Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2036 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 2d8f615c-126e-413c-8b61-0ec1febcde89 Claim ID PDF Hash 936188144d403307... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
44-2301-2502/2036-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөки қаласы 2025-жыл 28-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили ******* (2025-жыл 08-сентябрь күнги 01-06/3504-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер **** тараўында қадағалаў инспекциясының жуўапкер Нокис қаласы **** ЖШЖнен 15 074 622 сом қарыз, 7 537 311 ом пеня, төленген 452 239 ом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер **** тараўында қадағалаў инспекциясы жуўапкер **** ЖШЖнен 15 074 622 сом қарыз, 7 537 311 ом пеня, төленген 452 239 ом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 157-статьясы биринши бөлимине муўапық, даўагер исти биринши инстанциясы судында көриў ўақтында истиң мазмунынан көрилиў жуўмағы бойынша шығарылатуғын суд ҳүжжети қабыл етилиўине шекем даўаның тийкарын яки предметин өзгертиўге, даўа талапларының муғдарын көбейтиўге яки кемейтиўге ҳақылы. Дәслепки даўа арзаға усынылған қосымша даўа арзада 6 783 580 сом қарыз өндириў талабы болып өзгертилген ҳәмде пеня талабынан ўаз кешилген. Суд уйгарыўы менен дәслепки даўа арзаға берилген қосымша даўа арзасы ис жүритиўге қабыл етилғен. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаның 6 783 580 сом қарыз өндириў талабын қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд даўагер ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 17-апрель күнги “Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм уй-жай коммунал хожалығы министрлиги ҳәм оның қурамындағы шөлкемлер ҳаққында”ғы нызамларды тастыйықлаў туўрында”ғы 214-санлы қарарында, қурылыс объектлеринде сынаў лабаратория ислерин ҳәмде бар болған имарат ҳәм қурылмалардың техникалық жағдайын шәртнама тийкарында үйренеди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Ис ҳүжжетлеринен анықланыўынша, тәреплер орталарында 2024-жыл 10-октябрь күни “Лаборатория сынаў ислерин орынлаў ҳаққында”ғы 593санлы шәртнама дүзилген. Шәртнамаға тийкар даўагер тәрепинен Нөкис қаласы, «Шымбай гузары» МПЖда жайласқан 5-қабатлы 30-квартиралы имаратына лаборатория сынаў ислери өткерилген. Өткерилген лаборатория сынаў ислери нәтижесинде тәреплер ортасында 2024-жыл 26-декабрь күни рәсмийлестирилген актке көре жуўапкердиң 15 074 622 сом муғдарындағы қарызы жүзеге келгени тастыйықланады. Бирақ даўа талабына өзгерис киритилгени себепли қарыз өндириў суммасы 6 783 580 сом болып табылады. Қарызды төлеў ҳаққындағы 2025-жыл 29-май күнги даўагердиң 0106/1955-санлы талапнамасы жуўапсыз қалған яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. ПК 260-статьясы биринши бөлимине тийкар, нызамшылық ҳүжжетлеринде яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул суммасы неустойка есапланады. ПК 261-статьясы биринши бөлимине тийкар, неустойка жәрийма яки пеня формасында болады. Шәртнаманың 4.2-бәнтине муўапық, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасы 50% аспаған жағдайда пеня талап қылыныўы мүмкин. Сонлықтан даўа арзада жәми 7 537 311 сом пеня талап қылынған. Суд мәжилисинде усынылған даўагердиң арзасында талап қылынған пенядан ўаз кешилген. ЭПК 110-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер даўасынан ўаз кешген ҳәм суд оны қабыл қылған болса, ис жүритиў қысқартылады. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының 13-бәнтинде даўагер даўасынан қысман яки толық ўаз кешиўге ҳақылы екенлиги бойынша түсиник берилген. Суд, даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 6 783 580 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 118-статьясы жетинши бөлимине тийкар, мәмлекетлик бажы тәреплерден пропорционал тәртипте өндирилиўи лазым. Талап қылынған сумманың 2% яғный 452 239 сом мәмлекетлик бажы төленгени себепли тийкарлы сумма есабынан 135 671,70 ом мәмлекетлик бажы жуўапкерден даўагер пайдасына өндириледи, қалған сумма даўагер мойнында қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. Нөкис қаласы **** ЖШЖнен **** тараўында қадағалаў инспекциясының пайдасына 6 783 580 сом қарыз, 135 671,70 ом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов