← Назад
Решение #2860916 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2053-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 28-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиеваның
басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокурорының жәрдемшиси ****, Палата ўәкили **** (2025-жыл 21январь күнги 01/-06-429-санлы исеним хат тийкарында) даўагер ўәкили
кәрхана директоры **** (2019-жыл 01-апрель күнги 1-санлы бүйрық
тийкарында) жуўапкер ўәкили **** (2025-жыл 27-октябрь күнги 01-03/1409санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат
палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, тийкарғы даўагер Нөкис
қаласы *****ның мәпин қорғап, жуўапкер *****нан 32 423 557 сом
келтирилген зыян ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы
бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) даўагер *****
(буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ның мәпин қорғап,
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер ***** (буннан
кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан 32 423 557 сом келтирилген зыян
ҳәм почта қәрежетин өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Ғазнашылық хызмети
басқармасы даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын
үшинши шахслар сыпатында иске тартылған.
Уйғарыў нусқасы Нөкис қаласы прокуратурасына жиберилген.
Суд мәжилисинде қатнасқан палата ҳәм даўагер ўәкиллери даўа талабын
қоллап-қуўатлап, жуўапкер тәреп пенен ортасында дүзилген шәртнамаға
тийкар “Ашшы көл” суў бетлерин самалёт жәрдеминде дәрилеўге
келисилгенлигин, сонлықтан **** ЖШЖ менен шәртнама дүзип, самалёт
алдырылғанлығын, бирақ кейин жуўапкер хат пенен мүрәжат етип, самалёт
пенен дәрилеў қадаған болғанлығын ҳәм қол аппаратлары жәрдеминде
дәрилеўге келисилгенлигин, ***** ЖШЖ менен ортасында дүзилген
шәртнамаға көре 32 423 557 сом жәмийетке төлеп бергенлигин, нәтийжеде
зыян көргенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили даўа талабын тән алып,
даўагердиң ***** ЖШЖтине төлеп берген қәрежетлерин қайтарып
беретуғынлығы ҳақкында кепиллик хаты бар екенлигин, бул зыянды толығы
менен төлеп беретуғынлығын билдрип, жазба пикирин судқа усынды.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны тийкарлы екенлиги ҳәм
қанаатландырыў лазымлығы ҳаққында пикир билдирди.
Үшинши шахслар суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар
етилген болса да, суд мәжилисинде өз ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170статьяларына тийкар исти үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз
көриўди мақул тапты.
Суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин, прокурор
пикирин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги
тийкарларға көре даўа арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық,
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Өзбекстан Республикасында суд ҳәкимияты нызам шығарыўшы ҳәм
атқарыўшы ҳәкимияттан, сиясий партиялардан, пуқаралық жәмийетиниң
басқа институтларынан ғәрезсиз ҳалда жумыс алып барады.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, бүйыртпашы ***** тәрепинен электрон
саўда порталына Нөкис қаласында жайласқан “Ашшы көл” суў бетлерин
самалёт жәрдеминде дәрилеў бойынша дағаза жайластырылып бул таңлаў
арқалы 2025-жыл 9-июль күни болып өткен №25110012439316-санлы лоттың
критериясы менен биржа саўдасында конкурс комиссиясының протокол
шешими менен ***** жеңимпаз болып табылған.
Усы конкурс комиссиясының баянламасына тийкар тәреплер ортасында
2025-жыл 14-июль күни 25-санлы хызмет көрсетиў шәртнамасы (буннан
кейин текстте – Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнама Ғазнашылық хызмети басқармасы тәрепинен дизимнен
өткерилген.
Шәртнама шәртлерине көре даўагер “Ашшы көл” суў бетлерин аэроплан
жәрдеминде химиялық препаратлар менен дәрилеў ал жуўапкер көрсетилген
хызметлер ушын хызмет ҳақысын төлеў миннетлемелерин алған.
Шәртнаманың жәми баҳасы 85 243 596,11 сом болып белгиленген.
Сонлықтан даўагер самалёт жәрдеминде хызмет көрсетиў мақсетинде,
Ташкент қаласынан самалёт алдырыў ушын жәми баҳасы 37 000 000 сомлық
2025-жыл 16-июнь күни ***** ЖШЖ менен ортасында шәртнамасы дүзилген.
Усы шәртнамаға көре даўагер Нөкис қаласы аэропортына Ташкент
қаласынан 2025-жыл 28-июль күни СП-30-маркалы “Ашшы көл” суў бетлерин
дәрилеў ушын самалёт алдырған, бул иске қосылған шәртнамалар, фото
суўретлер ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сол дәўирде “ j .uz” электрон саитында көл аймағындағы
турғынлардың пикир усынысларына көре көл бойларын самалёт жәрдеминде
дәрилеў жумыслары алып барыў сол аймақтағы хожалықлардың үй
хайўанларына ҳәм қусларға зыян жеткизилиўи мүмкин деген пикирлер менен
аймақты самалёт жәрдеминде дәрилеўге қарсылық билдирилген.
Усы жағдайларға байланыслы жуўапкер 2025-жыл 28-июль күнги 0102/06-958-санлы хаты арқалы даўагерге самалёт жәрдеминде дәрилеў
жумысларын тоқтатып, қол аппаратлары жәрдеми менен көлди дәрилеў керек
екенлигин, ҳәм қосымша шәртнама дүзиўди, ҳәмде самалётты алдырыў ушын
кеткен қәрежетлерин қаплап беретуғынлығын билдирген, бул иске қосылған
2025-жыл 28-июль күнги 01-02/06-958-санлы кепиллик хаты, 2025-жыл 28июль күнги дүзилген қосымша келисим шәртнамасы ҳәм басқа да ҳүжжетлер
менен тастыйықланады.
Шәртнама шәртлерине тийкар жуўапкер көрсетилген хызметлер ушын
алдыннан 70% төлемлерди әмелге асырғанлығы, даўагер тәрепинен хызметлер
көрсетилгенлиги, иске қосылған 2025 жыл 17 июль күнги төлем
тапсырықнамасы ҳәм 2025 жыл 29-июль күнги исленген жумысларды қабыл
етип алыў бойынша рәсмийлестирилген акт пенен тастыйықланады.
Жоқарыдағыларға тийкарланып даўагер ***** ЖШЖ менен ортасында
дүзилген шәртнамаға тийкар сарыпланған қәрежетлери ақыбетинде зыян
көрген.
Анықланыўынша даўагер тәрепинен ***** ЖШЖне жәми 32 423 557
сом төлеп берилген.
Үйрениў жуўмағы бойынша 32 423 557 сом келтирилген зыян болып
есапланады.
Бул зыянды төлеў бойынша жуўапкерге ескертиў хаты берилген, бирақ
жуўапкер тәрепинен төлем әмелге асырылмаған.
Сонлықтан, даўагер жуўапкерден 32 423 557 сом келтирилген зыянды
өндириў ҳаққында судқа даўа арза берген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар
айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
ПКниң 985-статьясы биринши бөлимине көре, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына ямаса мүлкине жеткерилген
зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа жеткерилген зыян, соның ишинде,
қолдан жиберилген пайда зыян жеткерген шахс тәрепинен толық көлемде
қапланыўы керек.
Өзбекстан Республикасы “Исбилерменлик искерлиги еркинлигиниң
кепиллиги ҳаққында”ғы 2012-жыл 2-май күнги 328-санлы Нызамның 38статьясына тийкар Исбилерменлик искерлиги субъектине жеткерилген
зыянның орны, сондай-ақ бай берилген пайда бул зыянды жеткерген шахс
тәрепинен толык қапланыўы керек. Зыян жеткериўши болмаған шахсқа
нызамда белгиленген зыянның орнын қаплаў мәжбүрияты жүклениўи
мүмкинлиги белгиленген.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 32 423 557 сом келтирилген
зыянды өндириў талабын тийкарлы ҳәм өндириўге жатады деп есаплайды.
ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 32 423 557 сом келтирилген зыян, төленген
41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 648 471,14
сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ :
Даўа арза қанаатландырылсын.
*****нан *****ның пайдасына 32 423 557 сом келтирилген зыян, 41 200
сом почта қәрежети өндирилсин.
*****нан республика бюджетине 648 471,14 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди.
Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар)
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева