Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1399 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 039f2bfa-87fa-4352-a6a3-be3fac0839bf Claim ID PDF Hash c167dc543f998a2e... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1399-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 28 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер ўәкили «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районлық бөлимшеси юристконсультанты ХХХХХ (2025 жыл 02 апрель күнги ЖЕ-02-06/590-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "ХХХХХ» жеке меншик кәрханасынан 170 693 915,12 сом тийкарғы қарыз, 29 902 776,13 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ» жеке меншик кәрханасы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 170 693 915,12 сом тийкарғы қарыз, 29 902 776,13 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиныӊ (буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи)157-статьясында даўагер исти биринши инстанция судында көриў ўакытында ҳал қылыў қарары қабыл етилгенге шекем даўаныӊ тийкары яки предметин өзгертиў, даўа талаплары муғдарын көбейтириў яки кемейтириў, сондай-ақ даўадан ўаз кешиўге ҳақылы делинген. Даўагер судқа қосымша даўа арза усынып, даўа талабын кемейтирип, жуўапкерден 160 362 770,72 сом тийкарғы қарыз ҳәм 12 102 776,13 сом пеня өндириўди сораған. Судтың 2025 жыл 28 октябрь күнги уйғарыўы менен қосымша даўа арза суд өндирисине қабыл етилген. Даўагер тәреп суд мәжилисинде даўа талабын қоллап-қуўатлап, жуўапкерден 160 362 770,72 сом тийкарғы қарыз ҳәм 12 102 776,13 сом пеня өндириўди сорады. Жуўапкер истиң көрилиўи ҳақкында тийисли тәртипте хабардар қылынған болсада, суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд, даўагер тәрептиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер 1 шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында 2024 жыл 19 февраль күнги 162058-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын алады, жуӯапкер болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 160 362 770,72 сом тийкарғы қарыз ҳәм 12 102 776,13 сом пеня қарыздарлығы пайда болған. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбүриятын алады. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнамалар, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. “ N RGOSAVDO” филиалы Қараөзек районы бөлими тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 03 сентябрь күни талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық толық төленбеген. Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 15 майдағы 4-2304-2503/345-санлы шешиўши қарары менен жуўапкерден 57 127 448,40 сом тийкарғы қарызы ҳәм 11 866 385,60 сом пеня қарыздарлығы өндирилген. Жуўапкер тәрепинен 2025 жыл 01 апрельде 36 796 304 сом, 2025 жыл 01 майда 10 000 000 сом, 2025 жыл 21 октябрьде 17 800 000 сом төленген. Даўагер тәрепинен төленген суммалардың 46 796 304 сомы тийқарғы қарыздарлықты, 17 800 000 сом пеня қарыздарлықты қаплаў есабына өткерилген. 2 Даўагер тәрепинен суқа усынылған ҳүжжетлерга қарағанда алдынғы судтың шешиўши қарары менен өндирилген ҳәм төленген суммаларды шегирген ҳалда 2025 жыл 01 сентябрь халатына жуўапкердиң пайдаланған энергия ҳақысы бойынша қарыздарлығы : 160 362 770,72 сом тийкарғы қарыз ҳәм 12 102 776,13 сом пеня қарыздарлығы қурайтуғынлығы анықланды. Бул халатда даўа арзаның тийкарғы қарыздарлықты өндириў талабы қанаатландырылыўы лазым. Сондай-ақ, даўагер даўа арзасында шәртнаманың 3.12-бәнтине муўапық жуўапкерден қабыл етилген энергия ҳақысын өз ўақтында төлемегенлиги ушын 12 102 776,13 сом пеня өндирилиўи соралған. ПКниң 333-статьясына муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын егер Нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Бул жағдайда жуўапкер тәрепинен шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Пеня талабы тийкарлы. Бирақ, суд, пеня толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеня муғдарын кемейтиўди, пеня өндириў талабын 5 000 000 сомға қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6-январь күнги ЎРҚ-600-санлы Нызамының 9 статьясы биринши бөлими 29бәнтинде ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериўшилер тийислигинше ыссылық ҳәм электр энергиясын жеткерип бериў бойынша 3 хызметлер ушын төлемлер бойынша қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўалар, арзалар ҳәм шағымлар менен судқа мүрәжат еткенде мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилгенлиги белгиленген. Нызамының 9 статьясы екинши бөлиминде усы статья биринши бөлиминиң 2, 143, 20, 21, 221 ҳәм 29-бәнтлеринде көрсетилген шахслардың талапларын толық ямаса бир бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы усы шахслардан талаплардың қанаатландырылыўсыз қалдырылған муғдарына пропорционал түрде өндирилетуғынлығы, Нызамының 19 статьясы жетинши бөлиминде даўагер тәрепинен даўа талаплары кемейттирилгенде, төленген мәмлекетлик бажы қайта есапланбайтуғынлығы белгиленген. Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 160 362 770,72 сом тийкарғы қарыз ҳәм 5 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджет есабына жуўапкерден 3 450 263,09 сом (өндирилиўи лазым болған 4 011 933,82 сом мәмлекетлик бажының 86%), даўагерден даўа талабын кемейтирилген тәрепи бойынша 561 670,73 сом (өндирилиўи лазым болған 4 011 933,82 сом мәмлекетлик бажының 14%) мәмлекетлик бажы ондириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қысман қанаатландырылсын. "ХХХХХ» жеке меншик кәрханасы есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына 160 362 770,72 сом тийкарғы қарыз ҳәм 5 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. "ХХХХХ» жеке меншик кәрханасы есабынан республика бюджет есабына 3 450 263,09 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. «ХХХХХ» акционерлик жәмийети есабынан республика бюджет есабына 561 670,73 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 4