Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2502/98 Дата решения 29.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 13759a7d-62ad-4e18-a16d-543b464fd666 Claim ID PDF Hash 1e81976b5e2e61ff... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2502/98-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов УЙҒАРЫЎ (исти ѳндиристен қысқартыў хаққында) Қоңырат районы 2025-жыл 29-октябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, Қоңырат районы прокуроры жәрдемшиси А.А****, жуўапкер ўәкиллери юрист мәсләҳәтши М.А**** ҳәм бас қәниге Н.С**** (2025-жыл 29-октябрь күнги 225-санлы исеним хат)лардың қатнасында, даўагер « **** J**** **** ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер «Х****» мәмлекетлик шөлкеминен 96 300 288 сом тийкарғы қарызын ҳәм 46 994 522 сом пеня ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлигин ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасын иске даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартқан ҳалда судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Даўагер « **** J**** **** ****» ЖШЖ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «Х****» МШ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 96 300 288 сом тийкарғы қарызын ҳәм 46 994 522 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 5-март күнги уйғарыўы менен иске Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Қазнашылық хызмети басқармасы (буннан кейин текстте үшинши шахслар деп жүритиледи) даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз қылмайтуғын үшинши шахслар сыпатында тартылған. Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 3-апрель күнги уйғарыўына тийкар тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилгенлиги себепли даўа арза көрместен қалдырылған. Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы кассация инстанциясының 2025-жыл 30-сентябрь күнги қарары менен Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 3-апрель күнги уйғарыўы бийкар етилип, ис жаңадан биринши инстанция судында көриў ушын Қоңырат районлар аралық экономикалық судына жиберилген. Даўагер ҳәм үшинши шахслар өз ўәкиллериниң суд мәжилисинде қатнасыўларын тәмийинлемеди. 2 Суд истеги ҳүжжетлерде олар суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер бар екенлигин есапқа алып, исти Ѳзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128 ҳәм 170-статьяларына муўапық олардың ўәкиллери қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкиллери Нөкис районлар аралық экономикалық судының 4-2301-2502/1370-санлы иси бойынша 2025-жыл 18-июль күни қабыл етилген шешиўши қарарына тийкар даўа арзасында көрсетилген 96 300 288 сом тийкарғы қарыз төлеп берилгенлигин, бүгинги күнде судтың қарары нызамлы күшинде екенлигин ҳәм бул мәселе өзиниң әҳмийетин жоғалтқанлығын билдирип, исти өндиристен қысқартыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан Қоңырат районы прокуроры жәрдемшиси А.А**** даўа талаплары бойынша Нөкис районлар аралық экономикалық судының шешиўши қарары бар екенлигин ҳәм ол бүгинги күнде нызамлы күшинде екенлигин есапқа алып, исти өндиристен қысқартыўды сорады. Суд прокурордың пикирин ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, тѳмендегилерге кѳре даўа арза бойынша исти ѳндиристен қысқартыўды лазым тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2024-жыл 1-август күни дүзилген 05-2024-санлы шәртнама бойынша жүзеге келген 96 300 288 сом тийкарғы қарызды ҳәм 48 150 144 сом пеняны өндириў менен байланыслы Нөкис районлар аралық экономикалық судының 4-2301-2502/1370-санлы экономикалық иси бойынша 2025-жыл 18-июль күни шешиўши қарар қабыл етилип, даўа арза қысман қанаатландырылған. жуўапкерден даўагердиң пайдасына 96 300 288 сом тийкарғы қарызы ҳәм 37 500 сом почта қәрежети өндирилген, даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 29-октябрь күнги 01-22/25-1289-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, судтың шешиўши қарары 2025-жыл 19-август күни нызамлы күшине кирген ҳәм оның үстинен апелляциялық шағым келип түспеген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 110-статьясының 2-бәндине тийкар, пуқаралық ислери бойынша судтың, экономикалық судтың яки сырт мәмлекет ўәкилликли судының бирдей шахслар арасындағы, бирдей предмет ҳаққындағы ҳәм бирдей тийкарлар бойынша даўы бойынша нызамлы күшке кирген шешиўши қарары бар болса, экономикалық суд тәрепинен сырт мәмлекет судының шешиўши қарарын тән алыў ҳәм орынлаўға қаратыўдан бас тартылған жағдайлары буған кирмейди, экономикалық суд исти өндиристен қысқартады. 3 Сол себепли, суд даўа арза бойынша исти өндиристен қысқартыўды лазым тапты. Буннан тысқары, ЭПК 111-статьясының екинши бөлимине тийкар суд уйғарыўында исти өндиристен қысқартыў тийкарларын көрсетиўи, сондай-ақ, усы Кодекс 110-статьясының 1-бәндинде нәзерде тутылған ҳалда мәмлекетлик бюджеттен қайтарыў ҳәм суд қәрежетлерин тәреплер ортасында бөлистириў ҳаққындағы мәселелерди шешиўи лазым. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети ҳәм 2018-жыл 25-октябрьдеги РС-59-18-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 25 пайызы муғдарында видеоконференцбайланыс режиминде исти кѳриў менен байланыслы суд қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 12-августтеги «Ис ҳақи, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-108-санлы Пәрманына тийкар 2024-жыл 1-октябрьден баслап базалық есаплаў муғдары 375 000 сом етип белгиленген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 14-февраль күни хабар системасы арқалы автоматик рәўиште жаратылған 250454955806инвойс рақамлы квитанция арқалы 2 865 896 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 250451026006-инвойс рақамлы квитанция арқалы 37 500 сом почта қәрежети тѳленген. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамының 18-статьясында ис ЭПК 110-статьясының 2-бәндине тийкар өндиристен қысқартылғанда төленген мәмлекетлик бажы қайтарылатуғынлығы ҳаққында көрсетилмеген. Бирақ, Қоңырат районлар аралық экономикалық судының 2025-жыл 3-апрель күнги уйғарыўы ҳәмде 5-май күнги 01-20/25-434-санлы мағлыўматнамасына тийкар даўагер тәрепинен төленген 2 865 896 сом мәмлекетлик бажы даўагердиң өзине қайтарып берилген. Сол себепли, суд ис биринши инстанция судында көрилгени ушын даўагерден республика бюджетине 2 865 896,2 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, ис бойынша төленген 37 500 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, ис кассация инстанциясы судында көрилгени ушын 4 даўагерден республика бюджетине 1 432 948,1 сом мәмлекетлик бажы, Қоңырат район прокуратурасының пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин, сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы судының депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 110, 111, 118 ҳәм 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: 1. Ис өндиристен қысқартылсын. 2. Даўагер « **** J**** **** ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 4 298 844,3 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 3. Даўагер « **** J**** **** ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есап бетине 103 000 сом суд мәжилиси видеоконференцбайланыс режиминде ѳткерилиўи менен байланыслы суд қәрежети ѳндирилсин. 4. Даўагер « **** J**** **** ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Қоңырат район прокуратурасының пайдасына 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин. 5. Ис бойынша төленген 37 500 сом почта қәрежети даўагер « **** J**** **** ****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мойнында қалдырылсын. 6. Уйғарыў үстинен ол шығарылған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген уйғарыў үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириўге ҳақылы. Судья Қ.О.Хожамуратов