керек. Алып кириў контракты бойынша товарар Республикаға алып кириў ҳәм **** қоймахана, еркин қоймахана, еркин **** зонасы, ****аймағында қайта ислеў **** режимилерине рәсмийлестириў, сондай-****, олар ушын төленген пул қарежетлерин қайтарыў мүддети усы контрактлер бойынша төлем әмелге асырылған күннен баслап **** күннен артық болмаў керек. Режениң 24-бәнтинде экспорт контракты бойынша түсим түсиуи яки товарларды қайта алып кириў мүддети товарларга қарата “экспорт” **** режими бойынша **** жүк декларациясы рәсмийлестирилген сәнеден ҳәм хызметлерге (ислерге) қарата орынланған ислерди қабыл етип алыў акти имзаланған сәнеден баслап **** күннен асып кетпеўи керек. 3 Алып шығыў контракты бойынша түсим түсиўи яки товарларды кайта алып кириў мүддети товарлар реэкспорт **** режимине рәсмийлестирилген сәнеден баслап **** күннен асып кетпеўи керек. Режениң 241-бәнтинде сатып алыў контракти бойынша төленген пул қәрежетлерин қайтарыўяки сатыў контракты бойынша пул қәрежетлериниң келип түсиўи сатып алыў контракты бойынша төлем әмелге асырылған күннен баслап **** күннен аспаўы керек.Бунда сатып алыў контракты бойынша келип түскен пул қәрежетлериниң муғдары сатып алыў контракты бойынша төленген пул қәрежетлери муғдарынан кем болмаўы лазымлығы белгиленген. **** жыл 01 декабрь күни “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине****-санлы төлеў ҳүжжети менен **** рубль, ****-санлы төлеў ҳүжжети менен **** рубль, жәми **** рубль пул қаржылары өткерип берилген. Норезиденткетөлем әмелге асырылған сәнеден кейин **** күнге шекем ҳәм **** күннен**** күнге шекем товарлар келип түспеген. Демек, контрагентке төленген **** рубль мүддети өткен дебитор қарыздарлықтың 5 процент (талапнама жазылған күндеги курс бойынша1 рубль = ****,74 сом)****,2 сом, ****рубль мүддети өткен дебитор қарыздарлықтың 5 процент****,8сом, **** рубль мүддети өткен дебитор қарыздарлықтың10 процент****,4сом, **** рубль мүддети өткен дебитор қарыздарлықтың10 процент****,6сом, жәми **** сом жәрийма есапланыўы лазым. Судлаў коллегиясыбул жағдайда,арза бериўшиниңрепатриация қылынбаған активлер суммасының 5 ҳәм 10 проценти муғдарында қосымша жәрийма қоллаў талабы тийкарлыболып, биринши инстанция суды арзаны қанаатландырыў ҳаққында дурыс шешимге келгендеп есаплайды. Сондай-ақ, судлаў коллегиясы жуўапкер ўәкиллериниңкотрагент тәрепинен товарлар жеткерип берилмегенлиги, бул жағдай бойынша бүгинги күнде жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери әмелге асырылып атырғанлығы, товарлар жәмийетке байланыслы болмаған ҳалда Ɵзбекстан Республикасы аймағына алып кирилмегенлиги, жәмийеттиң айыбы жоқ екенлиги ҳаққындағы ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби, Өзбекстан Республикасының "Валютаны тәртипке салыў ****"ғы Нызамының 111-статьясы төртинши бөлиминде, сыртқы саўда операциялары бойынша активлердиң репатриациясын тәмийинлемегенлик ушынжәриймалар: -әсбап-үскенелерди ҳәм (ямаса) комплектлеўши бөлеклерди жеткерипбериў мүддетлери олардың техникалық сыпатламаларына ҳәм де өзине тән өзгешелигине қарап бир жүз сексен күннен артық етип белгиленген импортқа байланыслы контрактлар бойынша жеткерип бериў мүддети дәўиринде; -транспортта тасыў ямаса **** **** тәреплерге байланыслы болмаған себеплер менен жарамсыз жағдайға келген товарлар мәмлекетлик уйымлар тәрепинен жоқ етилгенин ямаса конфискацияланғанын тастыйықлаўшы ўәкилликли уйым тәрепинен берилген ҳүжжет усынылған жағдайда; - егер Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан ****ң қарарларына муўапық әмелге асырылатуғын жойбарлар шеңберинде дүзилген импортқа байланыслы контрактларда ямаса өнимди бөлистириў **** келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде басқарыў комитети тәрепинен тастыйықланған импортқа байланыслы контрактларда белгиленген мүддетлер 4 бузылмаған болса; -егер экспорт операцияларыбойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлықтың улыўма суммаси мүддети өткен дебитор қарыздарлық жүзеге келген сәнеден алдынғыотыз алты ай ишинде тәмийинленген валюта түсиминиң 10 процентинен аспаған болса; - жәрийма қолланыў **** ис бойынша суд тәрепинен шешиўши қарар шығарылғанға шекем усы Нызам талапларына муўапық репатриация етилген активлер суммасынақаратақолланылмайды. Жуўапкер ўәкиллериниңбул жағдай бойынша жынаят қозғатылып, бүгинги күнде тергеў ҳәрекетлериниң алып барылып атырғанлығы **** билдиргенжағдайлар жәриймалар қолланылмайтуғын жағдайларданәзерде тутылмаған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин ЭПК деп жүритиледи) 68-статьясының биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабын ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлиллеўи керек. ЭПКниң****-статьясының екинши бөлимине тийкар, кассация инстанциясы суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын толық көлемде тексериўи шәрт. ЭПКниң****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, кассация инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****. ЭПКниң ****-статьясыбиринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына пропорционал түрде олардың мойнына жүкленеди. Жоқарыда айтылғанлардан келип шығып, судлаў коллегиясы биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды, кассациялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 19бәнтине тийкар, арза бериўши ҳәм жуўапкер ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы өндирмеўди, кассациялық шағым ушын алдыннан төленген ****сом почта қәрежетин жуўапкердиң мойнында қалдырыўды, исти видеоконференциялық байланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы **** сом суд қәрежетин жуўапкерден Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине өндириўди лазым табады. Усы жоқарыдағыларға тийкарланыпҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****, ****, ****-статьяларын қолланып, судлаў коллегиясы қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 8 апрель күнги шешиўши қарары өзгериссиз қалдырылсын. Кассациялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Ɵзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине **** сом суд қәрежети өндирилсин. 5 Кассациялық шағым ушын алдыннан төленген **** сом почта қәрежети жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мойнында қалдырылсын. Қарарға тийкарорынлаў хат берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: **** коллегия ағзалары: **** **** 6