Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1427 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 37800a5f-c316-42d0-8c03-070186f8c751 Claim ID PDF Hash 3b7625b0d21f0f2c... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1427-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИУШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 28 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанова, Өзбекстан Республикасы Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан Республикасы Акционерлик Коммерциялық "ХХХХХ" мәпинде, жуўапкер “ХХХХХ” фермер хожалығынан 4 842 400 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 268 800 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 256 200 сом пеня, жәми 5 367 400 сом қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан Республикасы Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи), Өзбекстан Республикасы Акционерлик Коммерциялық «ХХХХХ» (буннан кейин текстте Банк деп жүритиледи) мәпинде, жуӯапкер “ХХХХХ” фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи)нан 4 842 400 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 268 800 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 256 200 сом пеня, жәми 5 367 400 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетлерин өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи) 2034-статьясы екинши ҳәм төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин даўа арзасын ѳндириске қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде судқа өзи тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады. Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды. Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты. 1 Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024 жылы 04 февраль күни 35-F/ gr b nq- 16532/24-санлы кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға муўапық "Банк" "Қарыз алыўшы"ға 2024-жыл пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм Финанс министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қарыз алыўшының арзасында көрсетилген топырақтың бир бонитет баллына салыстырғанда нормативлик зүрәәт баҳасының 60 процентине шекем, таярлаў кәрханасы (фючерс шәртнамасына тийкар пахта тоқымашылық кластерлери, элита туқымгершилик хожалықлары ҳәм басқалар) тәрепинен аванс сыпатында жеткерип берилген туқым баҳасын есапқа алған ҳалда 2025 жыл 01 апрелге шекем жылына 10 пайыз ставкасы төлеў шәрти менен 145 154 692 сом муғдарында кредит қаржысы ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодексиниң (буннан кейин тексттеПК деп жүритиледи) 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 744-статьясының биринши бөлимине тийкар бир тәреп-банк яки басқа кредит шөлкеми екинши тәрепке шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржысын бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алады. ПКниң 734-статьясының биринши бөлимине муўапық егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридик шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе болады. Кредит шәртнамасының 1.2-бәнтине муўапық шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў графигине тийкар кредит қарыздарлығын ҳәм пайызларды жуўапкер төлеп барыў миннетлемесин алған. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбаған. Нәтийжеде жуўапкердиң банк алдында 4 842 400 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 268 800 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 256 200 сом пеня, жәми 5 367 400 сомды қураған. Банктиң 2025 жыл 28 октябрге берилген 14/1045-санлы мағлыўматнамасында мүддети өткен кредит бойынша қарыздарлығы (тийкары, пайыз, пеня) 5 702 400 сом қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек кредит қарыздарлығы өскен. Бул жағдайда даўаның мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы ҳәм мүддети өткен пайыз қарыздарлығы өндириў талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. Шәртнаманың 6.3-бәнтинде кредит ҳәм оған есапланған пайызлардың 2 төлениўи кешиктирилгенде, ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлеў суммасының 0,5% муғдарында, бирақ өткизип берилмеген сумманың 10% артық бөлмаған муғдарда банкке пеня төлениўи белгиленген. Даўаның пеня өндириў талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи деп көрсетилген. Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа арза талабын қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер пайдасына 4 842 400 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 268 800 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 256 200 сом пеня, жәми 5 367 400 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджет есабына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының 1 Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти: Даўа арза талабы қанаатландырылсын. “ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан 4 842 400 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 268 800 сом мүддети пайыз қарыздарлығы, 256 200 сом пеня, жәми 5 367 400 сом кредит қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндирилсин. “ХХХХХ” фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы күшине киреди. Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3