← Назад
Решение #2857609 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2155-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 29-октябрь
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Н.Кучкаровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили Ж.Атаджанов (2025-жыл 8 январь күнги
03-03/13-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыӯында, Өзбекстан Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасыныӊ
АКБ
“Микрокредитбанк” мәпин қорғап, жуўапкер “QOR TOV J YXUN TR DE”
жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 8 100 000 сўм кредит пайызын
өндириўди сораған даўа арзасын өз суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (кейинги текстлерде Палата деп жүритиледи) АКБ
“Микрокредитбанк” (кейинги текстлерде даўагер яки банк деп жүритиледи)
мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
“QOR TOV J YXUN TR DE” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен
(кейинги текстлерде жуўапкер деп жүритиледи) 8 100 000 сўм кредит пайызын
өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап,
жуӯапкердиң 8 100 000 сўм кредит пайызы қарыздарлығын қысман төлеп, қалған
6 219 818 сўм кредит пайызын төлемегенлигин билдирип, даўа арзаны
қанаатландырыўды, 6 219 818 сўм кредит пайызын өндириўди сорады.
Палата ҳәм жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба
пикирин усынбады.
Суд истеги ҳүжжетлерде Палата ҳәм жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында
тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар
екенлигин есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 128, 170статьяларына муўапық Палата ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды лазым тапты.
Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып
даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК
деб жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған
жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген
болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит ҳәм гиреў
шәртнамаларынан келип шыққан.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында
басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс
яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген
муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024-жыл 23-декабрь
күни дүзилген 604-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен
жуўапкерге компютерлер сатып алыў ушын жыллық 20 % бенен 36 ай мүддетке
100 000 000 сўм муғдарында кредит ажыратылған.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли 8 100 000 сўм кредит пайызынан қарыздарлығы
пайда болған.
Жуӯапкердиң жуӯапкердиң 8 100 000 сўм кредит пайызы қарыздарлығын
қысман төлеп, қалған 6 219 818 сўм кредит пайызын төлемегенлиги истеги
кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары, банк ўәкилиниң суд
мәжлистеги кѳрсетпеси менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан суд даўагердиң жуўапкерден 6 219 818 сўм кредит пайызын
өндириўди лазым тапты.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлийллеўи керек.
ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Сол себепли, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
банк пайдасына 6 219 818 сўм кредит пайызы, алдыннан тѳленген 41 200 сўм
почта қарежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сўм
мәмлекетлик бажы ѳдириўди, даўа арзаның қалған бѳлимин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер “QOR TOV J YXUN TR DE” жуӯапкершилиги шекленген
жәмийетинен АКБ “Микрокредитбанк” пайдасына 6 219 818 сўм кредит пайызы,
41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даӯа арзаның қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер “QOR TOV J YXUN TR DE” жуӯапкершилиги шекленген
жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев