← Назад
Решение #2860392 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2024-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 28-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили
**** (2025-жыл 04-июнь күнги 11534-04-2-санлы исеним хат тийкарында),
жуўапкер ўәкили хәм адвокат **** (2025-жыл 20-октябрь күнги 01-765-санлы
исеним хат, 2025-жыл 21-октябрь күнги 22-санлы ордер тийкарында)
қатнасыўында, даўагер ****ның жуўапкер Хожели районы **** ЖШЖнен
1 880 206 380 сом қарыз, 436 207 880,16 сом пеня, төленген почта қәрежетин
өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында,
видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер **** жуўапкер **** ЖШЖнен 1 880 206 380 сом қарыз,
436 207 880,16 сом пеня, төленген почта қәрежетин өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 07-октябрь күнги уйгарыўы менен Мәмлекет мүлки
объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайы Самарканд ўәлаяты аймақлық
басқармасы даўа предметине арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске
тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның қарыз өндириў талабы қысман
сөндирилгенин яғный 206 380 сом қалдық қалғанын билдирип, даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили ҳәм адвокат суд мәжилисинде шәртнаманың 2.5, 2.6бәнтлерине ҳәмде әмелдеги нызамшылық талапларына тийкар даўа арзаны
көрместен қалдырыў ҳаққындағы жазба илтимаснамасын қанаатландырыўды
сорады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 169-статьясы биринши бөлимине тийкар,
исте қатнасыўшы шахслардың жаңа дәлиллерди талап қылып алыў
туўрысындағы ҳәмде исти көриў менен байланыслы басқа барлық мәселелер
бойынша арзалары ҳәм илтимаснамалары исте қатнасыўшы басқа шахслардын
пикирлери суд тәрепинен тыңланып болғаннан кейин шешиледи.
Суд истеги ҳүжжетлер менен танысып шығып, даўагер ўәкилиниң
илтимаснаманы қанаатландырыўға қарсы екенлиги бойынша берген пикирин
тыңлап, суд илтимаснаманы қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 107-статьясы биринши бөлими 5-бәнтине тийкар, даўагер даўаны
судқа шекем шешиў (талапнама жибериў) тәртибине әмел қылмаған болса, усы
даўалар ушын нызамда яки тәреплер шәртнамасында нәзерде тутылған болса,
суд даўаны көрместен қалдырады.
Иске қосылған шәртнамада даўаны судқа шекем шешиў (талапнама
жибериў) тәртибине әмел қылыныўы нәзерде тутылмаған.
Суд мәжилиси даўам етип, жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде 206 380 сом
түсиниксиз қарыз екенин, өзиниң есабатына көре тек 1 880 000 000 сом қарызы
бар деп билетуғынын ҳәм ол қарыз төленгенин, орталарындағы алды-сатты
шәртнама шәртлери нызамшылық талапларына қайшы келетуғынын, себеби
имарат сатып алыў зәрурлиги ушын даўагер тәрепинен усынылған шәртнаманы
имзалаўға мәжбур болғанын билдирип, жәмийеттиң финанс жағдайы жақсы
емеслигине байланыслы даўаның пеня өндириў талабын кемейтиўди сорады.
Үшинши шахс ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны
ҳаққында хабарланғаны тастыйықланады.
ЭПК 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын
орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши
шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи
мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўа арза талапларын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан
келип шыққан.
ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған
тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын,
егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине
байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп
табылады.
ПК 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп
(сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ға мүлк етип тапсырыў
миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын
белгиленген пул суммасы (баҳасын) төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер, жуўапкер ҳәмде истеги үшинши
шахс орталарында 2023-жыл 10-февраль күни 6-санлы алды-сатты шәртнамасы
дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар, истеги даўагер Самарканд қаласы,
Беруни көшеси 29-А-жайда жайласқан бос турған мийманхана имараты жер
участкасы менен бирге мүлкий комплекс сыпатында ижара ҳуқықы тийкарында
тапсырыў, ал қарыйдар-жуўапкер шәртнама шәртлерине муўапық объект
сатылыў баҳасын тийисли тәртипте төлеў миннетлемелерин алған.
Шәртнаманың 3.1-бәнтине көре объект баҳасы жәми 16 873 647 000 сомды
қураған, соннан 803 507 000 сом закалат пулы сыпатында қабыл етилген. Қалған
16 070 140 000 сомның белгиленген мүддет ҳәм муғдарда төлениўи көзде
тутылған. Шәртнаманың 3.2-бәнтинде арнаўлы кесте (график) тийкарында
төлемлер муғдары ҳәм ўақты көрсетилген.
Бирақ жуўапкер тәрепинен төлемлер лазым дәрежеде әмелге
асырылмаған. Нәтийжеде даўагер жуўапкерден қарыздарлықларын өндириў
ушын судқа мүрәжат еткен.
Иске қосылған мағлыўматқа тийкар жуўапкердиң 1 880 206 380 сом
тийкарғы қарызы ҳәм 436 207 880,16 сом пеня қарызлары көрсетилген.
Суд мәжилисинде усынылған банк ҳүжжетлеринде жәми 1 880 000 000
сомның жуўапкер тәрепинен төленгени тастыйықланады.
Қалдық болған 206 380 сом төленбегени себепли оны өндириў талабы
тийкарлы табылады. Себеби даўагердиң қарызды төлеў талапнамасы жуўапкер
тәрепинен лазым дәрежеде итибарға алынбаған.
Сонлықтан қарыз оз ўақтында төленбегени ушын шәртнаманың 5.3бәнтинде пеня төлениўи нәзерде тутылғаны себепли даўа арзада жәми
436 207 880,16 сом пеня талап қылынған.
ПК 260-статьясы биринши бөлимине көре, нызамшылық ҳүжжетлеринде
яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки
лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул
суммасы неустойка есапланады.
ПК 261-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрима яки пеня
формасында болады.
ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың
мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў
ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды
Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы
яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери
ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген.
Пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына
кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 70 000 000 сом ондириўди макул
табады.
ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир
шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды
дәлийллеўи керек.
Суд жуўапкер ўәкилиниң суд мәжилисиндеги 206 380 сом түсиниксиз
қарыз екени ҳәм орталарындағы алды-сатты шәртнама шәртлери нызамшылық
талапларына қайшы келетуғыны ҳаққында билдирген наразылық ўәжлери менен
келисе алмайды. Себеби даўаның 206 380 сом талабы бойынша рәсмий
ҳүжжетлери тийкарында наразылығы дәлийлленбеди, тәреплер орталарындағы
алды-сатты шәртнамасы нызамлы күшинде. Демек шәртнама шәртлерин
тәреплер орынлаўы лазым.
Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўаның талапларын қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 206 380 сом қарыз,
70 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына муўапық, мәмлекетлик бажы жуўапкерден
өндирилиўи лазым.
Талап қылынған сумманың 2% есабынан яғный, 46 328 285,20 сом
мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине ҳәмде жуўапкерден
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитына видеоконференция
байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын.
Хожели районы **** ЖШЖнен ****ның пайдасына 206 380 сом қарыз,
70 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
**** ЖШЖниң даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққындағы
илтимаснамасы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
**** ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 46 328 285,20 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
**** ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитына 103
000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов