Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1403 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID a17df95f-1f6e-424a-8c56-c54c33288865 Claim ID PDF Hash 0b30d767cf0fa6d8... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 28 октябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер ўәкили «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң “Энерго саўда” филиалы Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районлық бөлимшеси юристконсультанты ХХХХХ (2025 жыл 22 январь күнги ЖЕ-02-06/129-14санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 23 857 101,37 сом тийкарғы қарыз, 315 174,83 сом пеня, 4 120 000 сом көрсетилген хызметлер ушын, жәми 28 292 276,20 сом қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 23 857 101,37 сом тийкарғы қарыз, 315 174,83 сом пеня, 4 120 000 сом көрсетилген хызметлер ушын, жәми 28 292 276,20 сом қарыздарлықты ҳәм төленген почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талабын қоллап-қуўатлап, қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер истиң көрилиўи ҳақкында тийисли тәртипте хабардар қылынған болсада, суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд, даўагер тәрептиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты шәртнамасынан келип шыққан. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер орталарында 2025 жыл 01 май күнги 4114-санлы электр энергиясын жеткизип бериӯ шәртнамасы дүзилген. 1 Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын, жуӯапкер болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған. Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық өз ўақтында тийсли төлемлерди төлемегенлиги ушын 23 857 101,37 сом тийкарғы қарыз, 315 174,83 сом пеня қарыздарлығы пайда болған. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў мәжбүриятын алады. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнамалар, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. “ N RGOSAVDO” филиалы Кегейли районы бөлими тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге 2025 жыл 22 сентябрь күни талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық төленбеген. Салыстырыӯ далалатнамасына қарағанда жуӯапкердиң мүддети өткен тийкарғы қарыздарлығы 2025 жыл 01 сентябрь халатына 23 857 101,37 сомды қураған. Бул халатда даўа арзаның тийкарғы қарыздарлықты өндириў талабы қанаатландырылыўы лазым. Сондай-ақ, даўагер даўа арзасында шәртнаманың 3.14-бәнтине муўапық жуўапкерден қабыл етилген энергия ҳақын өз ўақтында төлемегенлиги ушын 315 174,83 сом пеня өндирилиўи соралған. Пеня талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. Сондай-ақ, даўагер жуўапкерден электр энергиясын қайта жалғаў ушын (08253521234114-санлы 2025 жыл август айының есапбети фактураға тийкар) 4 120 000 сомды өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31 майдағы 319-санлы қарарына I-қосымша “Электр энергиясынан пайдаланыў” Қағыйдаларының 2025 жыл 22 сентябрь күнине шекем әмелде болған 144бәнтинде усы Қағыйдаларда нәзерде тутылған қағыйда бузылыў жағдайларында тутыныўшыларды электр тармақларынан үзип қойыў ҳәм 2 қайта жалғаў нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте әмелге асырылады. Орынға шыққан ҳалда электр тармақларынан үзилген тутыныўшыларды қайта жалғаўда тутыныўшылардан базалық есаплаў муғдарының он есеси (турмыслық тутыныўшылардан 2 есеси) муғдарында төлем өндириледи ҳәм бул қаржылар ТЭТКның есап бетине өткериледи. Бул халатда даўа арзаның қайта жалғаў бойынша көрсетилген хызметлер ушын 4 120 000 сомды өндириў талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа талабын қанаатландырыўды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 23 857 101,37 сом тийкарғы қарыз, 315 174,83 сом пеня, 4 120 000 сом көрсетилген хызметлер ушын, жәми 28 292 276,20 сом қарыздарлықты, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, Республика бюджет есабына 565 845,52 сом мәмлекетлик бажы ондириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қанаатландырылсын. "ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан «ХХХХХ» акционерлик жәмийети пайдасына 23 857 101,37 сом тийкарғы қарыз, 315 174,83 сом пеня, 4 120 000 сом көрсетилген хызметлер ушын, жәми 28 292 276,20 сом қарыздарлықты ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежетин, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндирилсин. "ХХХХХ» жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджет есабына 565 845,52 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3