Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1512 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 5162f928-ad1d-487d-9a2c-62105cb32638 Claim ID PDF Hash dbfc21d4a34c87be... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 28 октябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, Шымбай район прокуроры Б.Байманова, Палата ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 30 апрель күнги 01/06-8562-санлы исеним хат тийкарында), даўагер ўәкиллери ХХХХХ (2025 жыл 28 октябрь күнги 4-санлы исеним хат тийкарында), ХХХХХ (2025 жыл 28 октябрь күнги 5-санлы исеним хат тийкарында), жуӯапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 28 октябрь күнги 01105-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Ѳзбекстан Саўдасанаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпинде жуўапкер ХХХХХнен 60 532 803,81 сом пул қаржыларын өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а нықлады : Ѳзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы даӯагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (кейин текстте даӯагер деп жүритиледи)ниң мәпинде жуўапкер ХХХХХ (кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нен 60 532 803,81 сом пул қаржыларын өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Судтың 2025 жыл 16 октябрь күнги уйғарыӯы менен иске даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы бойынша Ғазнашылық басқармасы тартылған. Суд мәжлисинде даўагер тәреп даӯа арза талабын қоллап-қуӯатлады. Жуӯапкер ўәкили суд мәжлисинде даўа талабын тән алып, ҳакыйқатында даўагер менен орталарында 2024 жыл 22 февраль күни аутсорсинг хызметлерин кɵрсетиў бойынша шәртнама дүзилгенлигин, шәртнама баҳасы 32 111 520 сом болып белгиленгенин, кейиншели шәртнамаға қосымша келисим дүзилип шәртнама суммасы 234 287 000 сом болып өзгертилгенин, даўагер тәрепинен 60 532 803,81 сомлық хызметлер артық кɵрсетилгенлигин, бирақ қарыздарлық усы күнге шекем төленбегенлигин билдирип, даўа талабын қанаатландырыўды сорады. Прокурор суд мәжилисинде даўа талабын қанаатландырыў ҳаққында пикирин билдирди. Үшиншы шахслар Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойынша 1 Ғазнашылық басқармасы суд мәжлисине тийисли тәртипте шақыртылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (буннан кейин текстте ЭПК деп жритиледи)170-статьясының 3-бөлимине тийкар, исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан, суд, исти үшиншы шахс ўәкиллериниң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд тәреплердиң түсиндирмесин, прокурордың даўа талабын қанаатландырыўды сораған пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады. Истеги хүжжетлерден анықланыӯынша, тәреплердиң ортасында 2024 жыл 22 февраль күни аутсорсинг шәртлери тийкарында хызметлер кɵрсетиў бойынша 7-санлы шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнаманың 1.1 - 1.2- бәнтлерине муӯапық аутсорсер 2024 жыл 22 февраль күнинен баслап 2024 жыл 31 декабрь күнине шекем, ҳәр күни буюртпашының буюртпасы бойынша наўқасқа азық-аўкат ɵнимин белгиленген норма бойынша ҳәмде Өзбекстан Республикасы нормативҳүқықый ҳүжжетлер менен белгиленген санитария-гигиена нормаларына тийкар тәмийинлеў миннетлемесин, буюртпашы усы хызметлер ушын ҳақысын төлеп бериӯ миннетлемесин алған. Шәртнаманың 3.1-бәнтинде хызметлердиң баҳасы 32 111 520 сом болып белгиленген. Кейиншелли тәреплер усы шәртнамаға 2024 жыл 16 апрель күнги 518-13216-ТВ/2024-санлы қосымша келисим дүзип, шәртнаманың 3.1-бәнтиндеги аутсорсинг хызмет көрсетиў баҳасы 202 175 480 сомға көбейтип, жәми шәртнаманың суммасы 234 287 000 сом деп белгиленген. Шәртнама ҳәм қосымша келисим ғазнашылық бөлиминен дизимнен өткен. Бирақ, жуўапкер тәрепинен даўагерге 60 532 803,81 сомлық артықша аутсорсинг хызметлерин көрсетиў бойынша буюртпалар берилген. Усы суммаға шәртнама дүзилмеген. Даўагер тәрепинен буйыртпалар тийкарында 60 532 803,81 сомлық аутсорсинг хызметлери көрсетилген. Бул истеги буюртпалар (ҳәр айдағы меню-раскладкалар), тәреплердиң ортасында тастыйықланған салыстырыў акти менен толық тастыйықланады. 2 Бирақ, жуўапкер тәрепинен көрсетилген хызметлер ушын ҳақысы төленбеген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 1023-статьясында нызамшылықта ямаса келисимде белгиленген тийкарларсыз басқа шахс (жәбирлениўши) ниң есабынан мүлкти ийелеп алған ямаса үнемлеп қалған шахс (қолға киритиўши) тийкарсыз ийелеп алынған ямаса үнемлеп қалынған мүлкти (тийкарсыз арттырылған байлықты) жәбирлениўшиге қайтарып бериўи шәрт, усы Кодекстиң 1030-статьясында нәзерде тутылған жағдайлар буннан тысқары. ПКниң 1030-статьясында тийкарсыз арттырылған байлық сыпатында төмендегилер қайтарып берилмейди: орынлаў мүддети тамамланғанша миннетлемени орынлаў бойынша тапсырылған мүлк, егер миннетлемеде басқаша жағдай нәзерде тутылмаған болса; даўа мүддети өткеннен кейин миннетлемени орынлаў бойынша тапсырылған мүлк; мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, пенсиялар, напақалар, стипендиялар, өмирге ямаса денсаўлыққа жеткерилген зыян қапламасы, алиментлер ҳәм пуқараға тиришилик қуралы сыпатында берилген басқа да пул қаржылары, оның тәрепинен инсапсызлық исленбегенинде ҳәм есап-санақта қәтеликлер болмағанда; бар болмаған миннетлемени орынлаў ушын берилген пул суммалары ҳәм басқа да мүлк, егер қолға киргизиўши мүлкти қайтарыўды талап етип атырған шахстың миннетлемениң жоқ екенлигин билгенлигин ямаса мүлкти қайырқомлық мақсетлеринде бергенлигин дәлиллесе. Суд, ХХХХХ тәрепинен қорсетилген аутсорсинг хызметлери ушын төленбеген 60 532 803,81 сом пул қаржыларын тийкарсыз арттырылған байлық деп есаплайды. Бул жағдайда даўа арза талабы қанаатландырылыўы лазым. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан, суд даўа арза талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 60 532 803,81 сом пул қаржылары, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 1 210 656,07 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа арза талабы қанаатландырылсын. ХХХХХ есабынан “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 60 532 803,81 сом пул қаржылары, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. ХХХХХ есабынан республика бюджетине 1 210 656,07 сом мәмлекетлик бажы мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хатлар берилсин. 3 Шешиӯши қарар үстинен усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы Судының экономикалық судлаӯ коллегиясына апелляциялық тәртибинде яки нызамлы күшине кирген күнинен алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья: З.Хасанова 4