← Назад
Решение #2858026 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2149-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 29-октябрь
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.С.Убайдуллаев басшылығында, судья жәрдемшиси С.Н.Кучкаровтың
хаткерлигинде, даўагер ўәкили Ж.Атаджанов (2025-жыл 8 январь күнги
03-03/13-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыӯында, Өзбекстан Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасыныӊ
АКБ
“Микрокредитбанк” мәпин қорғап, жуўапкер “
UD RYO YUKS LIS BRED
SERVIS” жуӯапкершилиги шекленген жәмийетинен 167 500 000 сўм кредит
пайызын өндириўди, өндириўди гиреўдеги жуўапкерге тийисли мәмлекетлик
белгиси 95 КА 976 болған LW500FN маркалы OGRUZ IK автотранспорт
қуралына қаратыўды, гиреўдеги мүлктиӊ дәслепки сатылыў баҳасын белгилеўди
сораған даўа арзасын өз суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (кейинги текстлерде Палата деп жүритиледи) АКБ
“Микрокредитбанк” (кейинги текстлерде даўагер яки банк деп жүритиледи)
мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
“
UD RYO YUKS LIS
BRED SERVIS” жуӯапкершилиги шекленген
жәмийетинен (кейинги текстлерде жуўапкер деп жүритиледи) 167 500 000 сўм
кредит пайызын өндириўди, өндириўди гиреўдеги жуўапкерге тийисли
мәмлекетлик белгиси 95 КА 976 болған LW500FN маркалы OGRUZ IK
автотранспорт қуралына қаратыўды, гиреўдеги мүлктиӊ дәслепки сатылыў
баҳасын белгилеўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап,
жуӯапкердиң 167 500 000 сўм кредит пайызы қарыздарлығын қысман төлеп,
қалған 156 563 796 сўм кредит пайызын төлемегенлигин билдирип, даўа арзаны
қанаатландырыўды, 156 563 796 сўм кредит пайызын өндириўди, өндириўди
гиреўдеги жуўапкерге тийисли мәмлекетлик белгиси 95 КА 976 болған
LW500FN маркалы
OGRUZ IK автотранспорт қуралына қаратыўды,
гиреўдеги мүлктиӊ дәслепки сатылыў баҳасын белгилеўди сорады.
Палата ҳәм жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба
пикирин усынбады.
Палата даўа арзасында исти ѳзиниң ўәкили қатнасыўысыз кориўди
сораған.
Суд истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң суд мәжилиси ҳаққында тийисли
тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет бар екенлигин
есапқа алып, исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал
кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 128, 170-статьяларына
муўапық Палата ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды
лазым тапты.
Суд даӯагер ӯәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға тийкарланып
даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК
деб жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған
жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген
болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит ҳәм гиреў
шәртнамаларынан келип шыққан.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
ПКниң 734-статьясына муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында
басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс
яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген
муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе.
ПК 279-статьясының биринши бөлимине тийкар гиреўге алыўшының
(қарыздардың) талапларын қанаатландырыў ушын өндириўди қарыздар гиреў
менен тәмийинленген миннетлемени өзи жуўапкер болған жағдайларда
орынламаған ямаса лазым дәрежеде орынламаған жағдайда гиреўге қойылған
мал-мүлкке қаратыў мүмкин.
ПК 280-статьясының биринши бөлимине тийкар гиреўге алыўшының
(қарыздардың) талаплары гиреўге қойылған көшпес мал-мүлк баҳасынан судтың
қарарына муўапық қанаатландырылады.
Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар
ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы нызамы 54-статьясының төртинши
бөлимине тийкар гиреўге қойылған мал-мүлк менен тәмийинленген
миннетлемелерди орынлаўда өндириў бул мал-мүлкке қаратылған жағдайда
гиреўге қойылған мал-мүлк суд тәрепинен мәжбурий тәризде баҳалаўдан
өткериледи ҳәм ким-зыят саўдасындағы басланғыш реализация етиў баҳасы суд
қарары менен баҳалаў ҳаққындағы есабатта анықланған муғдарда белгиленеди.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2023-жыл 25-октябрь
күни дүзилген 769-санлы кредит шәртнамасына тийкар банк тәрепинен
жуўапкерге 3 дана Самосвал OWO, 1 дана тягач OWO 7 G ZOVIY ҳәм
2 дана погрузчик сатып алыў ушын жыллық 14% бенен 2030-жыл 24-октябрь
күнине шекем яғный 84 ай мүддетке 3 580 000 000 сўм муғдарында кредит
ажыратылған.
Кредит тәмийнаты сыпатында 2024-жыл 3-май күни гиреў шәртнамасы
дүзилген. Гиреў шәртнамасына тийкар жуўапкердин жуўапкерге тийисли
мәмлекетлик белгиси 95 КА 976 болған LW500FN маркалы OGRUZ IK
автотранспорт қуралы гиреўге қойылған.
Кредит шәртнамасына муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған
төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын жуўапкер айма-ай төлеп барыў
миннетлемесин алған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы себепли 167 500 000 сўм кредит пайызынан қарыздарлығы
пайда болған.
Жуӯапкердиң 167 500 000 сўм кредит пайызы қарыздарлығын қысман
төлеп, қалған 156 563 796 сўм кредит пайызы төленбегенлиги истеги кредит
шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары, банк ўәкилиниң суд мәжлистеги
кѳрсетпеси менен толық тастыйықланады.
Сонлықтан суд даўагердиң жуўапкерден 156 563 796 сўм кредит пайызын
өндириў, өндириўди гиреўдеги жуўапкерге тийисли мәмлекетлик белгиси
95 КА 976 болған LW500FN маркалы OGRUZ IK автотранспорт қуралына
қаратыў талапларын қанаатландырыўды лазым тапты.
2024-жил 3-май кунги автотранспортты гиреўге қабыл етиў баҳасын
белгилеў актинде гиреўдеги мүлктиӊ баҳасы тәреплердиң келисими менен
286 000 000 сўм деп белгиленген.
Сонлықтан суд гиреўдеги мүлктиӊ дәслепки сатылыў баҳасын
286 000 000 сўм деп белгилеўди лазым тапты.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлийллеўи керек.
ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Сол себепли, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден
банк пайдасына 156 563 796 сўм кредит пайызы, алдыннан тѳленген 41 200 сўм
почта қарежетин өндириўди, өндириўди гиреўдеги жуўапкерге тийисли
мәмлекетлик белгиси 95 КА 976 болған LW500FN маркалы OGRUZ IK
автотранспорт қуралына қаратыўды, гиреўдеги мүлктиӊ дәслепки сатылыў
баҳасын 286 000 000 сўм деп белгилеўди, жуўапкерден республика бюджетине
3 350 000 сўм мәмлекетлик бажы ѳдириўди, даўа арзаның қалған бѳлимин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуал кодексиниң 118,176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер “
UD RYO YUKS LIS BRED SERVIS” жуӯапкершилиги
шекленген жәмийетинен АКБ “Микрокредитбанк” пайдасына 156 563 796 сўм
кредит пайызы, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Өндириў гиреўдеги “
UD RYO YUKS LIS
BRED SERVIS”
жуӯапкершилиги шекленген жәмийетине тийисли
мәмлекетлик белгиси
95 КА 976 болған LW500FN маркалы OGRUZ IK автотранспорт қуралына
қаратылсын.
Гиреўдеги мүлктиӊ дәслепки сатылыў баҳасы 286 000 000 сўм деп
белгиленсин.
Даӯа арзаның қалған бѳлими қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер “
UD RYO YUKS LIS BRED SERVIS” жуӯапкершилиги
шекленген жәмийетинен республика бюджетине 3 350 000 сўм мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев