← Назад
Решение #2859450 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 28 октябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
жәмийет баслығы ХХХХХ қатнасыўында, даӯагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен 38 731 500 сом тийкарғы қарыз, 19 365 750 сом пеня, жәми
58 097 250 сом қарыздарлықты ҳәм төленген суд қәрежетлерин өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а нықлады:
Даӯагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейин текстте
даӯагер деп жүритиледи) жуўапкер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген
жәмийети (кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 38 731 500 сом тийкарғы
қарыз, 19 365 750 сом пеня, жәми 58 097 250 сом қарыздарлықты ҳәм төленген суд
қәрежетлерин өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат
еткен.
Суд мәжилисине қатнасқан даўагер тәреп даўа арза талабын қоллапқуўатлады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд
экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген
уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған
басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына
шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар
етилген деп есапланады.
Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги
жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады,
егер суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан
орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың
көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли
тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен
болса.
Жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили)
бойынша жиберилген уйғарыў алыўшы көрсетилген мәнзилде табылмағанлығы
себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар
еткен. Бул жағдайда жуўапкер тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады.
Сонлықтан, суд, ЭПКниң 128-статьясына муӯапық исти жуўапкердиң
қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, даўагер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди
үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
1
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
- ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткизип бериӯ
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына
муўапық, исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним
жеткизип бериўши – сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп
шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға
исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық
мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған ухсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен
байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып
алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў
миннетлемесин алады.
Истеги хүжжетлерден анықланыӯынша, тәреплердиң ортасында 2025 жыл
31 март күни өним жеткизип бериў ҳақкындағы 41-санлы шәртнамасы
дүзилген.
Усы шәртнаманың 1-бөлиминде даӯагер-жеткизип бериӯши тәрепинен
дизель майы өнимлерин жеткизип бериӯ, жуӯапкер-буюртпашы жеткизип
берилген өнимлердиң ҳақысын төлеӯ миннетлемесин алған.
Шәртнама бойынша тәреплердиң ортасында тастыйықланған 2025 жыл
30 апрель күнги 36-санлы есапбети фактураға муўапық 60 000 000 сомлық,
2025 жыл 30 июнь күнги 77-санлы есапбети фактураға муўапық жуўапкер
даўагерге 48 731 500 сомлық, жәми 108 731 500 сомлық өнимлери жеткизип
берилген.
Жуўапкер тәрепинен 2025 жыл 07 апрельдеги 0000000033-санлы төлеў
тапсырықнамасы менен 15 000 000 сом, 2025 жыл 14 апрельдеги 0000000047санлы төлеў тапсырықнамасы менен 25 000 000 сом, 2025 жыл 29 апрельдеги
0000000059-санлы төлеў тапсырықнамасы менен 10 000 000 сом, 2025 жыл 05
майдағы 0000000063-санлы төлеў тапсырықнамасы менен 10 000 000 сом,
2025 жыл 14 майдағы 0000000065-санлы төлеў тапсырықнамасы менен
10 000 000 сом, жәми 70 000 000 сом даўагерге өткизип берилген.
Жуўапкер
тәрепинен
шәртнама
мәжбуриятлары
толық
орынланбағанлығы
нәтийжесинде
даўагердиң
алдында
38 731 500 сом тийкарғы қарыздарлығы пайда болған.
2
Даўагер тәрепинен жеткизип берилген өнимлердиң ҳақысын төлеп бериӯ
бойынша жиберилген талапнама жуўапкер тәрепинен жуўапсыз қалдырылған
ҳәм қарыздарлық төленбеген.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул
истеги шәртнама, счёт-фактуралар ҳәм истеги басқа ҳүжжетлер менен толық
тастыйыкланады.
Бул жағдайда, даӯа арзаның тийкарғы қарыздарлықты өндириӯ талабы
тийкарлы ҳәм қанаатландырылыӯы лазым.
Даўагер шәртнаманың 3-бөлимине муўапық жуўапкерден 19 365 750 сом
пеня өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы
“Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый
базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири
шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған
жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп
береди деп түсиник берилген.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени
қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң
мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Пеня талабы тийкарлы.
Бирақ, пеняны толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий
аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 5 000 000 сом пеня
ондириўди макул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен
билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ
оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған
ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң
кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка
суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүклетилиўи лазым.
Даўагер тәрепинен даўа арзасын бериўде мәмлекетлик бажы төленген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер
пайдасына 38 731 500 сом тийкарғы қарызы, 4 800 000 сом пеня, төленген
580 973 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин өндириӯди
лазым тапты.
3
Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа талабы қысман қанаатландырылсын.
“ХХХХХ”
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийети
есабынан
"ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 38 731 500 сом
тийкарғы қарызы, 5 000 000 сом пеня, төленген 580 973 сом мәмлекетлик бажы
ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги
қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4