Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2135 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b542016a-cd1b-43e7-b8e3-6e4964a06a6c Claim ID PDF Hash 80a7d81bc14bcda3... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2135-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 28-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили **** (2025-жыл 06-август күнги 09-007/785-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерден баслық **** қатнасыўында, Өзбекстан Саўдасанаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (кейинги орынларда палата деп жүритиледи) даўагер Өзбекстан Республикасы АКБ **** мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы **** ЖШЖнен мүддети өткен 44 444 444 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 24 371 348 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: Палата даўагер Өзбекстан Республикасы АКБ **** мәпинде жуўапкер **** ЖШЖнен мүддети өткен 44 444 444 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 24 371 348 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Банк ўәкили суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде даўаның талапларын тән алатуғынын ҳәм қарызларын бир, еки ай мүддет ишинде сөндиретуғынын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўа арзаның талапларын қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2024жыл 19-сентябрь күни дүзилген 294-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк жуўапкерге 24-ай мүддетке, жыллық 28% ставкада 200 000 000 сом муғдарында кредит ажыратқан. Иске қосылған банктың 2025-жыл 17-сентябрь күнги мағлыўматына көре, жуўапкердиң мүддети өткен 44 444 444 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 24 371 348 сом процент қарызлары көрсетилген. Суд мәжилисинде усынылған банк мағлыўматында жуўапкердиң банк алдындағы қарызлары өскени анықланды. Кредит шәртнамасының 2.3, 2.6-бәнтлерине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм процент төлемлерин белгиленген график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған. Бирақ шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Усы Кодекстиң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. Қарызды төлеў ҳаққындағы банктың талапнамалары жуўапкерге почта байланыс бөлими арқалы берилген болсада, қарызлар лазым дәрежеде төленбеген. Суд даўаның талапларын қанаатландырыўды, жуўапкерден банк пайдасына мүддети өткен 44 444 444 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 24 371 348 сом процент, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Суд жуўапкерден мәмлекет бюджетине даўа суммасының 2% муғдарында мәмлекетлик бажы өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талаплары қанаатландырылсын. Нөкис қаласы **** ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы АКБ **** пайдасына мүддети өткен 44 444 444 сом тийкарғы кредит қарыз, мүддети өткен 24 371 348 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. **** ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 1 376 315,84 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов