Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1973 Дата решения 28.10.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8788941b-5cfd-42cf-acbc-f0a7dda6625e Claim ID PDF Hash b366bfbb97772823... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1973-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 28-октябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы фермерлери кеңеси (кейин-Кеңес) ўәкили ***** (2025-жыл 07-октябрь күнги 114-санлы исеним хат тийкарында), даўагер ўәкили ***** (2025-жыл 14-октябрь күнги исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили **** (2025-жыл 16-сентябрь күнги 2-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Кеңес даўагер Тахыятас районы ****ның мәпин қорғап, жуўапкер Тахыятас районы **** ЖШЖнен 380 250 000 сом пул қәрежетин өндириў ҳәмде орталарында 2025-жыл 02-март күни дүзилген 1/1/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Кеңес даўагер ****ның мәпинде жуўапкер **** ЖШЖнен 380 250 000 сом пул қәрежетин өндириўди ҳәмде орталарында 2025-жыл 02-март күни дүзилген 1/1/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкарлаўды сораған. Судтың 2025-жыл 14-октябрь күнги уйғарыўы менен Өзбекстан Республикасы АКБ “ gr b nk” даўа предметине өз алдына ғарезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде Кеңес ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Даўагер суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарлы екенин, себеби өз ўақтында тийисли аванс толеми әмелге асырылғанын, бирақ жуўапкер тәрепинен тамшылатып суўғарыў технологиясы толық енгизилмегенин, шәртнама бойынша акт пенен жер майданын ажратып бере алмаған болса да ени, узынлығы 5х7-метр ҳәм тереңлиги 3-метр суў сақлағыш қазылғанын, бир нешше мәрте басланған жумысларын жуўмақлап бериўди талап қылғанын, жуўмақлаўшы есап-китап әмелге асырыў ҳаққындағы фермер хожалығы мәнзилине жуўапкердиң жоллаған хатларынан хабардар емеслигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаның талаплары тийкарсыз екенин, себеби өз-ара аўыз-еки келисим бойынша даўагерге нақлай 100 000 000 сом бергенин, жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ушын даўагерге 150 000 000 сом бериўи лазым болғанын, бирақ еле бермегенин, шәртнама бойынша акт пенен жер майданы ажратылмағанын, солай болса да геолокация жәрдеминде ени, узынлығы 15х20-метр ҳәм тереңлиги 3-метр суў сақлағыш қазыў ислерин питкергенин, үскенелер толық орнатылғаны себепли жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў кереклиги бойынша бир нешше мәрте рәсмий тәртипте мүрәжат еткенин, электрон формасында жиберген есапбет-фактуралары даўагер тәрепинен тийкарсыз тастыйықланбағанын, нәтийжеде мәселе үнамлы шешилмегенин билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахс банк ўәкили суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд, тәреплердин билдирген түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, төмендеги жағдайларға тийкарланып, даўаның талапларын қанаатландырмаўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер-фермер хожалығы ҳәм жуўапкер орталарында 2025-жыл 02-март күни 1/1/1-санлы кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнаманың 1.1-бәнтинде истеги жуўапкер даўагердиң жер майданына жамғырлатып суўғарыў технологиясы материалларын ҳәм үскенелерин шәртнама шәртлерине муўапық жеткизип бериў, монтаж ислерин сыпатлы орынлап, монтаж ислери жуўмақланыўдан сон даўагерге тапсырыў нәзерде тутылған. Шәртнаманың 3.1-бәнтинде жуўапкер тәрепинен исленген жоба тийкарында орынланатуғын ислер баҳасы барлық салық, жыйымлар ҳәм ажратпаларды өз ишине алған ҳалында 30,42 га пахта майданында жамғырлатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын 760 500 000 сомды қураған. Шәртнаманың 4.1-бәнтине тийкар, даўагер тәрепинен 50% аванс пулы төлеп берилгеннен соң, жуўапкер шәртнама шәртлерин орынлаўға кириседи деп белгиленген. Иске қосылған банк ҳүжжетинде жуўапкердиң банк есап бетине 2024жыл 12-март күни 380 250 000 сом аванс пулларының өткерилгени тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 256-статьясы екинши бөлимине көре, миннетли тәреп шәртнамада белгилеп қойылған миннетлемени орынламаған яки миннетлеме белгиленген мүддетте орынланбаслығы ашық көрсетип турған жағдай бар болған тәғдирде, альтернатив