Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2126 Дата решения 30.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 328f9097-f5b8-4a81-99a7-a98f85f69d6c Claim ID PDF Hash 06965006f53c2fb2... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2126-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 30-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда палата деп жүритиледи) даўагер **** мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы **** есабынан мүддети өткен 6 681 576 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Палата даўагер **** мәпинде жуўапкер **** есабынан мүддети өткен 6 681 576 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 2032-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2024жыл 04-июль күни дүзилген 3209-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк жуўапкерге 84-ай мүддетке, жыллық 18% ставкада 100 000 000 сом муғдарында кредит ажыратқан. Банк мағлыўматында жуўапкердиң 6 681 576 сом қарызы көрсетилген. Кредит шәртнамасының 2.4, 2.7, 4.2.1-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ шәртнама лазым дәрежеде орынланбаған. Қарызды төлеў ҳаққындағы банктың талапнамасы жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы берилген болсада, қарыз төленбеген. Солай етип, суд даўа талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден банк пайдасына 6 681 576 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өдириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 1 203 –2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. Нөкис қаласы **** есабынан **** пайдасына мүддет өткен 6 681 576 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. **** есабынан мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов