← Назад
Решение #2860906 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/893-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қоңырат районы
2025-жыл 28-октябрь
Қоңырат
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Қ.О.Хожамуратов басшылығында, С.Жалгасбаевтиң хаткерлигинде, исте
қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз, даўагер Қ***ының
жуўапкер «M*** S***» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен 2024-жыл
28-февраль күни дүзилген 745576/123-23-санлы шәртнаманы бийкарлаўды ҳәм
жуўапкерден 3 975 000 сом жәрийма ѳндириўди сораған даўа арзасына тийкар
қозғатылған экономикалық исти М*** иске даўаның предметине ғәрезсиз
талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартқан ҳалда
судтың өз имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер Қ***ы (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер «M*** S***»
ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) менен 2024-жыл 28февраль күни дүзилген 745576/123-23-санлы шәртнаманы бийкарлаўды ҳәм
жуўапкерден 3 975 000 сом жәрийма ѳндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 10-октябрь күнги уйғарыўы менен иске Мойнақ районы
ҳәкимлиги (буннан кейин текстте үшинши шахс деп жүритиледи) даўаның
предметине ғәрезсиз талаплар менен даўа қылмайтуғын үшинши шахс
сыпатында тартылған.
Даўагер даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды сораған.
Жуўапкер ҳәм үшинши шахс суд мәжилисине өз ўәкиллериниң
қатнасыўларын тәмийинлемеди ҳәм өзлериниң жазба пикирлерин усынбады.
Истеги гибрид почта мағлыўматнамаларына қарағанда, жуўапкерди суд
мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар қылыў мақсетинде
жиберилген судтың уйғарыўы қабыл етип алыўшы кѳрсетилген мәнзилде
жоқлығы себепли оған тапсырылмаған.
Үшинши шахс болса, суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында
тийисли тәртипте хабардар қылынған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 128-статьясының биринши бөлимине
муўапық, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине
жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте
нәзерде тутылған басқа усылда хабардар қылынғанлығы ҳаққында суд
мәжилиси басланғанға шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы
тийисли тәризде харабар қылынған деп есапланады.
ЭПК 128-статьясының екинши бөлиминиң үшинши хатбасына муўапық,
суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан
2
жери (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген
уйғарыўдың көширме нусқасы мәнзил толық көрсетилмегенлиги себепли
тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мекемеси судты хабардар еткен
болса, экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы суд тәрепинен
тийисли тәризде хабардар қылынған деп есапланады.
Сонлықтан, суд жуўапкер ҳәм үшинши шахс суд мәжилисиниң ўақты ҳәм
орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар етилген деп есаплап,
сондай-ақ, даўагер даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип
шығыўды сорағанлығын есапқа алып, исти ЭПК 170-статьясының екинши ҳәм
үшинши бөлимлерине муўапық исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң
қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан
келип шыққан.
ПКниң 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир
тәреп (сатыўшы) товарды екинши тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк қылып
тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл қылыў ҳәм
оның ушын белгиленген пул суммасын (баҳасы) төлеў миннетлемесин алады.
ПК 420-статьясының биринши бөлимине муўапық, алды-сатты
шәртнамасында сатыўшы товарды тапсырмастан алдын сатып алыўшы оның
ҳақын толық яки қысман төлеў (алдыннан ҳақ төлеў) миннетлемеси нәзерде
тутылған ҳалларда, сатып алыўшы товар ҳақысын шәртнамада нәзерде тутылған
мүддетте, егер шәртнамада бундай мүддет нәзерде тутылмаған болса, усы
Кодекстиң 242-статьясына муўапық белгиленген мүддетте төлеўи лазым.
ПКниң 236-статьясына тийкар, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, исте қатнасыўшы шахслар ортасында
2024-жыл 28-февраль күни 745576/123-23-санлы алды-сатты шәртнамасы
(буннан кейин текстте шәртнама деп жүритиледи) дүзилген болып,
шәртнаманың 1.1-бәндине тийкар даўагер жуўапкерге үшинши шахстың
балансында турған Мойнақ районы, Бозатаў АПЖ, Шағырлы аўылы аймағында
жайласқан «Бос турған қоймахана имаратын» сатып алыў баҳасында ҳәмде
инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелер менен сатыў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 2.4-бәндинде усы шәртнамада белгиленген миннетлемелер
тәреплер ушын мәжбүрий болып қалатуғынлығы ҳәм түп нусқасына
теңлестирилген ҳалда юридикалық күшке ийе болатуғынлығы ҳәм тәреплер
тәрепинен миннетлемелер толық орынланып болынғанға шекем әмелде
болатуғынлығы белгиленип қойылған.
3
Шәртнаманың 3.1-бәндинде объектти сатып алыў баҳасы 26 500 000 сом
екенлиги көрсетилген. Алдыннан закалат пулы сыпатында 1 325 000 сом
төленген болып, бул сумма объектти сатып алыў төлемлериниң бир бөлеги
сыпатында қабыл қылынған.
Сондай-ақ, жуўапкер объект ушын сатып алыў төлемлерин усы шәртнама
күшке кирген күннен баслап 1 ай мүддет ишинде (2024-жыл 28-мартқа шекем)
9 275 000 сом муғдардағы дәслепки (35 пайыз) сатып алыў төлемлерин (закалат
пулын инабатқа алған ҳалда) усы шәртнаманың 3.2-бәндинде көрсетилген есап
бетине пүтинлей төлеў арқалы әмелге асырыў, қалған (65 пайыз) 17 225 000 сом
муғдардағы сатып алыў төлемлерин усы шәртнаманың 3.2-бәндинде
көрсетилген есап-бетке белгиленген кесте тийкарында әмелге асырыў
миннетлемелерин алған.
Шәртнаманың 3.4-бәндинде болса, егер қарыйдар тәрепинен шәртнама
күшке кирген күннен баслап 1 ай мүддет ишинде (2024-жыл 28-мартқа шекем)
сатып алыў төлемлериниң кеминде 35 пайызы муғдарындағы дәслепки төлем
әмелге асырылмаған жағдайда, қалған сатып алыў төлемлери суммасына
Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң тийкарғы ставкасы муғдарында
жыллық пайызлар есапланылатуғынлығы ҳәм сатып алыў төлемлери усы
шәртнаманың 3.2-бәндинде көрсетилген есап бетине белгиленген графикке
тийкар әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылған.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен 2024-жыл 28-мартқа шекем 9 275 000 сом
муғдардағы дәслепки төлем әмелге асырылмаған.
Нәтийжеде жуўапкер шәртнаманың 3.4-бәндинде белгиленген график
бойынша төлемлерди әмелге асырып барыўы лазым болған.
Бул графикке тийкар, жуўапкер тәрепинен шәртнаманың 3.4-бәндинде
белгиленген графиктиң 5-18-бәнтлери, яғный 2024-жылдың 1-август сәнесинен
2025-жылдың 1-октябрь сәнесине дейин жәми 4 195 833,32 сомлық сатып алыў
төлеми бүгинги күнге дейин кешиктирип келинген.
Сондай-ақ, жуўапкер тәрепинен шәртнаманың 5.1-бәндинде белгиленген
инвестициялық миннетлемелер орынланбаған.
Даўагер тәрепинен шәртнаманы бийкар етиў ҳаққында 2025-жыл
25-февраль күни жуўапкер ҳәмде үшинши шахсқа MR01/01-13/470-санлы,
сондай-ақ, жуўапкерге 2025-жыл 1-июль күни QQ 01/02-05/1712-санлы
усыныслар менен мүрәжат етилген.
Бирақ даўагердиң усыныслары орынланбастан, ақыбетсиз қалдырылған.
ПК 382-статьясының екинши ҳәм үшинши бөлимлерине муўапық,
тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен тек төмендеги
жағдайларда өзгертилиўи яки бийкар етилиўи мүмкин:
1) екинши тәреп шәртнаманы қопал түрде бузса;
2) усы Кодекс, басқа нызамлар ҳәм шәртнамада нәзерде тутылған басқа
жағдайларда.
Тәреплерден бириниң шәртнаманы бузыўы екинши тәрепке ол шәртнама
дүзиўде үмит етиўге ҳақылы болған нәрседен көп дәрежеде айырылатуғын
қылып зыян жеткизиўи шәртнаманы қопал бузыў болып есапланады.
ПКниң 384-статьясына тийкар шәртнама қандай формада дүзилген болса,
оны өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы келисим де, егер нызамшылықтан,
4
шәртнамадан яки ис қатнасығы әдетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса,
сондай формада дүзиледи.
Бир тәреп шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы усынысқа
екинши тәрептен қарсылық жуўабын алғаннан кейин ғана яки усыныста
көрсетилген ямаса нызамда я болмаса шәртнамада белгиленген мүддетте,
бундай мүддет болмағанда болса - отыз күнлик мүддетте жуўап алмағанынан
кейин, шәртнаманы өзгертиў яки бийкар етиў ҳаққындағы талапты судқа
усыныўы мүмкин.
