Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1458 Дата решения 29.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 415f5f7c-0c48-4d1c-9626-843ec4db763f Claim ID PDF Hash 012d48f9f511b262... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1458-санлы экономикалық ис судья З.Х.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 28 октябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы З.Хасанова, судья жәрдемшиси К.Данияровтыӊ хәткерлигинде, даўагер ўәкили Б.Сапарниязов (2025 жыл 28 октябрь күнги 49-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер жәмийет баслығы ХХХХХ қатнасыўында, даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жамийетиниң жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 35 215 185 сом тийкарғы қарызы ҳәм суд қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында ашык суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады: Даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жамийети (буннан кейин текстте даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 35 215 185 сом тийкарғы қарызы ҳәм суд қәрежетлерин өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлады. Жуўапкер тәреп суд мәжилисине даўа талабын тән алып, жәмийеттиң мүлкий жағдайына байланыслы қарыздарлықты төлеў имканияты болмағанлығын билдирди. Суд, тәреплердиң түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арза талабын қанаатландырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 631-статьясының биринши бөлимине муўапық, пудрат шәртнамасы бойынша бир тәреп (пудратшы) екинши тәреп (буйыртпашы)ның тапсырығына көре белгили бир исти орынлаў ҳәм оның нәтийжесин белгиленген мүддетте тапсырыў миннетлемесин алады, буйыртпашы болса ис нәтийжесин қабыл қылып алыў ҳәм оның ушын хақ төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 634-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер нызамшылықта яки пудрат шәртнамасында пудратшының шәртнамада көрсетилген исти жеке өзи орынлаў миннетлемеси келип шықпаса, пудратшы өз миннетлемелериниң бир бөлегин орынлаў ушын басқа шахслар (жәрдемши 1 пудратшылар)ды қатнастырыўға ҳақылы. Бундай жағдайларда пудратшы бас пудратшы есапланады. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Ис ҳүжжетлерден анықланыӯынша, “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жамийети ҳәм "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети ортасында 2024 жыл 02 декабрь күни 13-санлы баҳасы 26 350 005 сомлық кесип-алып ислеӯ (субпудрат) шәртнамасы дүзилген. Кейиншелли "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң аты "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети болып өзгертилген. Шәртнаманың 2-бәнтинде муӯапық даӯагер - жәрдемши пудратшы 2санлы мектепке шекемги билимлендириў бөлими имаратының видеобақлаўды жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырыў, жуўапкер - бас пудратшы болса, жәрдемши пудратшыға жумысты орынлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, жумысты қабыл етип алыў ҳәм төлемди әмелге асырыў миннетлемесин алған. Тәреплердиң ортасында тастыйықланған 2024 жыл 14 декабрь күнги 1санлы есапбети фактурага муўапық даўагер тәрепинен 35 215 185 сомлық жумыслар әмелге асырған. Даӯагер тәрепинен орынланған жумыслардың ҳақысын төлеў бойынша жуӯапкерге жиберилген талапнамасы жуӯапсыз қалдырылған ҳәм қарыздарлық төленбеген. Нәтийжеде даўагер судқа даӯа арза менен мүрәжат етип, жуӯапкерден 35 215 185 сом қарыздарлықты өндириӯди сораған. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнама, счёт-фактуралар ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. Бул жағдайда даӯа талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыӯы лазым. Экономикалық процессуал кодексиниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Даўагер тәрепинен судқа даўа арза берерде 704 300 сом мәмлекетлик бажы төленген. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған “Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарлары”ның 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда, киши исбилерменлик субъектлери әмелге асырылып атырған исбилерменлик жумысы шеңберинде судларға мүрәжат еткенде усы бәнттиң "а" киши бәнтинде белгиленген ставканың 50 проценти муғдарында мәмлекетлик бажы төлейтуғынлығы белгиленген. 2 Ис ҳүжжжетлерге қарағанда даўагер киши исбилерменлик субъект болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025 жыл 2 июньдағы «Ис ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025 жыл 1 августдан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Бул жағдайда даўагерге артық төленген 292 300 сом (704 300 сом – 412 000 сом) республика бюджет есабынан қайтарылыўы лазым. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даӯа арза талабын қанаатландырыӯды, жуўапкерден даўагер пайдасына 35 215 185 сом тийкарғы қарыз, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, артық төленген 292 300 сом мәмлекетлик бажыны даўагерге республика бюджети есабынан кайтарыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қ а р а р е т т и: Даӯа талабы қанаатландырылсын. "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жамийети пайдасына 35 215 185 сом тийкарғы қарыз, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жамийети пайдасына республика бюджет есабынан артық төленген 292 300 сом мәмлекетлик бажы қайтарылсын ҳәм бул ҳаққында мағлыўматнама берилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья: З.Хасанова 3