орынлаўды өз жуўапкершилигине алған тәреп өз миннетлемелерин орынламай турыўға яки бул миннетлемени орынлаўдан бас тартыўға ҳәм көрилген зыянды төлеўди талап қылыўға ҳакылы. ПК 644-статьясы биринши бөлимине көре, буйыртпашы пудрат шәртнамасы бойынша альтернатив миннетлемелерин орынламағанлығы, атап айтқанда, материал, үскенелер, техникалық ҳүжжетлерин яки қайта ислеў (обработка) керек болған затты бермегенлиги пудратшының шәртнаманы орынлаўға тосқынлық қылған жағдайларда, сондай-ақ усы миннетлемелер белгиленген мүддетте орынланбағаны анық көрсетип турған жағдайлар бар болғанында (усы Кодекстиң 256-статьясы) пудратшы иске кириспеўге, басланған исиң болса тоқтатып турыўға ҳақылы. Суд даўаның пул қәрежетин өндириў талабы менен келисе алмайды. Себеби шәртнаманың 1.2-бәнтинде, буйыртпашы-истеги даўагер пудратшыжуўапкерге ислерди орынлаў зәрур шараятлар жаратыў, оларды қабыллаў ҳәм төлемди әмелге асырыў миннетлемесин алған. Сондай-ақ, шәртнаманың 5.1-бәнтинде, шәртнама имзаланған күннен баслап үш күн мүддетте егин майданларын арнаўлы белгилер менен ажратқан ҳалда акт бойынша жуўапкерге бериўи лазым. Истеги ҳүжжетлер менен шәртнаманың 1.2, 5.1-бәнтлериниң орынланғаны тастыйықланбайды. Жуўапкер тәрепинен усынылған ҳүжжетлерде жәми 760 500 000 сомлық орынланған ислер бойынша бир тәреплеме 2025-жылдың июнь айы ушын акт дүзилген. Бул акт даўагер тәрепинен имзаланбаған. Тамшылатып суўғарыў технологиясы орынланған деп жуўапкер өзи есаплап, 760 500 000 сомлық 2025-жыл 14-июльдеги, 08,15-августтағы, 14октябрьдеги электрон есапбет-фактураларды тастыйықлатыў мақсетинде даўагерге жоллаған, бирақ есапбет-фактуралар имзаланбаған. Үскенелер толық орнатылғаны себепли жуўмақлаўшы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў лазым екени ҳақкындағы жуўапкердиң 2025-жыл 25-август күнги 6-санлы, 02-сентябрь күнги 7-санлы, 30-сентябрь күнги 8-санлы мүрәжатлары жуўапсыз қалған. Бул жағдайда даўагер ПК 256,644-статьялары нормаларына әмел қылмаған деп баҳалаўға тийкарлар бар. ПК 353-статьясына көре, еки яки бир неше шахстың пуқаралық ҳуқықларың жүзеге келтириў, өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы келисими шәртнама деп аталады. ПК 363-статьясының биринши бөлимине муўапық, суд шәртнама шәртлерин талқылаўда ондағы сөз ҳәм сөзликлерди ҳаслы мәнисин итибарға алады. Шәртнаманың шәрти анық болмаса, оның ҳаслы мәнисин оны басқа шәртлерге ҳәм барлық шәртнаманың мәнисине салыстырыў жолы менен анықлайды. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда, даўаның 380 250 000 сом пул қарежетин өндириў талабын қанаатландырыўға тийкарлар жоқ табылады. Себеби тәреплер шәртнама дүзиўде келисимге келген. ПК 382-статьясы биринши бөлимине тийкар, егер усы Кодексте, басқа нызамларда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар қылыныўы мүмкин. Усы статьяның екинши бөлими 1-бәнтине көре, екинши тәреп шәртнаманы қопал рәўиште бузса, тәреплердиң бириниң талабы менен шәртнама суд тәрепинен өзгертилиўи яки бийкарланыўы мүмкин. Даўаның пул қарежетин өндириў талабы тийкарсыз табылыўы себепли даўаның шәртнаманы бийкарлаў талабы қанаатландырыўсыз қалдырылады. Себеби шәртнаманы бийкарлаў бойынша даўагердиң жуўапкерге берген 2025жыл 12-сентябрьдеги 1-санлы усынысында жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағаны көрсетилген. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даўагер шәртнамаға толық әмел қылмаған ҳәм шәртнама жуўапкер тәрепинен қопал рәўиште бузылмаған деп есаплаўға тийкарлар бар. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясының биринши болими 18-бәнтине муўапық, Кеңес мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери искерлигин жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ3318-санлы қарарының 3-бәнти бесинши хатбасына муўапық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин қорғап судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалар, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли ҳәкимияты органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен наразылық арза усыныў, бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи қорғалып даўа арзасы киритилген фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўаның талаплары қанатландырыў ыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов