← Назад
Решение #2857331 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2130-санлы экономикалық ис судья
Нөкис қаласы
С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 30-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, ***ның
даўагер АКБ "***" мәпинде жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер пайдасына 8
034 838 сом мүддети өткен пайыз қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын
ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен бирге әпиўайыластырылған
тәртипте көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
*** даўагер АКБ "***" (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***"
ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер
пайдасына 8 034 838 сом мүддети өткен пайыз қарызын өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши
бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата
базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги
исбилерменлерге қарата болса - базалық есаплаў муғдарының бес есесинен
аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип
шығылады.
ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық, суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин
еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 9апрель күни 129-санлы кредит шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға тийкар жуўапкерге үскенелер сатып алыў ушын 75 ай
мүддетке, жыллық 21% төлеў шәрти менен 100 000 000 сом муғдарында
кредит ажыратылған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер
миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым
дәрежеде орынланыўы шәрт.
ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы
бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши
тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм
шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса
алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў
миннетлемесин алыўы белгиленген.
Кредит шәртнамасының 2.1.2, 2.1.5, 4.1.11-бәнтлерине муўапық
шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер
кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбаған. Нәтийжеде, жуўапкердиң 2025-жыл 17-сентябрь жағдайына
мүддети өткен пайыз қарызы 8 034 838 сомды қураған.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 8 034 838 сом мүддети өткен
пайыз қарызын өндириў талабын тийкарлы есапланады.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Уысынылған ҳүжжетлерине көре, жуўапкер тәрепинен пайыз қысман
төленип, 7 088 060,01 сом пайыздан қарызы қалған.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 7 088 060,01 сом мүддети
өткен пайыз қарызын, 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035 -статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" ЖШЖнен даўагер АКБ "***" пайдасына 7 088 060,01
сом мүддети өткен пайыз қарызы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер "***" ЖШЖнен республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
С.Ниязов