← Назад
Решение #2857395 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1992-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 30-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, арза бериўши
ўәкили **** (2025-жыл 07-октябрь күнги 5994-санлы исеним хат тийкарында)
қатнасыўында, арза бериўши ****ның жуўапкер Нөкис каласы **** ЖШЖне
6 300 000 сом финанс жәрийма қоллаў ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша
ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Арза бериўши ****ның жуўапкер Нөкис каласы **** ЖШЖне 6 300 000
сом финанс жәрийма қоллаўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили истеги ҳүжжетлери тийкарында
жуўапкер тәрепинен нызам талаплары бузылғаны тастыйықланатуғынын
билдирип, арза талабын қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд палата
ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд ис материалларын үйренип шығып, арза бериўши ўәкилиниң
түсинигин, ўәжлерин тыңлап, арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик
субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша
ўәкилиниң 2025-жыл 13-август күнги 940-493-611-санлы тексериў кодына
тийкарланып истеги даўагердиң 2025-жыл 14-август күнги DN-245-санлы
буйрығы қабыл етилген.
Буйрықта 2025-жыл 14-август күнинен 23-август күнине шекемги мүддет
ишинде жуўапкер тәрепинен техникалық регламентлар, стандартластырыў,
метрология ҳәм сертификатластырыў тараўларын тәртипке салыўға байланыслы
нызамлар ҳәм норматив ҳүжжетлер талапларына әмел қылыў жүзесинен 2024жыл 01-январьдан 2025-жыл 12-август шекемги дәўири болған жуўапкер
жумысларына тексериў өткизиў белгиленген.
Тексериўге байланыслы ҳүжжетлер көширмелерин жуўапкер-жәмийет
баслығы Р.Қудияров алғаны тастыйықланады.
Өткерилген тексериў нәтийжеси бойынша истеги арза бериўши ўәкиллери
****** қатнасында 2025-жыл 18-август күнинен баслап 21-август шекемги
дәўирде тексериў өткериў жуўмағы менен акт дүзген. Бул актке жуўапкер
тәрептиң наразылығы болмаған.
Анықланыўынша акт мазмунында, фундамент (пойдевор) блокларының
муўапықлыгы тастыйықланбаған ҳалда муўапықлылық сертификатсыз
сатылғаны анықланған. Бул акт дүзилместен алдын арза бериўшиниң 2025-жыл
16-июль күнги ескертиў хаты берилген болсада, жуўапкер тәрепинен 30-дана
жәми 12 600 000 сомлық фундамент блоклары муўапықлылық сертификатсыз
сатылған.
Өзбекстан
Республикасының
«Өнимлер
ҳәм
хызметлерди
сертификатластырыў туўрысында»ғы Нызамының 12-статьясында, мәжбурий
сертификатластырылыўы лазым болған өнимлер төмендеги жағдайда:
сертификатластырыў
талапларына
муўапық
емеслиги
себепли
сертификатластырыўдан өтпеген болса, Өзбекстан Республикасы аймағында
реализация қылыныўы мүмкин емес.
Өзбекстан Республикасының «Техника жағынан тәртипке салыў
ҳаққында»ғы Нызамының 46-статьясы биринши бөлимине көре, белгиленген
тәртипте ескертиў алынғанын кейин техникалық жағынан тәртипке салыў
ҳуқықбузарлықты даўа еткенлик яки сапластырмағаны ушын юридикалық
шахсларға қарата усы статьяның екинши бөлимине муўапық жәрима
тәризиндеги финанс санкциясы қолланылады.
Сондай-ақ, 46-статьясының үшинши бөлиминде, усы статьяның екинши
бөлимимнде нәзерде тутылған жәрима тәризиндеги финанс санкциялар суд
тәртибинде қолланылады, будан өнимди ислеп шығарыўшылар, ислеп
шығарыўшылар ўәкиликли ўәкиллери, сатыўшылар яки импорт қылыўшылар
ислеген ҳуқықбузарлықта айыбын тән алған ҳәм финанс санкциялар суммасы
бир ай мүддетте ыхтыярий рәўиште төленген жағдайлар тысқары деп
белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 02-июнь күнги
«Техника жағынан тәртипке салыў тараўында мәмлекет басқарыўын түптен
жеделлестириў туўрысында»ғы ПФ-6240-санлы Пәрманының 12-бәнтине көре,
2021-жыл 01-сентябрьден баслап техника жағынан тәртипке салыў,
стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология тараўында исленген
ҳуқықбузарлықлар ушын:
а) өнимлерге қарата нызамшылық ҳүжжетлеринде ҳәм техникалық
регламентлеринде белгиленген мәжбурий талапларға ислеп шығарыўшы яки
алып кириўши тәрепинен әмел қылынбағанда юридикалық шахсларға:
ҳуқықбузарлық ескертиўден соң биринши мәрте исленгенде-реализация
қылынған өним баҳасының 50-процент муғдарына шекем финанс жәримасын
қоллаў белгиленген.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, арза талабын тийкарлы таўып,
жуўапкерге 6 300 000 сом финанс жаримасын қоллаўды ҳәм жуўапкерден
даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясы 12-бәнтине тийкар, арза бериўши ҳәм жуўапкер ҳуқықый тасир
шараларын қоллаў туўрысындағы ислер бойынша мәмлекетлик бажы төлеминен
азат етилген.
Сонлықтан мәмлекетлик бажы өндирилместен қалдырылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-
179, 221, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
****ның арзасы қанаатландырылсын.
Нөкис каласы **** ЖШЖне реализация қылынған өним баҳасының 50%
яғный, 6 300 000 сом финанс жәриймасы қолланылсын. Колланылған финанс
санкция суммасын өндириў арза бериўшиге жүкленсин.
**** ЖШЖнен ****ның пайдасына 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши
қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы
суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза
бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Баймуратов