Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2303-2501/894 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XOJAMURATOV QUANI‘SHBAY WORALBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f95089c9-7fc2-4fe2-9e5e-c9b911d49e81 Claim ID PDF Hash d99f998cb57f9a2e... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2303-2501/894-санлы экономикалық ис судья Қ.О.Хожамуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Қоңырат районы 2025-жыл 28-октябрь Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, даўагер ўәкили бөлим юристи С.А*** (2025-жыл 7-январь күнги 17/02-39-санлы исеним хат), жуўапкерлер «M*** T***» фермер хожалығы баслығы П.А*** ҳәм «T*** U*** N***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Н.Т***лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының даўагер «Т***» АКБтиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкерлер «M*** T***» фермер хожалығы ҳәм «T*** U*** N***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 500 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 295 102 740 сом мүддети өткен пайызын ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти судтың ѳз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер «Т***» АКБ (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)тиң мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, оның пайдасына жуўапкерлер «M*** T***» ФХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм «T*** U*** N***» ЖШЖ (буннан кейин текстте қосымша жуўапкер деп жүритиледи)нен 500 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 295 102 740 сом мүддети өткен пайызын өндириўди сораған. Палата даўа арзасында исти ѳз ўәкилисиз кѳриўди сорағанлығы себепли суд исти оның қатнасыўысыз кѳрип шығыўды лазым тапты. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы бойынша миннетлемелери турақлы түрде бузылып келингенлигин, жуўапкер тәрепинен қарыздарлық бүгинги күнге дейин де төлеп берилмегенлигин, бул жағдайлар судқа усынылған ҳүжжетлер менен толық тастыйықланатуғынлығын билдирип, даўа арзасын толық қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын тән алып, қарызын төлеўге мүддет бериўди сорады. Қосымша жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талапларын тән алып, жуўапкердиң қарызларын төлеп бериўди өзиниң мойнына алатуғынлығын билдирди. 2 Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап ҳәмде истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит ҳәм кепиллик шәртнамаларынан келип шыққан. ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПК 734-статьясының биринши бѳлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер ортасында 2020-жыл 2-июль күни дүзилген 520-санлы кредит шәртнамасына тийкар банктиң Нөкис филиалы тәрепинен жуўапкерге ири нәсилли қара малларын ҳәм малхана имаратын сатып алыўы ушын жыллық 18% бенен 84 ай мүддетке, яғный 2020-жыл 2-июльден 2027-жыл 1-июльге дейин 2 987 928 442 сом муғдарында кредит ажыратылып, шәртнама миннетлемелери қысман орынланған. Кредит шәртнамасының 1.1-бәндине муўапық даўагер Осиё тараққиёт банки қатнасындағы «Шарўашылық тармағында қосылған қунды жаратыў шынжырын раўажландырыў» жойбары (3823 УЗБ) кредит линиясы қаржылары есабынан жуўапкерге усы шәртнамада келисилген муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында кредит ажытарыў, жуўапкер болса даўагер тәрепинен ажыратылған кредиттиң тийкарғы қарыз суммасын ҳәм оған есапланған пайызларын усы шәртнамада белгиленген мүддетте ҳәм шәртлер тийкарында қайтарыў миннетлемелерин алған. Кредит шәртнамасының 2.7-бәндинде ажыратылған кредит қаржысын қайтарыў мүддетлери усы шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланған 1-қосымшада белгиленген кредитти қайтарыў кестесине муўапық кредит қаржысына есапланған пайызларды төлеў болса кредит ажыратылған айдың кейинги айынан баслап ҳәр айдың 6-сәнесине шекем әмелге асырылыўы лазымлығы, 2.9-бәндинде жуўапкер кредиттен пайдаланғанлығы ушын пайызлар кредит ажыратылған күннен баслап, даўагер тәрепинен ҳәр күни есапланатуғынлығы ҳәм бул пайыз төлемлери кейинги айдың 6-сәнесине шекем жуўапкер тәрепинен төлениўи лазымлығы көрсетилген. 