← Назад
Решение #2861006 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2084-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 28-октябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили **** (2025-жыл 07-октябрь күнги ЖЕ-02-06/1779-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкерден баслық **** қатнасыўында, даўагер **** АЖниң
жуўапкер Хожели районы **** фермер хожалығынан 11 969 862,36 сом қарыз,
397 000 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша
ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер **** АЖти экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат
етип, жуўапкер **** фермер хожалығынан 11 969 862,36 сом қарыз, 397 000
сом пеня өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде даўаның талапларын тән алатуғынын ҳәм
қарызларын бир ай мүддет ишинде сөндиретуғынын билдирип, нызамлы
шешим қабыл етиўди сорады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин,
ўәжлерин
тыңлап,
даўаның
талапларын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына
тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына
муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине
яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
Усы Кодекстиң 468-статьясына тийкар, энергия тәмийинаты
шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған
тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент
болса қабыл етилген энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде
тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел етиў, пайдаланыўындағы
энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи
пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў асбап ҳәм үскенелериниң сазлығын
тәмийинлеў мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 05март күни 093028- анлы электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳаққындағы
шәртнама дүзилген. Шәртнамаға көре, даўагер жуўапкерге электр энергиясын
жеткизиў миннетлемеси алған. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы
ушын алдын ала 50% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 72статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен тастыйықланыўы
керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен тастыйықланыўы мүмкин
емес деп белгиленген.
Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жуўапкерге
жеткизилгени тастыйықланады. Нәтийжеде тәреплер орталарында 2025-жыл
01-сентябрь күнине дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 11 969 862,36
сом қарыз, 397 000 сом пеня қарызлары көрсетилген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы жуўапсыз қалған
яғный, төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Нәтийжеде қарыз
төленбестен қалған. Бул жағдайда даўаның қарыз өндириў талабы тийкарлы
табылады.
Шәртнаманың 3.12-бәнтине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз
суммасы 50% есабынан аспаған жағдайда пеня төлеў миннетлемеси
жуўапкерге жүкленген. Сонлықтан төлеўди кешиктиргени ушын қарыз
суммасы 50% есабынан аспаған жағдайда 397 000 ом пеня талап қылынғаны
тийкарлы табылады.
Солай етип, суд даўаның талапларын қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 11 969 862,36 сом қарыз, 397 000 сом пеня, 41 200 сом
почта қәрежетин өндириўди мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қанаатландырылсын.
Хожели районы **** фермер хожалығынан **** АЖниң пайдасына
11 969 862,36 сом қарыз, 397 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
**** фермер хожалығынан мәмлекет пайдасына 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов