← Назад
Решение #2859401 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1283-санлы ис
Судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 28 октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
судья жәрдемшиси К.Данияровтың хаткерлигинде, даўагер ўәкили ХХХХХ (2025
жыл 28 августдаги 01-04/3638-санлы исеним хатлар тийкарында), жуўапкер
ўәкили ХХХХХ (2025-жыл 13-октябрь күнги исеним хат тийкарында)лардың
қатнасыўында, даўагер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетиниң жуўапкер
“ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 2 977 286 сом зиян ҳәм
төленген суд қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти
Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд
мәжлисинде
видеоконференцбайланыс
режеминде
көрип
шығып,
төмендегилерди
а нықлады :
Даўагер “ХХХХХ” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даӯагер
деп жүритиледи) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, даўа арзасында жуўапкер
“ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте
жуўапкер деп жүритиледи)нен 2 977 286 сом зиян ҳәм төленген почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиныӊ (буннан
кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи)157-статьясында даўагер исти биринши
инстанция судында көриў ўакытында ҳал қылыў қарары қабыл етилгенге шекем
даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары муғдарын көбейтириў
яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўәз кешиўге ҳақылы делинген.
Даўагер судқа 2025 жыл 28 октябрь күнги 01-04/4410-санлы арза усынып,
даўа арзаның предметин өзгертиў ҳәм жуўапкерден 2 977 286 сом қарыздарлықты
өндириўди сораған.
Судтың 2025 жыл 28 октябрдеги уйғарыўы менен қосымша арза ис
жүритиўге қабыл етилген.
Судта қатнасқан даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын қоллапқуўатлады.
Судта қатнасқан жуўапкер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын қысман
тән алатуғынлығын, ҳақыйқатында “ХХХХХ”
акционерлик жәмийети
Тахтакөпир районы бөлими менен суўдан пайдаланыўга шәртнама дүзбестен,
суўдан пайдаланғанлығын, оған шекем бул имараттан Жураев Илхам аўкатланыў
шақапшасы ретинде пайдаланғанлығын, 2025 жыл 01 декабрь күнинен кафе
имараты искерлиги тоқтатылғанлығын ҳәм И.Жураев суў есаплағышты алып
кеткенлигин, өзи кафени 2025 жылы 02 апрельде ашқанлығын, суў есаплағыш
орнатыў бойынша район суў таъминаты бөлимине ауызеки хабарласқанлығын
билдирип, есап-китапты 2025 жыл 02 апрель күнинен есаплаўды ҳәм нызамлы
шешим қабыл етиўди сорады.
1
Суд, исте қатнасқан шахслардың түсинигин тыңлап, истеги
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўды лазым
тапты.
Анықланыўынша, “ХХХХХ”
акционерлик жәмийети хызметкерлери
тәрепинен 2025 жылдың 16 апрель күни “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинде суў тармақлары көзден өткерилгенде, жәмийет тәрепинен суўдан
пайдаланыӯ қағыйдалары бузылғанлығы анықланған ҳәм бул ҳаққында
360103176-санлы далалатнама рәсмийлестирилген.
Тексериӯ нәтийжеси бойынша жамийет тәрепинен суў есаплағыш
үскенесиз, шәртнама дүзбестен суўдан пайдаланып атырғанлығы анықланған
ҳәм ҳәм сарыпланған суў муғдары қайта есап-санақ мағлыўматнамасы менен (Д
= 15мм труба менен 1,69 м3/саат-2 саат*138 күнге 2024 жыл 01 декабрь
күнинен 2025 жыл 16 апрель күнине шекем =466,4 м3*6383 сом) 2 977 286 сом
есапланған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014 жыл 15 июльдеги
194-санлы қарарына II қосымша “Тутыныўшыларға суў тәмийнаты ҳәм ақаба
суўды шығарыў хызметлерин көрсетиў” Қағыйдаларының 94-бәнтинде ишимлик
суў ҳәм канализация тармақлары ҳәм қурылмаларына өзбасымшалық пенен
жалғанып алынғанлығы анықланған жағдайда, жумсалған суў ҳәм қабыл етилген
ақаба суўлар муғдары усы Қағыйдалардың 87-бәнтине муўапық, жалғаныўдың
суў өткериў қуўатлылығы бойынша төмендеги күннен баслап есап-санақ
етиледи:
өзбасымшалық пенен жалғаныў анықланғанға шекем ақырғы тексериў
актиниң дүзилген күнинен;
егер өзбасымшалық пенен жалғаныў ИСКХ шөлкемине тийисли тармақ
ҳәм қурылмаларға байланыслы болған болса, өзбасымшалық пенен жалғаныў
күнинен баслап ол анықланғанға шекем, бирақ даўа мүддетинен көп болмаған
жағдайда есапланады. Егер өзбасымшалық пенен жалғаныў сәнесин ҳүжжет
пенен тастыйықлаўдың имканияты болмаса, онда өзбасымшалық пенен
жалғанып пайдаланыў дәўири даўа дәўириниң мүддетине тең болады.
Қағыйдаларының 87 – бәнтинде суў есаплағыш пенен тәмийинленбеген
тутыныўшылар тәрепинен жумсалған ишимлик суў муғдары суткасына
төмендегише есапланады: б) II ва III топар тутыныўшылары ушын есаплаў
тийкарғы ишимлик суў тармағы жалғаўының суў өткериў қуўаты бойынша
төмендеги формула менен әмелге асырылады: Q- *F* 2g*H*t
М - 0,60 - 0,62 ге тең болган зулфин арқалы суў сарплаў коэффициенти;
F - суйықлық ағып өтетуғын труба ямаса тесик кесиминиң майданы (ишки
диаметр бойынша), м2; g - 9,8 м/секунд 2 қа тең болған еркин түсиў тезлиги; Н коммунал суў тармағына жалғаныў ямаса суў алыў ноқатындағы суўдың метр
есабындағы басымы; t - айдың календарь күнлери, 24 саат (суў бериў графигин
есапқа алған ҳалда) даўамындағы секундлардағы ўақыт.
ЭПКниң 68-статьясының биринши бөлимине муӯапық исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талабын ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлиллеўи керек.
2
ЭПКниң 72-статьясына муўапық, нызамшылыққа муўапық белгили бир
дәлиллер менен тастыйықланыўы керек болған истиң жағдайлары басқа дәлиллер
менен тастыйықланыўы мүмкин емес.
ЭПКниң 89-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы
шахслардың ис ушын әҳмийетли болған өзлерине белгили жағдайлар
ҳаққындағы түсиндирмелериниң тексерилиўи ҳәм басқа дәлийллер менен бирге
баҳаланыўы лазымлығы белгиленген.
Жуўапкер 2025 жыл 2 апрель күнинен суўдан пайдаланғанлығын
тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди судқа усынбады.
Суд, даўагердиң даўа талабын тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым
деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген.
Суд исти көриў нәтийжеси менен даўа арза талабын қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына қайта есап-санақ мағлыўматнамасы менен
есапланған 2 977 286 сом қарыздарлықты, төленген 412 000 сом мәмлекетлик
бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин, ис видеоконференцбайланыс режиминде
көрилиўи менен байланыслы болған 103 000 сом суд қәрежетлери Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық
процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
етти :
Даўа арза талабы қанаатландырылсын.
“ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан “ХХХХХ”
акционерлик
жәмийети
пайдасына
2 977 286 сом қарыздарлықты, төленген 412 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм
41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
“ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қәрежетлери
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир ай ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3
4