3 Сондай-ақ, кредит шәртнамасының 4.2.11-бәндине тийкар жуўапкер кредиттиң тийкарғы қарызы ҳәм пайызы бойынша төлемди мүддетли миннетлемеге, усы шәртнамаға ҳәм усы шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланған 1-санлы қосымшада белгиленген кредитти қайтарыў кестесине тийкар белгиленген тәртипте толық қайтарылыўын тәмийинлеў ҳәмде шәртнама бойынша өз миннетлемелерин лазым дәрежеде орынлаў миннетлемесин алған. ПКниң 236-статьясында миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт деп көрсетилген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен кредит шәртнамасы шәртлери турақлы түрде бузылып келинген. Нәтийжеде 2025-жыл 15-сентябрь күнине оның даўагер алдында 500 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 295 102 740 сом мүддети өткен пайызы, жәми 795 102 740 сом кредит қарыздарлығы пайда болған. Жоқарыдағы жағдайлар истеги кредит шәртнамасы ҳәм банк мағлыўматнамалары менен толық тастыйықланады. «Т***» АКБ Қарақалпақстан Республикасы банк хызметлери орайының 2025-жыл 28-октябрь күнги 05/01-693-санлы мағлыўматнамасына қарағанда, жуўапкер тәрепинен бүгинги күнги ҳалатқа 500 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 347 821 918 сом мүддети өткен пайызы, жәми 847 821 918 сом кредит қарыздарлығы тѳленбеген. Кредит шәртнамасының 6.4-бәндинде жуўапкер тәрепинен кредит ҳәм оған пайызлар өз ўақтында қайтарылыўы ҳәм усы шәртнама бойынша өз миннетлемелерин талап дәрежесинде орынланыўы қосымша жуўапкердиң 170 000 000 сом муғдардағы кепиллиги ҳәм т.б.лар менен тәмийинленетуғынлығы көрсетилген. Соның менен бирге, 2020-жыл 3-июль күни даўагер, жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкер орталарында 1-санлы кепиллик шәртнамасы дүзилген болып, оның 1.1-бәндине муўапық, жуўапкер даўагер тәрепинен ажыратылатуғын 5 000 000 000 сом муғдардағы кредитти өз ўақтында қайтарыў ҳаққындағы миннетлемени орынламағанда яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда, қосымша жуўапкер даўагердиң биринши талабына муўапық кредит бойынша төлемлер, оған есаплап жазылған пайызлар ҳәм кредит миннетлемесин өз мүддетинде орынлаў менен байланыслы қәрежетлерди есап бетиндеги қаржылары яки ликвидли мал-мүлки менен сөзсиз төлеў миннетлемесин ҳәм жуўапкершилигин өз мойнына алған. Кепиллик суммасы 170 000 000 сомды қурайды. ПКниң 293-статьясына муўапық қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында солидар жуўап береди, егер нызамда яки кепиллик шәртнамасында кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса. Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, кепил кредитор алдында қарыздар менен тең кѳлемде жуўап 4 береди, соннан пайызлар тѳлейди, қарызды ѳндирип алыў бойынша суд шығынларын ҳәм қарыздар миннетлемесин орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли кредитор кѳрген басқа зыянларды тѳлейди. Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, биргелесип кепил болған шахслар кредитор алдында солидар жуўап береди. Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2006-жыл 22-декабрь күнги «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын миннетлемелердиң орынланыўын тәмийинлеў ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 13/150-санлы қарарының 30-бәндиниң екинши хатбасында тийкарғы миннетлеме бойынша қарыздардың жуўапкершилигине кепил миннетлемесиниң солидарлығы кредитордың тийкарғы миннетлеме бойынша ҳәм қарыздарға, ҳәм кепилге, ҳәм биргеликте, ҳәм ѳз алдына, ҳәм толық, ҳәм қарыздың бир бѳлегине ѳз талапларын усыныўға ҳақылы екенлигин аңлататуғынлығы ҳаққында түсиниклер берилген. Жоқарыдағыларға тийкар, суд даўа талапларын толық қанаатландырыўды, жуўапкерден 500 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын ҳәм 295 102 740 сом мүддети өткен пайызын, жәми 795 102 740 сом кредит қарыздарлығын, соннан 170 000 000 сом қарызын қосымша жуўапкерден солидар тәртипте өндириўди лазым тапты. Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 118-статьясының биринши ҳәм екинши бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги «Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. 5 Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 17-сентябрь күни автоматик рәўиште қәлиплестирилген 252606490251-инвойс рақамлы квитанция менен 41 200 сом почта қәрежети тѳленген. Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 15 902 054,8 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза толық қанаатландырылсын. Жуўапкер «M*** T***» фермер хожалығынан 500 000 000 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм 295 102 740 сом мүддети өткен пайызы, жәми 795 102 740 сом кредит қарыздарлығы, сондай-ақ, 41 200 сом почта қәрежети, соннан 170 000 000 сомы жуўапкер «T*** U*** N***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте даўагер «Т***» АКБтиң пайдасына өндирилсин. Жуўапкер «M*** T***» фермер хожалығынан республика бюджетине 15 902 054,8 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест) келтириў мүмкин. Судья Қ.О.Хожамуратов