Шәртнаманың 7.2-бәндине муўапық, егер усы шәртнама имзаланғаннан
кейин тәреплерден бири усы шәртнама бойынша өз миннетлемелерин орынлай
алмаса яки оларға әмел етпесе ямаса усы шәртнама имзаланғаннан кейин
қәлеген ўақытта, шәртнаманың 8-бөлиминде көрсетилген қайсыдур кепиллик
надурыс
яки
алжастырыўшы
екенлиги,
тәреплердиң
қандайдур
миннетлемелерге әмел етпегенлигин көрсетиўши қайсыдур жағдай яки ҳәдийсе
тәреплердиң бирине мәлим болып қалса, бундай жағдайда жәбирлениўши тәреп
белгиленген тәртипте усы шәртнаманы бийкар етиўди ҳәм жеткизилген
зыянларды қаплаўды талап қылыўға ҳақылы.
Соның менен бирге, шәртнаманың 7.5-бәндине муўапық, усы
шәртнаманың 5-бөлиминде нәзерде тутылған мүддетлер тамамланғаннан кейин
сатып алыўшы тәрепинен үш ай даўамында усы шәртнамада нәзерде тутылған
көринислерде ҳәм көлемлерде инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелер
орынланбаған (яки лазым дәрежеде орынланбаған) жағдайда, сатыўшы усы
шәртнаманы белгиленген тәртипте бийкар етиўге ҳақылы.
Бунда сатыўшы сатып алыў төлемлериниң 15 пайызы муғдарында сатып
алыўшыға жәрийма қоллайды ҳәм объектке киритилген инвестициялар бөлеги
сатыўшы ҳәм баланста сақлаўшы тәрепинен сатып алыўшыға қайтарылмайды
ҳәм компенсация қылынбайды.
Сол себепли даўагер даўа арзасында жуўапкерден сатып алыў
төлемлериниң 15 пайызы муғдарында, яғный 3 975 000 сом жәрийма
өндириўди де сораған.
Сонлықтан суд даўагердиң даўа талаплары тийкарлы деп есаплап, исте
қатнасыўшы шахслар ортасында 2024-жыл 28-февраль күни дүзилген
745576/123-23-санлы алды-сатты шәртнамасын бийкар етиўди лазым тапты.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының
2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлық яки
лазым дәрежеде орынламағанлық ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
қарарының 4-бәнди бойынша ПКниң 326-статьясына муўапық суд қарыздар
тәрепинен
миннетлемелердиң
орынланыў
дәрежесин,
миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген.
5
ПКниң 326-статьясына көре, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сай емеслиги көринип турса,
суд неустойканы кемейтириўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай
дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий
жағдайы, сондай-ақ, кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтириў ҳуқықына
ийе.
Сонлықтан, суд жуўапкер тәрепинен миннетлемелердиң орынланыў
дәрежесин, жәрийманың толық ѳндирилиўи жуўапкердиң экономикалық
жағдайына кери тәсир кѳрсететуғынлығын ҳәмде даўагердиң мәплерин
итибарға алып, жәрийманы 1 192 500 сомға қанаатландырыўды, қалған бѳлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши, екинши ҳәм алтыншы
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп мәмлекетлик
бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп есабынан қапланады.
Егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы
талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген
ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд
қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым
болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери
жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым.
Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына
қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарлары 2-бәндиниң «а»
киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының
2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем
болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы, “б” киши бәндинде мүлкий емес түске
ийе даўа арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында
мәмлекетлик бажы, сондай-ақ, Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
Президиумының 2024-жыл 29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық
ислер бойынша базалық есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта
қәрежети тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 4-сентябрь күни
автоматик рәўиште қәлиплестирилген 252479403682-инвойс рақамлы квитанция
менен 41 200 сом почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине шәртнаманы
бийкар етиў талабы бойынша 4 120 000 сом, жәрийма ѳндириў талабы бойынша
412 000 сом, жәми 4 532 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм даўагердиң пайдасына
6
41 200 сом почта қәрежетин ѳдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Даўагер Қ***ы, жуўапкер «M*** S***» жуўапкершилиги шекленген
жәмийети ҳәм үшинши шахс Мойнақ районы ҳәкимлиги ортасында
2024-жыл 28-февраль күни дүзилген 745576/123-23-санлы алды-сатты
шәртнамасы бийкар етилсин.
Жуўапкер «M*** S***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
даўагер Қ***ының пайдасына 1 192 500 сом жәрийма ҳәм ис бойынша
алдыннан төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бѳлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «M*** S***» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен
республика бюджетине 4 532 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор протест)
келтириўге ҳақылы.
Судья
Қ.О.Хожамуратов